Өзбекстан Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигинде Корея Республикасы Инсан ресурсларын раўажландырыў миллий институты (NHI) президенти Ким Че Хван басшылығындағы делегация менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Онда 2022-2024-жыллары Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм NHI менен биргеликте мәмлекетлик хызметти раўажландырыў бойынша жуўапкер басшылар ушын шөлкемлестирилген маманлық арттырыў бағдарламаларының жуўмағы шығарылды. Олардың нәтийжелери додаланды.

К.Хван Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Сөйлесиў даўамында, сондай-ақ, еки тәреплеме бирге ислесиўди күшейтиў, 2023-жылдың октябрь айында қол қойылған Түсинисиў меморандумы шеңбериндеги илажлар көлемин кеңейтиў бойынша пикир алысты.

Кейинги жыллары мәмлекетлик хызметлер ушын Кореяда қысқа мүддетли стажировка ҳәм маманлық арттырыў бағдарламаларын әмелге асырыў көбейтилгени, басшы кадрлардың компетенцияларын баҳалаў (ассесмент) орайының жумысын шөлкемлестириўде тығыз бирге ислесиў, кореялы қәнигелердиң қатнасыўында семинар-тренинг ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында тән алынды.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер бул бағдарларды сәўлелендирген әмелий ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўға ҳәм әмелге асырыўға келисип алды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы