Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров быйылғы жылдың 11-12-март күнлери мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизде болады.

Болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы  қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў  ҳәм беккемлеў мәселелериниң барлық бағдарларын көрип шығыў режелестирилген.

Еки мәмлекет жетекшилери ушырасыўының күн тәртибинен конструктивлик сиясий қатнасықты даўам еттириў, саўда, санаат, транспорт, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў, парламентлераралық ҳәм аймақлараралық байланысларды жеделлестириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм туризм бағдарындағы биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўдың әҳмийетли тәреплери орын алған.

Халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўи қабыл етилетуғыны, сондай-ақ, еки тәреплеме қатнасықлардың түрли бағдарларына байланыслы бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерге қол қойылатуғыны нәзерде тутылған.

Сапар бағдарламасына муўапық Қырғызстан Президенти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң еки палатасының басшылары ҳәм Бас министри менен де ушырасыўлар өткереди, мәмлекетимиздиң санаат кәрханаларының жумысы менен танысады.

 

ӨзА