Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымлары тәрепинен Президентимиздиң тәрепинен “Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында әпиў етилген шахсларды медициналық тексериўден өткериў, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы  ҳәм оларды социаллық турмысқа бейимлестириў ушын шараят жаратылыўын тәмийинлеўге қаратылған илажлардың жағдайы үйренилди.

Пәрманға муўапық республикамыздан 14 шахс әпиў етилип, соннан екеўине тайынланған жазаның мүддети қысқартылды, үшеўи шәртли,  9 шахс жазадан азат етилди. Оларды медициналық тексериўден өткериў нәтийжесинде 6 шахста түрли кеселлик анықланып, емлениўи тәмийинленди. Сондай-ақ, 9 шахстың бәнтлиги тәмийинленип, биреўине майыплығы болғанлығы себепли емлениў ушын реаблитация орайына жоллама берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги