Нөкис районындағы «Тақыркөл» АПЖ да жасаўшы Жумабай Хожаниязов балалықтан дийқаншылықтың арасында өсти. Үй қапталындағы қыйтақ жерге егилген палыз өнимлерин тәрбиялап, көгерткен ҳәр қыйлы мийўе нәллеринен жетилген жемислер оның ҳәм шаңарақ ағзаларының мийнетлериниң жемиси.
Ол шаңарақ ағзалары менен биргеликте үй алды қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланып, жерден ҳәр жылы мол дәрамат алып келмекте.
Жумабай аға ҳәр жылы 2 сотых жерге алмурт нәлин жетистирип, нәллерин аўыл турғынларына ҳәм базарға шығарып сатады. Буннан 15-20 млн сўм дәрамат табыўға ериседи.
-Үй алдымызда 25 сотых қыйтақ жеримиз бар. Соның 2 сотыхына 2250 түп алмурт нәлин сабып қойыппан. Қуда қәлесе быйылғы гүзде аўыл адамларына ҳәм басқа да сораған қарайдарларға тарқатаман. Сондай-ақ, алма, шабдал, шийе, қәрели сыяқлы мийўе нәллери менен бирге помидор нәлин де жетистирип атырмыз. Дәраматымыз усы жерден. Жерге меҳир берсең, жер мол өним береди. Соның ушын мийнеттен қашпай, үй қапталындағы бос жатырған қыйтақ жерлерге егин еккен адам шаңарағын жеткиликли қәрежет пенен тәмийинлеўге ериседи,-дейди ол.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги