Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 27-январь күни жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимизде 30 жасқа шекемги жаслардың саны 18 миллионнан аслам. Бул – халықтың дерлик 55 процентин қурайды. Заман талапларын түсиниў ҳәм әмелге асырыў, тараў ҳәм тармақларды алға баслаўда бул оғада үлкен сүйениш, бийбаҳа ғәзийне болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан жаслары форумы және Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында жас әўлад мәплерине қаратылған әҳмийетли идея ҳәм басламаларды алға қойған еди. 2021-жыл Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы, деп жәрияланды.

Мәжилисте форум ҳәм Мүрәжатта айтылған  усынысларды әмелге асырыў, жаслар менен ислесиў бойынша жаңа системаны енгизиў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

– Жаслар бойынша жуўапкерлер, ҳәкимлердиң жаслар бойынша орынбасарлары, ишки ислер бөлими баслығының орынбасарлары бар. Төменде система  жаратылған. Бирақ, тилекке қарсы, биз күткен нәтийже болмағанлығы ушын мине усындай система жаратып атырмыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент бул жумыслар еки әҳмийетли бағдарда шөлкемлестирилиўи зәрүр екенлигин көрсетип өтти. Бириншиси – жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, кәсип-өнерге оқытыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў болса, екиншиси – жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў болып табылады.

Бүгинги күнде 18-30 жастағылар арасында рәсмий жумыссызлық 17 процент екени атап өтилди. Бул бағдардағы мәселелерди системалы шешиў мақсетинде Республикалық жумысшы топар орынларда ул-қызлардың усынысларын «мәҳәлле кесиминде» үйренбекте. Бул үйрениўлер жасларды кәсип-өнерге оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, олар ушын кредит ажыратыўда  елеге шекем көплеген кемшиликлер сақланып атырғанлығын көрсетпекте. Жаслардың бос ўақтын  мазмунлы шөлкемлестириў бағдарында да көплеген машқалалар бар. Көпшилик мәденият  орайлары, дем алыс бағлары ҳәм спорт комплекслериниң материаллық-техникалық базасы қанаатланарсыз, дөгереклер атына ислеп атыр.

Мәжилисте бул машқалаларды мәнзилли шешиў ушын ҳәр бир район ҳәм қала кесиминдеги тийкарғы ўазыйпалар көрсетип өтилди. Оған муўапық, ҳәкимниң экономика, инвестициялар ҳәм аўыл хожалығы бойынша орынбасарлары – бәнтлик мәселелерине;

салық уйымы, саўда-санаат палатасы ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары жасларды исбилерменликке тартыўға;

ҳәкимниң жаслар мәселелери  бойынша орынбасары – жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге;

район прокуроры, ишки ислер ҳәм қорғаныў бөлиминиң баслықлары – жәмлеспеген жаслар менен ислесиў, жынаятшылықты жылаўлаў, оларда ўатансүйиўшилик сезимин қәлиплестириўге жуўапкер болады.

Быйылғы жылы 500 мың жасты кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Район ҳәм қалаларда дәстүрий ямаса аралықтан оқыў курсларын көбейтиў, жумыссыз жасларды бул система арқалы кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытып, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

– Бир миллион сум берсек те, 10 миллион берсек те, тек оқытыў керек. Пүткил дүньяда алдын оқытпай пул бермейди, – деп атап өтти мәмлекеттиң басшысы.

«Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары және кәсип-өнер колледжлерин әсбап-үскене менен тәмийинлеў, кәсип стандартларын ислеп шығыў ҳәм оқытыўшылардың маманлығын арттырыў ўазыйпалары белгиленди. Оның ушын Азия раўажланыў банкиниң 93  миллион доллар кредитин тартыў мөлшерленген.

«Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеңберинде ул-қызларды исбилерменлерге бириктирип, оларда бизнес көнликпелерин  қәлиплестириў, жеңилликли кредитлер ажыратып, өз жумысын баслаўға жәрдем бериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине орынларда жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў факторларынан бири оларды талап етилип атырған кәсип бойынша қәнигелестириў болып есапланады. Мәжилисте усы ўақытқа шекем жумыссыз халық ҳәм бос жумыс орынлары өз-ара сәйкесликте көрип шығылмағанлығы сын көзқараста талланды.

Мәселен, Ташкент қаласында 26 мың жас жумыссыз. Ҳәзирги ўақытта  бул жерде 77 мың вакант бар, соннан 45 мыңына жоқары мағлыўмат талап етилмейди. Мәмлекетимиз басшысы жасларды кәсипке оқытыў арқалы маманлық категориясын берип, сондай вакант орынларға жайластырыў мүмкин екенлигин атап өтти.

