Ҳиндстанның «NewDehliTimes»  газетасы 25-январь күни Өзбекстан ҳаққында мақала шығарды.

Жәҳән баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

Бас редактор Анкит Сривастава жазған мақаласында Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық буўынларында әмелге асырылып атырған реформаларды атап өтеди.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти лаўазымына сайланғанынан баслап мәмлекет тек раўажланыў дәўирине гүўа болып қалмастан, ал Орайлық Азияда жетекши мәмлекет сыпатында өз абырайын арттырды. Өзбекстан Президенти халықаралық майданда реформашы , деп тән алынбақта, делинеди мақалада.

2016-жыл 2-сентябрьде мәмлекеттиң Биринши Президенти қайтыс болғанынан кейин Олий Мажлис Өзбекстан Республикасы Президентиниң ўазыйпасы ҳәм ўәкилликлерин атқарыўды ўақтынша Өзбекстан Республикасы Бас министри Шавкат Мирзиёевқа жүклеў ҳаққында қарар қабыл етти. 2016-жыл 4-декабрьде болып өткен Президент сайлаўында Шавкат Мирзиёев 88,6 процент даўыс пенен Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланды ҳәм сол жылдың 14-декабринде ант берген, – деп жазады автор.

Президент Мирзиёев демократиялық реформаларды әмелге асырыў ҳәм экономикалық өсиўди тәмийинлеў мақсетинде турақлы түрде әҳмийетли қарарларды қабыл етип келеди. Оның нәзеринде  сондай бир көринисти көресиз: «Ҳүкимет халыққа хызмет ететуғын ўақыт келди». Мирзиёев Өзбекстанды  саўда ҳәм инвестициялар ушын ашыў, адамлар, идеялар ҳәм технологиялардың еркин ағымына имканият жаратыўға үлкен итибар берди, деп жазады, «NewDehliTimes» газетасы.

2017-2021-жылларда Ҳәрекетлер стратегиясы жаңа Өзбекстан Президентиниң қарасларына муўапық  қабыл етилди. Төмендегилер 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының бес тийкарғы бағдары сыпатында белгиленди:

1) Демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм мәмлекетти модернизациялаўда Олий Мажлис, сиясий партиялардың ролин буннан былай да  күшейтиў;  мәмлекетлик басқарыў системасын реформалаў.

2) Суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеў, судтың абырайын арттырыў, суд системасын  демократияластырыў ҳәм жетилистириў; пуқаралардың ҳуқықы менен еркинликлерин  исенимли қорғаў кепилликлерин тәмийинлеў.

3) Макроэкономикалық турақлылықты буннан былай да беккемлеў ҳәм жоқары экономикалық өсиў пәтлерин сақлап қалыў; структуралық өзгерислерди тереңлестириў, миллий экономиканың жетекши тармақларын модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў есабынан оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыў; аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыў; экономикада мәмлекеттиң қатнасын азайтыў, жеке меншик мүлк ҳуқықын қорғаў ҳәм оның тийкарғы абырайын және де күшейтиў, киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликтиң раўажланыўын хошаметлеўге қаратылған институционаллық ҳәм структуралық реформаларды даўам еттириў;  ўәлаят, район ҳәм қалаларды комплексли ҳәм тең салмақлы социаллық-экономикалық раўажландырыў, олардың бар потенциалынан нәтийжели ҳәм оптимал пайдаланыў.

4) Халықтың бәнтлиги ҳәм реал дәраматларын избе-из арттырыў;  халықты социаллық қорғаў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў; арзан турақ жайлар қурыў бойынша  мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў, халықтың турмыс шараятларының жақсыланыўын тәмийинлейтуғын жол-транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў және  модернизациялаў; билимлендириў ҳәм илим тараўын раўажландырыў, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жетилистириў.

5) Қәўипсизлик, диний кеңпейиллик  ҳәм миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў, терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий сыртқы сиясат тараўындағы тийкарғы бағдарлар болып есапланады.

Шавкат Мирзиёевтиң Президентлиги бул миннетлемелердиң ҳақыйқатқа айланыўын тәмийинледи. Парламент ағзалары халық пенен пикирлесиўи  ҳәм өз округлерине турақлы барыўы усыныс етилген.

Пуқаралық жәмийети шөлкемлери ҳәм ғалаба хабар қураллары еркин шараятта жумыс ислемекте. Мәмлекетте дизимнен өткен пуқаралық жәмийети институтларының саны  жыл сайын көбейип бармақта ҳәм бул сиясий процесстиң  жеделлесиўи есапланады.

Басқарыў жумысында ашық-айдынлық сезилерли дәрежеде жақсыланды ҳәм «TransparencyInternational»дың «Коррупцияны қабыл етиў индекси – 2019» есабатында Өзбекстан 25 текшеге көтерилген.

Әмелдеги Президент узақ мүддет ҳәкимиятта қалса, бул рейтинг әлбетте үзликсиз өсиўде даўам етеди.

