Усы жыл 27-январь күни Хожели районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Халықаралық изертлеўлерге таярлық көриўде таяныш  мектеплердиң орны ҳәм әҳмийети» атамасында оқыў-семинары өткерилди.

Оқыў-семинары Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң  сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы  менен  биргеликте өткерилип, оған жоқары оқыў орынларының ректорлары, район ҳәкимлиги, аймақлық халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы басшылары, мектеп жәмәәти қатнасты.

Өзбекстанда биринши мәрте билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша PISA, PIRLS, TIMSS  сыяқлы халықаралық изертлеўлерге қатнасыўға таярлық көрилмекте.

Баслаўыш 4-класс оқыўшыларының оқыў саўатлылығын баҳалаў – PIRLS бағдарламасының тәжирийбе-сынаў изертлеўи өткен жылы октябрь айында өткерилди. Бул бағдарлама бойынша тийкарғы изертлеўлер усы жылдың  апрель айында өткерилиўи белгиленген. Сондай-ақ, 15 жастағы оқыўшылардың оқыў, математика ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша саўатлылығын баҳалаў бойынша PISA бағдарламасының тәжирийбе-сынаўы усы жыл апрель-май айларында өткерилиўи режелестирилген болса,  тийкарғы изертлеўлер 2022-жыл апрель ҳәм май айларында өткериледи.

Усы изертлеўлерге таярлық көриў бойынша өткен жылы  Өзбекстан Республика бойынша  348  таяныш мектеплер белгиленген болып, усы мектеплерден 27 си республикамызда жайласқан. Быйылғы мектеплерге жақын аймақларда жайласқан барлық мектеплер оларға бириктирилип, тренер-оқытыўшылар топарлары бөлинген.

Оқыў-семинарда PISA ҳәм PIRLS  изертлеўлерине таярлық бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, таяныш мектеплериниң лаборатория үскенелери, реактивлер ҳәм керекли компьютер  техникалары менен тәмийинлениўи бойынша жумыслар ҳәм келешек режелер белгилеп алынды.

– Алыс аймақлардағы мектеплердиң  шараяты ҳәм билимлендириўдиң сапасы пайтахттағы мектеплер менен теңлеспесе, бизлер орынларға барып, машқалаларды үйрениўди ҳәм оларды унамлы шешиўди даўам еттире беремиз, – дейди билимлендириў инспекциясы баслығы Улығбек Ташкенбаев. Халықаралық изертлеўлерге мүнәсип таярлық көриў таяныш мектеплер менен бирге ислесиў арқалы әмелге асырылады.

Буннан соң оқыў-семинардың екинши бөлиминде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, аймақлық халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы ҳәм таяныш мектебиниң тәжирийбели профессор-оқытыўшылары, муғаллимлери тәрепинен «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы