Өзбекстанда президентлик сайлаўлар октябрь айының үшинши он күнлигиниң дәслепки екшембисинде өткерилиўи мүмкин. Бул ҳаққында «Газета.uz»ға Олий Мажлис Нызамшылық палатасының баспасөз хызмети хабар берди.

 

Атап өтилиўинше, президентлик сайлаўлар сәнесин өзгертиў бойынша Конституцияға өзгерис киргизиў мәселеси төменги палата депутатлары тәрепинен сиясий партиялар фракцияларының жыйналысында додаланған.

 

Енди бул мәселе Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде көрип шығылыўы күтилмекте.

 

Егер жаңа тәртип қабыл етилсе, 2021-жылғы президентлик сайлаўлар 24-октябрьге туўра келиўи мүмкин.

 

Мағлыўмат ушын, Конституцияның 117-статьясына муўапық, ҳәзирги ўақытта президентлик сайлаўлар декабрь айының үшинши он күнлигиниң дәслепки екшембисинде өткерилиўи белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.