11-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры, Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы Күшлери Жоқарғы бас сәркардасының орынбасары Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаённың телефон арқалы сәўбетлесиўи болып өтти.

Сәўбетлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Абу-Дабидиң мийрасхорын туўылған күни менен шын жүркетен қутлықлап, дос Әмирликлердиң халқына абаданшылық, табыслар ҳәм тынышлық тиледи.

Сәўбетлесиў ўақтында мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

2019-жылдың март айында Бирлескен Араб Әмирликлерине болған жоқары дәрежедеги сапарда ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Энергетика, санаат, аўыл хожалығы, қаржы, инфраструктура бағдарларында ири биргеликтеги жойбарларды, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларындағы бир қатар әҳмийетли бағдарламаларды әмелге асырыўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.

 

ӨзА