Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының гезектеги мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине айырым түрдеги  темеки өнимлериниң, темекини ҳәм никотинди пайдаланыў қурылмаларының, соның ишинде электрон сигареталардың айланысын қадаған етиў ҳәм жуўапкершилик белгилеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар еиргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылды.

Фракция ағзаларының атап өтиўинше, соңғы жыллары темеки ҳәм никотин өнимлериниң «заманагөй» ҳәм «инновациялық» түрлери, никотинди жеткерип бериў қурылмалары, электрон сигареталар ҳәм олар ушын суйықлықлар ҳәм қыздырылатуғын темеки өнимлериниң мәмлекетимизге нызамға қарсы түрде алып кириў жағдайлары ҳәм айлынысы артып бармақта.

Буннан тысқары, бул өнимлерди халық, әсиресе, жаслар арасында пайдаланыў жағдайлары көбейди.

Усы нызам жойбары менен республика аймағында айырым түрдеги темеки өнимлериниң, темеки ҳәм никотинди пайдаланыў қурылмаларының, соның ишинде, электрон сигареталарды ислеп шығарыў, таярлаў, өткериў мақсетинде оларды сақлаў, тасыў яки өткериў қадаған етилмекте. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы аймағынан алып шығыўға тәсиршең илаж сыпатында ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгилениўин нәзерде тутпақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги