Өзбекстан елшиси Алишер Тўхтаев Пакистанның Карачи қаласында TCS транспорт-логистика компаниясының басшысы Халид Аван менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында «Дунё» мәлимлеме агентлиги хабар берди.

Сөйлесиўде еки мәмлекет саўда байланысларының избе-излигин тәмийинлеў, товарларды өз ўақтында ҳәм сапалы жеткерип бериў механизмлери, мәмлекетлеримиздиң транспорт-транзит потенциалынан толық пайдаланыў мәселелери додаланған.

TCS басшысы Халид Аван Пакистан ҳәм Өзбекстан арасында авиакарго хызметин жолға қойыўға таяр екенин билдирген. Оның атап өтиўинше, бул хызмет түри тез айныйтуғын ҳәм қысқа мүддетлерде жеткерип берилиўи зәрүр болған өнимлерди тасыўда кең имканиятлар жаратады.

«Орайлық ҳәм Қубла Азия регионаллық байланыслылық басламасы Өзбекстан ҳәм Пакистанның транзит тасыўлардағы имканиятларын толы иске қосыў, ҳаўа, автомобиль ҳәм темир жол инфраструктуралары потенциалынан ақылға уғрас пайдаланыў, еки тәреплеме саўда көлемлерин максимал арттырыўға хызмет етеди»,  – дейди Халид Аван.

Сондай-а, Пакистан ҳәм Өзбекстан арасындағы транспорт/транзит тасыўларының үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде компания өз-ара альтернатив бағдарларды ислеп шыққанын ҳәм пайдаланып атырғанын, бул жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардан тез шығып кетиў имканиятын берип атырғаны атап өтилген.

Буннан тысқары, компания Европа ҳәм Америка мәмлекетлери менен туризм бағдарындағы бирге ислесиў тәжирийбеси тийкарында Өзбекстан менен де байланысларды жолға қойыў, TCS бас офиси жанында «Uzbekistan visa facilitation centre» визаға жәрдемлесиў орайын шөлкемлестириў режелестирилип атырғанын мәлим етти, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги