Нөкисте «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Таңлаўда Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Гүлсара Жоллыбекова – «Жылдың ең Ўатанды сүйиўши ҳаялы», Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқытыўшысы, Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы Инжайым Сейтназарова – «Жылдың ең билимли ҳаялы», Шымбай районындағы «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Азатжан Худайбергенова – «Жылдың ең мириўбетли ҳаялы», «FAYZ TAHIATASH» жеке меншик фирмасы ҳәм «OSIYO KARAVAN XO’JAYLI» жеке меншик кәрханасының баслығы Азиза Исакова – «Жылдың ең исбилермен ҳаялы», «Тамаддун нури» журналының бас редакторы Мунаввара Қурбанбаева – «Жылдың ең жақсы дөретиўши  ҳаялы», Нөкис қаласындағы «Массагет Нукус Тур» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң ис жүргизиўшиси Дилфуза Джиенбекова – «Миллий қәдириятларды улығлаған жыл ҳаялы», Қараөзек районындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Сәрсенгүл Сайымова – «Өз кәсибиниң устасы болған жыл ҳаялы», Елликқала районынан Зулайхо Нуримбетова – «Ибратлы шаңарақтың үлгили үй бийкеси», Әмиўдәрья районындағы «Назархан» аўыл пуқаралар жыйынының мәсләҳәтшиси Гүлжәҳән Ибраимова – «Жылдың ең жақсы руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятшысы» номинацияларының жеңимпазы болды.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси, Денсаўлықты сақлаў, Мектепке шекемги билимлендириў министрликлери менен биргеликте  шөлкемлестирилген дәстүрий илаждың тийкарғы мақсети – ҳәр тәреплеме ибратлы ҳаял-қызларды анықлаў, олардың мийнетин кең жәмийетшиликке таныстырыў, алдыңғы турмыслық және ис тәжирийбесин үгит-нәсиятлаўдан ибарат. Соның менен бирге, шаңарақта, перзент тәрбиясында басқаларға үлги болатуғын, жәмийетлик турмысқа белсене қатнасып киятырған түрли кәсип ийелерин хошаметлеў болып табылады.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.