Елликқала районыныӊ ҳәкими В.Ниязымбетов Москва қаласында болып өткен “FROM FEED TO FOOD” халықаралық көргизбесинде қатнасты.

Сапардан гөзленген мақсет, районныӊ экспорт потенциалын арттырыў, жаӊадан инвестициялық жойбарларды киргизиў, усы арқалы жаӊа жумыс орынларын жаратыў болып табылады.

Район ҳәкими сапары даўамында бир қатар исбилерменлер менен бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барды. Соныӊ менен бирге, ҳәким миграцияда жүрген Елликқала районы пуқаралары менен ушырасып, жағдайлары менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги