Қытайда тез жүретуғын поездлардың билетлери 15-июннан 20 процентке қымбатлады, бул ҳаққында тез жүретуғын темир жол линиялары операторларына тйикарланып Yicai баслымы хабар берди. Жақында берилген дағазаларға бола, Ухан ҳәм Гуанчжоу, Шанхай ҳәм Ханчжоу ҳәм Шанхай ҳәм Кунмин аралығында қатнайтуғын, саатына 300 километр тезликте жол басатуғын поездлардың билетлери қымбатлайды.

Соңғы мәрте баҳалар 2021-жылдың июнь айында көбейтилген, Шанхай-Пекин тез жүретуғын поездына екинши категориялы билетлер 11 процент — 598 юаннан 662 юанға (($85 дан $94 ға) көбейтилген еди. Мағлыўмат ушын: Пекин ҳәм Шанхай арасындағы аралық – 1 207,7 км.

Өткен жылы жолаўшылар санының көбейиўи нәтийжесинде темир жол компанияларының дәраматлары көбейди, сол себепли қорықпастан баҳаларды арттырмақта. Қытай мәмлекетлик темир жоллары, темир жолларда жолаўшы ҳәм жүклерди тасыйтуғын миллий оператор рекорд дәрежеде жыллық дәрамат өсиўине ерисип (39 процент), жәми дәраматы 964,1 млрд юанға ($133,6 млрд) жетти.

2023-жылы Қытайда темир жоллар арқалы 3,68 миллиард жолаўшы тасылды, күнлик жоқары көрсеткиш 20 миллион жолаўшыны, орташа 10 миллионнан аслам жолаўшыны қурады. 2024-жылы Қытай мәмлекетлик темир жол компаниясы жолаўшыларының саны 3,9 миллиардқа жетиўин ямаса 5 процентке өсиўин күтпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги