Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 2021-жыл 21-январьдағы 9-санлы протоколына муўапық:

 

Көпшилик абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары және жоқары оқыў орынлары ректорларының мүрәжатларын есапқа алып, жоқары оқыў орынларының бакалавриатына студентликке усыныс етилип, белгиленген төлемли контракт суммасының белгили бир бөлегин төлеген, магистратураға төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер, оқыўы көширилген (көширип тикленген) ҳәм қайта тикленген студентлердиң оқыўы ушын төлем муғдарының кеминде 50 процентин, сондай-ақ, жоқарыдағы протокол қарары менен төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлердиң оқыўы ушын төлем муғдарын өткериў ҳәм студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2021-жылдың 1-февралы етип белгиленди.

 

Еслетип өтемиз, коронавирус пандемиясы себепли республикамыз халқының төлеў қәбилети төменлегенлигин есапқа алып, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде төлемли контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген ҳәм оқып атырған студентлер және оқыўшылардың оқыўы менен байланыслы болған төлемли контракт қаржылары муғдары 2020-2021-оқыў жылында өзгермейтуғынлығы (көбейтилмейтуғынлығы) белгилеп қойылған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.