Қараөзек районы ҳәкимлиги, Прокуратурасы ҳәм Бәнтликке көмеклесиў орайы биргеликте жақында райондағы экономика ҳәм турмыслық хызмет кәсип-өнер колледжинде бос жумыс орынлары мийнет базары ярмаркасын шөлкемлестирди.
Ярмаркаға район аймағындағы 27 мәкеме, кәрхана ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер өзлеринде бар болған улыўма 215 бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Ярмаркаға түскен бар бос жумыс орынларына жумыссыз жүрген 60 дан аслам пуқаралар қатнасты. Соннан, жумыссыз 34 пуқара өз қәнигеликлери ҳәм уқыбына қарай жумысқа орналастырылды. 26 жумыссыз пуқараға ҳәр қыйлы сораўлар бойынша мәсләҳәтлер берилди.
Ярмарка ўақтында халық өнерментшилиги, китап ҳәм басқа да көргизбелер шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги