“Qatar Airways” Дубайда жасалма интеллект технологиясы менен үскенеленген дүньядағы биринши робот стюардессаны көрсетеди.

Робот стюардесса – «Sama” реал ўақыт режиминде сораўларға жуўап бериўи ҳәм авиакомпания жумысы хаққында мағлыўматлар бериўи мүмкин.

Көргизбеге келиўшилер  авиакомпанияның «QVerse” санлы платформасы яки оның жүклемеси арқалы «Sama” менен виртуал байланыс орната алады.

Мағлыўмат ушын: Усы жылдың 6-9 май күнлери Дүнья Саўда Орайында Жақын Шығыстың туризм тараўындағы ең ири «Arabian Travel Market” бизнес көргизбеси болып өтеди.

Ҳәр жылы көргизбеге туристлик компаниялардың ўәкиллери, ҳүкимет делегациялары, журналистлер ҳәм блогерлер қатнасады. Қатнасыўшылар базар перспективалары ҳәм туризм тараўындағы соңғы тенденцияларды додалайды.

                                                                                                                               ӨзА