Колумбияның Богота қаласында U-20 жастағы жаслар арасында қылышласыў спортының сабля түри бойынша өткерилип атырған жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы ағзалары командалық беллесиўлерде де табыслы қатнасып, алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтқанда, Наргиза Жақсыбаева, Аякөз Жумамуратова, Самира Шокировадан ибарат қызларымыз финалда мексикалыларды 45:20, Сардор Абдукаримбеков, Муса Аймуратов ҳәм Алпамыс Орақбаев қурамындағы жигитлеримиз де майдан ийелерин 45:28 есабында жеңип шығыўға еристи.

Солай етип, сайланды командамыз чемпионатты 3 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 қола медальлары менен жуўмақлады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы