Жергиликли бағдарлардағы жолаўшы поездлардың билет баҳалары да қымбатлайды

304

2025-жыл 1-февральдан баслап жергиликли жөнелистеги (жатақлы) жолаўшы поездлар билет баҳасының тариф бөлимин 10,5 процентке арттырмақта.

Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жоллары» АЖ рәсмий каналында мәлим етилди.

Компанияның мәлимлеме хызметине бола, бул «жолаўшы тасыў тараўда қаржылай зыянларды салыстырмалы қысқартыў, темир жол инфраструктурасы қәрежетлери, электр энергиясы, жанар май ҳәм транспорт қәрежетлерин қаплаў, сондай-ақ, жолаўшы вагонлар паркин жаңалаў, темир жол вокзалларының жумысын жаңаша заман талапларына муўапық алып барыў ҳәм жолаўшыларға сапалы хызмет көрсетиў, соның менен бирге, республикадағы инфляция дәрежеси» менен байланыслы, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги