Усы жыл 27-январь күни Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты  мәмлекетлик музейинде  «Елимиздиң мәрт қорғаўшылары» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Оған әскерий бөлим хызметкерлери, Нөкис қалалық 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары ҳәм устазлары қатнасты.

Онда Ўатан қорғаўшыларға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықлар, сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Бес әҳмийетли баслама»ның әмелде орынланыўын тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.

– Бүгинги күнде жаслар ушын бир қатар имканиятлар жаратылған. Оларды әскерий хызметке таярлаў, шараятлар жаратыў ҳәм жоқары оқыў орынларына кириўи ушын да жеңилликлер жаратылған,  – дейди  әскерий бөлимниң биринши дәрежели сержанты Әскербек Абдурахманов. Жасларымыздың әскерий  тараўға болған қызығыўшылығы олардың ана-Ўатанды қорғаўға  деген перзентлик миннети деп билемен.

Ушырасыў даўамында мектеп оқыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Буннан соң, қатнасыўшылар музей экспозициясын тамашалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги