Адамзаттың аты тәғдирине айланады, дегени рас екен. Халқымыздың ардақлы перзенти, Өзбекстан халық шайыры Ойдин Ҳожиева қаншадан-қанша дөретиўшилердиң жолын айдын етип, әдебият, журналистиканың үлкен өмир жолына салып жиберген, десек алжаспаған боламыз.

Мәмлекетимиз басшысының пәрманына муўапық, 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни алдында устаз шайырымыз да елимиздиң пидайы ҳаяллары сыяқлы Ўатанымыздың жоқары сыйлығы «Фидокорона хызматлари учун» орденине мүнәсип деп табылды.

5-март күни мәмлекетимиз басшысының, мине, усындай жоқары сыйлығын тапсырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Иброҳим Ғафурова және Ойдин Ҳожиеваның шаңарағына барды.

Устаз шайырымыз елимиздиң жас дөретиўшилерин мудамы қоллап-қуўатлаўшы, меҳрийбан, мәрт, кәсибине садық инсан екени халқымызға жақсы белгили. Ардақлы апамыз Зульфияханымдай ҳақ жол алыў менен бирге, өзи де көплеген жас шайырлар әдебияттың уллы дәргайына қәдем қойыўында, дәслепки дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаўда жанкүйерлик көрсеткен.

Ойдин Ҳожиева поэзия әлемине кирип келиўи менен гөззал қосықлар, миллий журналистикада болса излениўшеңлиги, исеними менен ықласбентлердиң меҳрине еристи. Гөззал дәстүр ҳәм қәдириятларымыз, сақаўат сүйгиш ҳәм мийнеткеш халқымыз, жанажан Өзбекстанымыз, әпиўайы ҳәм кишипейил, соның менен бирге, ҳадал мийнети менен ўатанымыздың раўажланыўына үлес қосып атырған ўатанласлырымыз Ойдин апа дөретиўшилигиниң тийкарғы темасын қурайды.

Бул пазыйлетлер устазымыздың «Шабнам», «Мәнзиллер», «Анам сүйген қосық», «Арзыў гүли», «Тароват», «Дәстанлар», «Мушфиқ онажон», «Хош хабар», «Чашмаларни излайман», «Тамал тоши», «Исеним жулдызлары», «Көзимниң ағы-қарасы», «Паноҳим» сыяқлы шығармаларында анық өз көринисин тапқан.

Устаз көп жыллар даўамында «Гулхан», «Саодат» журналларында бас редактор сыпатында жумыс ислеген. Ойдин апа тек ғана дөретиўшиликти  емес, ал ашық кеўиллиги, қәлби таза екени менен де көплеген жасларға адамгершилик сабағын үйреткен дөретиўши болып есапланады. Ғәрезсизлик жылларында шайырымыздың мийнетлери жоқары итибар ҳәм ҳүрметке мүнәсип деп табылды. Соның ишинде, 1999-жылы Ойдин апа «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң күни кеше жәрияланған «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына бола Өзбекстан жазыўшылар аўқамының ағзасы,  атақлы шайыр Ойдин Ҳожиева «Фидокорона хизматлари учун» орденине мүнәсип деп табылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева сыйлықты шайырға тапсырып, миллий әдебиятымыздың раўажланыўына үлес қосқан устаз дөретиўшилер бәрқулла Президентимиз ҳәм халқымыздың ардағына екенин атап өтти.

– Ўатанымызда мәнаўият, китапқумарлық, әдебият ҳәм көркем өнерге үлкен итибар қаратылмақта, – деди Өзбекстан халық шайыры, «Фидокорона хизматлари учун»  ордениниң ийеси Ойдин Ҳожиева. – Мәмлекетимиз басшысының бундай итибарына жүдә қуўанышлы болдым. Ҳақыйқатында да устаз дөретиўшилер бүгин елимизде шын кеўилден қоллап-қуўатланбақта, итибар ҳәм хошамет таппақта. Оларды мудамы ҳүрмет етемиз!

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы