Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикалық бирлескен комитетиниң Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң бөлим баслықлары ҳәм аймақлардағы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери басшыларының қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлериниң кәсиплик аўқамының 2020-жыл 26-август күни өткерилген гезектеги бесинши Қуралтайында ажыралып шығыў жолы менен Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы дүзилген еди. Сонлықтан мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларына тийисли болған басланғыш шөлкемлер жаңадан шөлкемлестирилген Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамына бириктирилди.

Мәжилисте,  усы кәсиплик аўқамның Қарақалпақстан Республикалық бирлескен комитетиниң алып баратуғын жумыслары, дүзилиси, өзгешелиги, уйымлараралық статистикалық есап тапсырыў қағыйдалары ҳәм басқа да  мәселелер бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Ендигиден былай, аймақлардағы мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларына тийисли болған 104 басланғыш шөлкем тиккелей Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикалық бирлескен комитетиниң қурамына киреди ҳәм алып барып атырған жумыслары туўралы ҳәр айда мағлыўмат берип барады.

Мәжилисте, хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў, оларға материаллық жәрдем көрсетиў, мәдений-ағартыўшылық илажлар өткериў, денсаўлығын беккемлеўи ушын оларды санаторийларға жибериў ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агетлиги