Өзбекстан Президентининң 2020-жыл 13-октябрьдеги «Халықты исбилерменликке тартыў системасын жетилистириў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, дипломы жоқ, бирақ әмелий көнликпеси болған жумыссыз жасларды маманлықты баҳалаў орайларында оқытып, сертификат бериў системасы енгизилди.

Соннан келип шығып, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларында, сондай-ақ, бир қатар жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм ири санаат тармақларында маманлықты баҳалаў орайларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Бул арқалы быйылғы жылдың өзинде 30  мың жигит-қызға қәнигелик сертификатын берип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин екенлиги айтылды.

Исбилерменликти басламақшы болған жаслардың мини-технология ҳәм үскенелерди сатып алыўы ушын субсидия ажыратыў, кредит алыўда қамсызландырыў төлеми бойынша жәрдем бериў ушын тапсырмалар берилди.

Бәнтликти тәмийинлеўде ең үлкен резервлерден бири дийқаншылық етиў ушын жер ажыратыў болып есапланады. Бирақ, өткен жылы бул бағдарда мүрәжат еткен 14 мың жастан тек 3 мыңына жер берилген.

Бас министрдиң орынбасарына орынларда ҳәр 10 гектар егислик жеринен 1 гектарын жасларға дийқаншылық ушын ажыратыў тәртибин енгизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Сондай-ақ, қудықлар қазып, резерв жерлерди жасларға пайдаланыў ушын бериў, қыйтақ жерде лимоншылық, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилик пенен шуғылланыўы ушын кредитлер ажыратыў бойынша  көрсетпелер берилди.

Мәжилисте жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, талантын жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў мәселелери де додаланды.

Музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, мәденият орайлары, музейлер қурыў және оңлаў арқалы оларда жаслардың қамтып алыныўын 30 процентке жеткериў мақсети белгиленди. Оған, быйылғы жылы бюджеттен 150 миллиард сум ажыратылады.

Шетки аймақлардағы мектеплерде үлгили дөгереклер шөлкемлестириў, жасларды ата-бабаларымыздың бай мәдений  мийрасы менен жақыннан таныстырыў, олар арасында  ишки туризмди раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Усы жылы саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, спорт пенен шуғылланатуғын халықтың санын 25 процентке, жаслардың қамтып алыныўын 20 процентке жеткериў мақсет етилген. Балалар бақшасы ҳәм мектеплерди спорт буйымлары менен үскенелеў ушын бюджеттен 100  миллиард сум ажыратылған.

Жуўапкер министрликлерге мектеплерде 20 мың спорт дөгерегин шөлкемлестириў, спорт федерацияларын, халықаралық жарыслардың жеңимпазларын мектеплерге бириктирип, жасларды профессионал спортқа тартыў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Ҳәзирги жаслардың заманагөй технологияларға қызығыўшылығы  жоқары. Өткен жылы 85-парктиң 5 филиалы ҳәм Санлы технологиялар оқыў орайларында 10 мыңнан аслам жаслар сабақ алған.

Бул қамтып алыўды кеңейтиў мақсетинде ҳәр бир районда кеминде бир мектепте 85 –дөгерегин ашыў, және 100 Санлы технологиялар оқыў орайын шөлкемлестирип, 20 мың  жигит-қызды бағдарлаў ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында исбилерменликке оқытыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте жаслардың  социаллық мәселелерине де айрықша  итибар қаратты. Бүгинги күнде 129 жоқары оқыў орнында  500 мыңнан аслам студент оқып атырғаны, бирақ олар жатақхана менен жетерлише тәмийинленбегенлиги көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге студентлердиң үйлерин көбейтиў бойынша таспырма берилди.

Мәмлекетимиз басшысы талантлы жасларды анықлаў, олардың баслама ҳәм умтылысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Өзбекстан ушын 100 идея» жойбарын алға қойды. Жойбар шеңберинде қала ҳәм аўыллардағы интакер жаслардың экономика, билимлендириў, спорт, денсаўлықты сақлаў, мәлимлеме технологиялары сыяқлы тараўлардағы идеяларын әмелге асырыў ушын шараят жаратылады.

Жаслар ислери агентлигиниң ўәлаят ҳәм районлық бөлимлери хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысын  арттырыў бойынша да усыныс билдирилди.

Буннан былай ўәлаят, қала ҳәм районның сектор басшылары жергиликли баспасөз ҳәм социаллық тармақлар арқалы жаслардың машқала ҳәм мәселелери бойынша ислеген жумыслары ҳаққында халыққа есабат берип барыўы белгиленди. Жаслардың бәнтлигин  тәмиийнлеўде жанкүйерлик көрсеткен исбилерменлер, шөлкемлестириўши ҳәм басшылардың хошаметленетуғыны атап өтилди.

Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА