Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 20-октябрьдеги «Энергияны үнемлейтуғын лампалардың жергиликли өндирисин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 40 Вт.тан жоқары қуўатлылыққа ийе жақтыландырыўшы лампалардың Өзбекстан Республикасында «еркин пайдаланыўға шығарылыўы» қадаған етилген.

Соған қарамастан, усындай нызамсыз ҳәрекетлер бойынша бир қатар фактлер анықланбақта.

Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласында өткерилген оператив илаж даўамында пуқара А.А. сырт елде ислеп шығарылған, ҳеш қандай ҳүжжетлери болмаған 1120 дана  (100W ҳәм 150W қуўатлылықтағы) жақтыландырыўшы лампаларды 3 миллион 600 мың сумға сатып атырған ўақтында иркиўге алынды.

Сондай-ақ, бөлим хызметкерлери тәрепинен усындай 200 дана жақтыландырыўшы лампалар сатылыўының да алды алынды. Нөкис қаласында өткерилген арнаўлы илаж даўамында пуқара П.М. қуўатлылығы 300 W.қа тең жақтыландырыўшы лампаларды 2 миллион сумға сатып атырған ўақтында иркилди.

Ҳәзирги ўақытта анықланған усы фактлер бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги