Нөкисте Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң басламасы менен коммерциялық банклер ҳәм Преспективалы жойбарлар миллий агентлиги экспертлери менен биргеликте шеберлик сабақлары өткерилди.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында өткерилген семинарда Орайлық банктиң жуўаплы хызметкерлери, коммерциялық банклердиң, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының студентлери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, қаржы саўатлылығы пулларды басқарыў, көбейтиў ҳәм турақлы келешекти қурыў менен биргеликте бүгинги күнде пулларды сақлап қалыў  ҳәм қорғаў күннен-күнге шийеленисип бармақта. Соннан келип шығып, шеберлик сабақларында санлы қаржы саўатлылығы, қаржы менен байланыслы алдаўшылықтың түрлери бойынша студент-жасларға интерактив форматта толық мағлыўмат берилди.

Санлы қаржы саўатлылығы – бул интернет, социаллық тармақлар арқалы кеңнен раўажланған, барлық тараўға санластырыў технологиялары кирип барған шараятта заман менен бирге пулларды дурыс басқарыў, аралықтан санлы банк хызметлеринен нәтийжели пайдаланыўға, буннан тысқары, қаржы менен байланыслы алдаўшылықлардан қорғаныўға жәрдем бериўши жетерли билим және көнликпелерге ийе болыўды билдиреди.

Атап айтқанда, спикерлар тәрепинен қатнасыўшыларға санлы қаржы саўатлылығы не, SMS- алдаўшылық, скимминг, фишингтен қорғаныў ушын не ислеў керек, электрон шыжлан, аманаттың түрлери, онлайн аманатлар, санлы идентификация ҳәм виртуал карталар бойынша презентациялар арқалы түсиник берилди.




Семинар даўамында студент-жаслардың арасында интерактив ойынлар шөлкемлестирилди. Белсене қатнасқан жасларға сертификат ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги