Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Норбоева ҳаял-қызларға бағышланған абырайлы әнжуманда мәмлекетимиз басшысының өз кәсибине садық, қызларымызға ибрат болыўға арзыйтуғын ҳаял-қызлардың үлкен топарын Ўатанымзыдың жоқары сыйлықлары менен сыйлықлаўға байланыслы пәрманы жәрияланатуғынын айтқанында залдағы апа-қарындасларымыздың көзлери қуўанды.

4-март күни Президентимиздиң «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы жәрияланды. Онда түрли тараўлардың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған устаз дөретиўшилер, пидайы ҳаял-қызлар, апа-қарындасларымыздың аты-фамилиялары атап өтилгени ўатанласларымыздың қуўанышына қуўаныш қосты.

Сыйлықланғанлардың дизими шынында да салмақлы. Негизинде мийнеткешлиги менен елдиң нәзерине түскен ҳәр бир ана, устазлар, апа-қарындасларымыз ҳаққында айрықша ири очерклер жазсақ арзыйды. Бәрқулла күйип-писип жүретуғын  анамыз Фарида Абдураҳимова қайсы ўазыйпаларда мийнет етпесин, ҳаял-қызлардың машқалаларын жақыннан ҳәм айрықша үйрениўге итибар қаратып келеди. Ҳәзирги күнде Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитеттиң ҳаял-қызлар  менен ислесиў бөлими баслығы  болып мийнет етип атырған Фарида Йўлдошевна «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды. Ҳақыйқатында да, апаның ҳаяллардың машқаласын  жибинен ийнесине шекем толық үйрениў, олар менен ислесиў алыў шеберлиги көпшилик жасларға да үлги болыўға арзыйды.

Усындай жоқары ҳүрметке мүнәсип көрилген Қарақалпақстан медицина институтының ректоры Орал Атаниязова аналық ҳәм балалалықты сақлаўға өмирин бағышлаған инсан. Медицинадағы аўыр ноқатларға бәрқулла итибар қаратып келген Орал апа илим ҳәм әмелияттың үйлесиклигин өз жумысында табыслы қолланады.

Устазымыз, Өзбекстан халық шайыры Ойдин Ҳожиеваның поэзиясы таңғы нәпестей, бәҳәр суўындай тынық, бийғубар. Ўатан, миллет, саламат әўлад қайғысы,  мәңгилик дәстүрлерди жырлаў оның поэзиясында үстин әҳмийетли. Узақ жыллар жетекши редакцияларда мийнет еткен устазымыздың журналистикадағы дөретиўшилигинде ҳаял-қызлар, бәркамал әўлад тәрбиясы, мәнаўият, тәлим-тәрбия мәселелери Ойдин апаның өзине ғана тән болған көркем шеберлик, зийрек нәзер менен талланады. Устаздың ис-ҳәрекетлери «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықланғаны әдебият ықласбентлериниң жүрегине жақтылық бағышлайды. Ойдин апаға ҳәўес етип қызларына усы нурлы исмди берген шаңарақлар, әдебият, журналистикаға кирип келген дөретиўшилердиң саны шексиз.

Усындай жоқары орденге мүнәсип көрилген Өзбекстан халық артисти Гавҳар Зокирова миллий театр  көркем өнеримиздиң раўажланыўына  үлес қосыўы менен бирге шаңарақлардың бир пүтинлиги, балалардың руўхый дүньясы,  ата-ана меҳринен айырылған ул-қызлар темасындағы дүркин көрсетиўлери жүректи қыйнаса да, булардың барлығы жәмийеттиң аўырыўлыноқатлары болып есаланады.

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған Олмос опа Аҳмедова көп жыллар Ғафур Ғулом үй-музейинде басшы болыўы менен бирге китапқумарлық, миллий әдебиятымызды  үгит-нәсиятлаўда, музейтаныў жумысында жанкүйерлик көрсетип келмекте.

Бәрқулла гөзал ҳәм көркем Насиба Иброҳимованың қоңыраўдай ҳаўазы қулақларымызға емес, жүреклеримизге таңбаланған.  Миллий  мәдениятымыздың раўажланыўында  Насиба Исмоиловнадай пидайылықкөрсеткен инсанлардың үлеси шексиз.

Сыйлықланғанлардың қатарында ең қыйын тараўларда ерлерден қалыспай пидәкерлик пенен мийнет етип атырған апа-қарындасларымыздың барлығы көпшиликти қуўандырды. «Өзбекстан металлургия комбинаты» акционерлик жәмийеттиң электрде  полат еритиў цехының операторы Дилобар Саломова, «Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасының «Наўайы автомобиль қурылысы заводы» өндирислик бирлеспеси участка кран машинисти Дилдор Тилабова қыйын ҳәм оғада аўыр мийнетинен абырайға ерискен, десек қәтелеспеймиз.

Белгили композитор, музыка дүньясының билимданы Ойдин Абдуллаева бириншилерден болып Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлыққа мүнәсип көрилген дөретиўшилерден бири. Оның әдиўли шайырымыз атындағы сыйлыққа шын мәнисте ылайық екенлиги ўатанласларымызға жақсы белгили.

Аўа, сыйлықлар руўхый дүньяға хошамет, дөретиўшилик мийнетке, излениўге күш-ғайрат бағышлайды. Оларда халықтың меҳри, исеними, ҳүрмети, қуўанышы жәмлескен!

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы