Кеше, 22-май күни Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң орынбасары Узра Зея басшылығындағы АҚШ делегациясын қабыллады.

Ушырасыўда сөз еркинлиги ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары мәселелери додаланған.

«Америка тәрепи ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, ҒХҚ ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети ҳәм Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў бағдарында мәмлекетимизде алып барылып атырған ҳәрекетлерди толық қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди», – деп жазады Саида Мирзиёева.

Қарақалпақстан хабар агентлиги