Шавкат Мирзиёевтиң экономикалық реформалары унамлы нәтийжелерди бере баслады. Бирақ, COVID-19  пандемиясы глобал экономикалық өсиўге тәсир өткериўден алдын, мәмлекет сезилерли дәрежеде өсиўге ерискен.

2020-жылдың биринши ярымында Өзбекстан ЖИӨниң реал өсиўи биринши шеректеги 4,1 процентке салыстырғанда 0,2 процентти қурайды. Жәҳән банки мағлыўматларына бола, ЖИӨ өсиўи 2019-жылдың биринши ярымында 5,8 процентти қураған. Жәҳән банкиниң болжаўларына  бола, Өзбекстан ЖИӨ 2021-жылы  4,3 процентке,  2022-жылы  4,5 процентке өсиўи күтилмекте.

Орайлық Азия регионында экономикалық өсиў пәтлери 3 процентке шекем жетиўи шамаланғаны итибарға алынатуғын болса, бул итибарға ылайық. Инсан раўажланыў индексиниң 2020-жылғы есабатында Өзбекстан 2019-жылдан өз позициясын 2 текшеге арттырды  ҳәм ҳәзир 106-орынды ийелеп турыпты.

Өзбекстанның банк нызамшылығы (банк ҳаққындағы нызам жойбары соңғы жылларда кең көлемде финанслық секторды тазалаў ўақтында миллийлестирилген ямаса сапластырылған банклердиң бурынғы ийелериниң мүлк ҳуқықларын қайтарып алыўы ямаса пул компенсациясын алыўына тосқынлық етеди) ҳәм жер реформалары (аўыл хожалығы жерлерин сатыў қадаған етилгенлигин бийкарлаў)  Халықаралық валюта қоры тәрепинен де маққуланды.

Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң кредит қәўиплери рейтингинде  мәмлекеттиң абырайы жақсыланды. Жәҳән банкиниң «DoingBusiness» рейтингиниң мағлыўматларына бола, мәмлекет 7 текшеге көтерилип, бизнести дизимнен өткериў бойынша 190 мәмлекет арасында 8-орынды ийеледи ҳәм ең жақсы реформашылардың қатарына киргизилди.

Денсаўлықты сақлаў тараўында Өзбекстанның COVID-19ға қарсы  гүресиўи Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) тәрепинен жоқары  баҳаға еристи: «Өзбекстанда жәмийетшиликтиң жоқары дәрежедеги хабардарлығы, сондай-ақ, қарарлардан хабардар болыў ушын күнделикли жыйналатуғын мағлыўматларды беретуғын Республикалық жумысшы топардың жумысы қатаң жолға қойылған», дейди мәмлекет Президенти.

Сондай-ақ, эпидемияға жуўап ретинде  миллий диагностикалық лабораториялардың саны көбейип, мәмлекет бойлап 60 тармақ жаратылды.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстанның халықаралық абырайын, әсиресе, Орайлық Азияда жетекшилигин арттырды. Пандемия ўақтында Шавкат Мирзиёев инфекция тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша қоспа илажларды ислеп шығыўда басшылық етти. Өзбекстан Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға гуманитарлық жәрдем көрсеткени де итибарға ылайық.

Президент мәмлекеттиң Орайлық Азияда регионналлық бирге ислесиўди раўажландырыўға садықлығын атап өтеди. Өзбекстан Президенти тәрепинен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бсшылығында Транспорт-коммуникация  қатнасықларын раўажландырыў регионналлық орайын ашыў усыныс етилген.

Шавкат Мирзиёев, сондай-ақ, БМШтың Глобал антитеррор стратегиясы бойынша регионналлық қоспа режениң 10   жылығына бағышланған Халықаралық конференция өткерилетуғынлығын қоллап-қуўатлаған.

Өзбекстанның бул усыныслары  менен басламалары Орайлық Азияда экономикалық, регионналлық абырайды беккемлеў менен бирге региондағы қәўипсизликти  де беккемлейди, делинеди мақалада.

Өзбекстан, сондай-ақ, Аўғанстанда  турақлы тынышлық орнатыўға шақырды. Мәмлекет Президенти Аўғанстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына жәрдем бериў мақсетинде БМШ жанында Аўғанстан бойынша турақлы  жумыс ислеўтуғын комитет  шөлкемлестириў басламасы менен шықты.

«New Dehli Times», ишки ҳәм халықаралық ислерде Шавкат Мирзиёевтиң сиясаты табыслы болғанын жазды. Анкит Сривастава мақаланың соңында мәмлекеттиң ишки сиясатында экономика халық абаданлығы ушын хызмет ететуғынына айрықша тоқтап өткен.

– Халықаралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Орайлық Азияда регионналлық қәўипсизликти тәмийинлеўде жетекшиге айланып бармақта, – дейди Анкит Сривастава.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ таярлады,

ӨзА