2021-жылдың 1-январь жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасы турақлы халқының саны 1 миллион 923 мың 800 адамды қурап, 2020-жылдың басынан берли 25,5 мың адамға (1,3% ке) көбейген. Бул ҳаққында ҚР Статистика басқармасы хабар берди.

 

Қарақалпақстандағы 942,1 мың адам (49,0%) қалалық, 981,7 мың адам (51,0%) аўыллық жерлерде өмир сүрмекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы халқының 50,2% и ер адамлар, ал 49,8% и ҳаял-қызлардан ибарат.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.