Қарақалпақстан көркем өнер сарайында 12-май- Халық аралық мийирбийкелер күни кәсиплик  байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамыныӊ Қарақалпақстан Республикасы кеӊеси  менен биргеликтеги байрам илажы өткерилди.

Илажда сөзге шыққанлар мийирбийкелик кәсиптиң машақатлары, халықтың денсаўлығын сақлаўда олардың қосып атырған үлеслери ҳаққында сөз етип, усы кәсип ийелериниң  жумысларында табыслар тиледи.

Буннан соң денсаўлықты сақлаў тараўындағы жемисли хызметлери ушын бир қатар орта буўын медицина хызметкерлери, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң “Ҳүрмет жарлығы” ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Соның менен бир  қатарда орта буўын медицина хызметкерлери арасында өткерилген «Жылдыӊ еӊ жақсы орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкери» таӊлаўыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышыныӊ жеңимпазлары да министрлик ҳәм кеңестиң биргеликтеги дипломлары ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Байрам илажы көркем өнер тараўы хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги