Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы республикалық оқыў-методикалық орайының  барлық пән методистлери республикамыздың улыўма орта билим бериў мектеплеринеде мастер -класслар  өткермекте.

Бир айдан берли өткерилип атырған бул илаж улыўма орта билим бериў мектеплериндеги дерлик барлық пәнлерден өткерилмекте.

Жақында республикалық оқыў-методикалық  орайының биология пәни методисти С.Тажетдинова  Нөкис районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Улыўма орта билим бериў мектеплеринде биология пәнин оқытыў методлары» атамасында мастер-класс сабағы өткерди.

Оған райондағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң биология пәни оқытыўшылары ҳәм методикалық бирлеспе баслықлары қатнасты.

Мастер-класс өткериўдеги мақсет- әпиўайы шынығыўлар  ҳәм тапсырмалар арқалы оқыўшылардың дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыўдан ибарат.

Интерактив тәризде өткерилген мастер-класс сабағы тыңлаўшылар арасында үлкен тәсир қалдырды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы