Президент Ш.Мирзиёевтың денсаўлықты сақлаў бағдарындағы барлық жоқары оқыў орынларының оқыў бағдарламаларын қайта көрип шығыў бойынша тапсырмаларына бола, педиатрия ҳәм емлеў иси бағдарларында оқыў мүддети 7 жылдан 6 жылға, ал, медико-профилактика бағдарында оқыў 6 жылдан 5 жылға қысқарды, соған байланыслы оқыў бағдарламалары да өзгерди.
Президентимиздиң тапсырмаларына муўапық ҳәмде «Өзбекистан Республикасында медициналық билимлендириў системасын буннан былай да реформалаў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Медицина кадрларын таярлаўды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул қарар көплеген түсинбеўшиликлерге шек қойып, студентлердиң, әсиресе, питкериўшилердиң сораўларына анық ҳәм түсиникли жуўап бола алды.
Усы қарарға көре, 2017-2018-оқыў жылында питкергенлерден баслап мәмлекетлик грант тийкарында оқыған студентлер 36 ай даўамында турақлы жасайтуғын жериндеги аўыллық шыпакерлик пунктинде ямаса аўыллық (қалалық) шаңарақлық поликлиникаларында мәжбүрий ислеп беретуғын болды. Егер питкериўши көрсетилген мәнзилде ислеп бериўди қәлемесе, онда мәмлекетке ең кем айлық ис ҳақының 400 есеси (68 млн. 896 мың) муғдарында жәрийма төлейди.
Егер питкериўши магистратурада, клиникалық ординатурада оқыўын даўам еттириўди қәлесе, оған оқыў қадаған етилмейди. Тек питкериўшиниң мәмлекетлик грантта яки шәртнама тийкарында оқыўына қарамастан, магистратураны, клиникалық ординатураны питкергеннен кейин жумыс ислеп бериўи талап етиледи.
2018-жылы Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы жанында қурылып атырған клиниканың иске түсиўине байланыслы усы жерде студентлер тәжирийбе топлаўы мүмкин. Шет еллердиң жетекши оқыў орынлары менен дүзилген шәртнамалар тийкарында олар Австрия, Корея, Германия, Россия мәмлекетлеринде оқыў, тәжирийбе алмасып қайтыў имканиятына ийе болады. Бүгинги күнге шекем 9 қәниге усы раўажланған мәмлекетлердиң клиникаларына барып, алдыңғы тәжирийбелерин үйренип қайтыўға еристи. Сондай-ақ, 11 шет еллик қәниге филиалда тийисли бағдарлар бойынша лекциялар, шеберлик мектебин өтти ҳәм наўқасларға түсиник жумысларын алып барды.
Булардың барлығы саўатлы ҳәм пидайы шыпакерлерди жетистирип шығарыў, халықтың оларға болған исенимин арттырыў жолында әмелге асырылып атырған илажлар болып табылады.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.