Экономика  ҳәм қаржы министрлиги мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, быйылғы жылдың 10-январына шекем “Davlatauditi.uz” мәлимлеме порталында пуқаралар қатнасыўындағы аудит системасы шеңберинде қадағалаў объектлерин таңлаў процеси өткерилмекте.

Бүгинги күнде мәмлекеттиң қаржы ресурсларын нәтийжели басқарыў ҳәм бюджет қаржыларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде қаржы қадағалаўы ҳәм аудит системасы жетилистирилмекте. Сол себепли, министрлик ҳәм уйымлар ишки аудит структуралары жумысының ашықлығын тәмийинлеў ушын пуқаралар қатнасыўындағы аудит системасы енгизилди.

Бул система Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 10-июньдағы «Пуқаралар қатнасыўындағы аудит өткерилетуғын объектти анықлаў ҳәм мәмлекетлик қаржы қадағалаўы уйымларының жумыс нәтийжелилигин жәмийетшилик тәрепинен баҳалап барыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында ислеп шығылған.

Қарар пуқаралардың аудит процесслеринде қатнасыўын тәмийинлеў, қадағалаў илажларын ашық-айдын ҳәм нәтийжели өткериўге қаратылған.

Пуқаралар 10-январьға шекем «Мәмлекетлик аудит» бағдарламасында министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен қаратылған шөлкемлер дизиминен қадағалаў илажын өткериў керек, деп есапланған объектлерди таңлаў имканиятына ийе.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА