Президент Шавкат Мирзиёев 9-март күни Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында аймақ экономикасын раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў бойынша көрсетпелер берген еди. Буннан кейин, қәнигелер тәрепинен ҳәр бир қала ҳәм райондағы имканиятлар менен машқалалар үйренилип, усыныслар ислеп шығылды. Олар тийкарында, өткен жылы 11-ноябрьде Президенттиң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Таныстырыўда, ең дәслеп, усы қарарды орынлаў шеңберинде инженерлик ҳәм жол инфраструктурасын раўажландырыў, мәҳәлле ҳәм аўылларда турмыс шараятларын жақсылаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өткен жылы Қарақалпақстанда улыўма қуны 436 миллион долларлық 712 жойбар әмелге асырылып, 4 мың 300 ден аслам жумыс орны жаратылған. Быйылғы жылдың январь-февраль айларында болса 52 жойбар орынланып, 300 ден аслам адамның бәнтлиги тәмийинленген.

Бул бағдардағы жумыслар системалы даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, улыўма қуны 887 миллион доллардан зыят болған және 711 жойбар қәлиплестирилген. Тараўлар кесиминде айтқанда, олардың 201 и санаат, 280 и хызмет көрсетиў, 230 ы аўыл хожалығы тармақларында. Барлық жойбарлар нәтийжесинде дерлик 222 миллион долларлық өндирис қуўатын шөлкемлестириў, 100 миллион долларлық импорттың орнын басыў ҳәм 41 миллион долларлық экспортты тәмийинлеў мүмкин болады. 22 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.

Қарақалпақстан жери минерал ресурсларға бай. Оларды қайта ислеп, қурылыс материалларын таярлаў мақсетинде 150 жойбар режелестирилген. Нәтийжеде жылына 1 триллион сумнан зыят өним ислеп шығарылып, қосымша 3 миллион долларлық экспорт етиў имканияты жаратылады. Мәселен, Мойнақ районында керамика ҳәм қамыстан плиталар, Төрткүл районында айна ислеп шығарыў режелестирилген.

Тоқымашылық тараўында 40, фармацевтика бағдарында 16 кәрхана шөлкемлестириў мөлшерленген. Бул кәрханаларда 5 мыңнан аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Олардан бири ­ артемия цистасын қайта ислеў бойынша жойбар. Шаянтәризлилер семействосына киретуғын бул майда жәниўардан таярланатуғын өнимлер медицина, фармацевтика, косметология, аўыл хожалығы сыяқлы көплеген тараўларда пайдаланылады. Сонлықтан 30 миллион доллар есабынан кәрхана шөлкемлестирип, жылына 3 мың 500 тонна артемия цистасын қайта ислеўди жолға қойыў режелестирилген. Оның экспорт қуўатлылығы 30 миллион доллар болыўы мөлшерленген. Бул жерде 500 турақлы, 2 мың мәўсимлик жумыс орны жаратылады.

Боян тамырды терең қайта ислеў бойынша және 13 жойбар қәлиплестирилген. Олардың нәтийжесинде боян өнимлери экспорты муғдарын ҳәзирги 29 миллион доллардан 62 миллион долларға жеткериў мақсет етилген.

Қарақалпақстанның аўыл хожалығы тараўындағы имканиятлары да жүдә кең. Мәселен, шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық бойынша 117 жойбар ислеп шығылған. Олардың нәтийжесинде 7 мыңға шамалас адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Әҳмийетлиси, бул жойбарлардың 24 и гөш, сүт ҳәм терини қайта ислеў, аралас жем ислеп шығарыўға бағдарланған.

Мәмлекетимиз басшысы сырт ел тәжирийбесин қолланған ҳалда, нәсилли шарўашылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти. Ресурсларды толық иске қосып, қайта ислеўди тереңлестириў, халыққа турақлы дәрамат дерегин жаратыў илажлары бойынша көрсетпелер берди.

 

ӨзА