Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илаж барысында  айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды.

Атап айтқанда, пуқара М.О. пуқара Ю.Э.ныӊ исеними кирип, оған Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасында ислеўши таныслары арқалы айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде етеди. Буныӊ ушын ол алдаў жолы менен 600 АҚШ долларын алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги