Тийисли ўазыйпалар белгиленип алынды

344

Тақыятас районында аўыл хожалығын буннан былайда раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўақытларда ислениўи керек болған ўазыйпаларды түсиндириў мәселелери  бойынша семинар болып өтти. Онда республикамыздан бириктирилген ўәкиллер, тараў қәнигелери ҳәм фермерлер қатнасты.

Семинарда Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм техологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде тараў жаңа раўажланыў басқышына көтерилип атырғанлығы атап өтилди. Сондай-ақ, 2025-жылдың өними ушын аўыл хожалығы егинлери егилетуғын егислик майданларды шүдигарлаў, лазерли тегислеў, шорды жуўыў, ғәлле тәрбиясы, каналларды бетонлаў ҳәм бәҳәрги егиске техникаларды сазлаў сыяқлы мәселелер де сөз етилди.

Бүгинги күнде аграр тараўды раўажландырыў мақсетинде жаратылып атырған жаңа имканиятлар менен шараятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилип, ислениўи керек болған ўазыйпалар белгиленип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги