«Былғары аяқ-кийим, пиллешилик ҳәм гилемшилик тармақларын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Президент Қарары (ПҚ-181-санлы, 20.05.2024 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, Шараф Рашидов районында, сондай-ақ, Ахангаран районында шөлкемлестирилген былғары-аяқ-кийим киши санаат зонасы аймағын кеңейтиў арқалы, былғарыны қайта ислеў ҳәм таяр өнимлер ислеп шығарыўға қәнигелескен былғары-аяқ-кийим санааты кластерлери шөлкемлестириледи.

Санаат зоналары аймағында қурылатуғын өндирис имарат-объектлери исбилерменлерге тиккелей 7 жылға шекемги мүддетке бөлип-бөлип төлеў шәрти менен ямаса ижара тийкарында бериледи.

Аяқ-кийим ҳәм былғары-галантереялық өнимлерди ислеп шығарыў ушын әсбап-үскенелерди сатып алыў мақсетинде сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредитлердиң 3 миллион АҚШ долларынан аслам болмаған бөлеги бойынша процент қәрежетлериниң 6 процент бәнттен жоқары бөлеги, бирақ 5 проценттен көп болмаған муғдарда «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен компенсация етип бериледи.

Сырт елли брендлерди тартқан аяқ-кийим ҳәм былғары-галантереялық өнимлерди ислеп шығарыўшы кәрханаларға «сорсинг» компаниялары ушын жумсалған қәрежеттиң 30 мың АҚШ долларына шекемги бөлеги қаплап бериледи.

Санаат зоналарында шөлкемлестирилетуғын кәрханалар мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салықтан азат етиледи.

ӨзА