Усы жыл 22-январь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылына арналған «Жаңа Өзбекстанның ғәрезсиз жаслары» атамасында концерт бағдарламасы өткерилди. Оған филиал студент-жаслары,  профессор-оқытыўшылар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда жасларды көркем өнердиң барлық түрине кеңнен тартыў бағдарында жүргизилип атырған жумыслар кең түрде атап өтилип, жыйналғанларға филиалдың «Тумар» аяқ ойын ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди. Жанлы ҳаўазда атқарылған йошлы қосықлар  қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

“Тумар” аяқ ойын ансамбли 2018-жылы студент-жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде ансамблимиз елимиздиң Ғәрезсизлик,  Наўрыз байрамлары ҳәм басқа да концерт бағдарламаларында қатнасып, халқымыздың жүрек төринен орын алып келмекте, – дейди ансамбльдиң көркемлик жақтан басшысы, “Халық дөретиўшилиги” кафедрасының хореграфия пәни оқытыўшысы Есназар Халмуратов.

Илаж соңында жаслардың талантын жүзеге шығарыўда үлес қосқан профессор-оқытыўшылар филиал директоры тәрепинен хошаметленди.

 

Ж.Искендеров,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги