Бүгин Австралияның Мельбурн қаласында теннис бойынша «Үлкен  Дубылға» дүркинине кириўши жылдың ең ири төрт жарысының бирине старт берилди.

Әҳмийетли тәрепи сонда, Өзбекстанның биринши ракеткасы Ҳумоюн Султонов Австралия ашық чемпионатының таңлап алыў басқышында колумбиялы Даниэль Элахи Галан менен ушырасып, өз қарсыласын  6/3, 6/7(2), 7/5 есабында жеңип шығыўға еристи.

Бул ойын еки теннисши арасындағы екинши беллесиў болып, олардың бириншиси буннан 8 жыл бурын Италияның Леччо қаласында өткерилген ITF турнири шеңберинде өткерилип, онда Султонов 3/6, 7/6, 6/4 есабында жеңиске ерискен еди.

Галан үстинен ерисилген жеңис арқалы Ҳумоюн Султонов 8 упайды қолға киргизди.

Султонов турнирдеги өзиниң екинши ойынын 8-январь күни таңда чехиялы Далибор Сврчинаға қарсы өткереди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы