Өзбекстанда автомобильлерди қайта дизимнен өткериў ушын жыйым сезилерли дәрежеде төменлетилди, деп жазады Norma.uz.

Белгиленгениндей, Ишки ислер министрлигиниӊ «Дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгилерин ҳәм қатаӊ есаптағы бланкаларын бериўде; автомототранспорт қураллары, олардыӊ тиркемелери (ярым тиркемелери) н дизимнен өткериўде, қайта дизимнен өткериўде, мәжбүрий техникалық тексериўден өткериўде, сондай-ақ, имтиханларды алыўда өндирилетуғын төлемлердиӊ ставкаларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы буйырығы қабыл етилди.

Өзгерислерге бола, автомототранспорт қуралларын, электромобильлерди, автомототранспорт қуралларын ҳәм тиркемелерин қайта дизимнен өткериў ставкасы БЕМ ниӊ 10 процентин (34 мыӊ сум) қурайды.

Буған шекем электромобильлер, автомототранспорт қураллары ҳәм тиркемелерин қайта дизимнен өткериў ушын 1,5 БЕМ (510 мыӊ сум), басқа транспорт қуралларын дизимнен өткериў ушын болса 6,84 БЕМ (2,3 миллион сум) төлеў керек еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги