Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде усы жыл 20-май күни өткерилген мәжилисте Шоманай районындағы “ГЛК” районлараралық коллекторын реконструкциялаў жумысларын жеделлестириў мәселеси де додаланып, ўазыйпалар белгиленген.

«Қарақалпақстан суў қурылыс инвест» мәмлекетлик кәрханасы жуўапкерлери Суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланған ҳәптелик режеге тийкарланып ҳәм жоқарыда келтирилген мәжилисте белгиленген ўазыйпалар шеңберинде Шоманай районындағы “ГЛК” районлараралық коллекторының реконструкциялаў (2-басқыш) жумысларын үйренди.

Берилген мағлыўматларға қарағанда, бул коллектор 1976-жылы иске түсирилген болып, улыўма узынлығы 86,2 километрди қурайды. Коллектор Тақыятас, Хожели, Шоманай ҳәм Қоңырат районларының, жәми 57 мың гектардан аслам жер майданларының мелиоративлик жағдайының турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди. Әсиресе, усы коллектор Шоманай районы аймағындағы мелиорация тармақларының изей суўын алып шығып кетиўде ҳәм аймақтың егислик майданларында өнимдарлықты арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Өткен жыллар даўамында коллектордың суў өткериў қәбилети төменлегенлиги, аймақтағы суўғарылатуғын майданлардың жер асты изей суўының көтерилиўине алып келди. Сол себепли, ҳәзирги күнде ҳүкиметимиздиң тийисли қарар ҳәм бағдарламалары тийкарында Шоманай районындағы “ГЛК” коллекторының ПК396+00 ден ПК718+00 ге шекемги бөлегинде реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Үйрениў даўамында “ГЛК” коллекторын реконструкциялаў жумысларын әмелге асырып атырған жумысты бөлип алып ислеўши кәрхана “Ворис Чина” ЖШЖ қоспа кәрханасы жуўапкери ҳәм жумысшы хызметкерлерине жумысларды жеделлестириў ҳәм жойбарда белгиленгениндей сапалы орынлаў бойынша тапсырмалар берилди. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта объектте жәми 8 арнаўлы техника ҳәм 12 жумысшы-хызметкерлер бар ҳәм жумыс көлемине қарай қосымша техника және жумысшы күшин тартыўға келисип алынды.

Мағлыўмат ушын, “ГЛК” районлараралық коллекторының жәми 32,2 километрлик бөлегинде реконструкциялаў (2-басқыш) жумыслары белгиленип, соннан 2022-2023-жыллар даўамында 14,5 километрлик бөлеги орынланған. 2024-жылы 17,7 километрлик бөлегинде реконструкциялаў жумыслары белгиленип, соннан бүгинги күнде 8,0 километр бөлегинде реконструкциялаў жумыслары алып барылған ҳәм жумыслар даўам етпекте.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги