Бүгин, 25-январь күни Нөкис қаласы «Жеке терек» МПЖ аймағындағы халық көмеги менен қурып питкерилген «Муҳаммад Бахий ийшан» мешити өз жумысын баслады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының «Paziylet.uz» сайты хабар берди.

Мешитке Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң арнаўлы гүўалығы тапсырылды.

 

Усының менен Нөкис қаласындағы мешитлер саны төртеў, республикамыздағы мешитлер саны болса 52 ге жетти.

 

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстандағы 51-мешит Мойнақ районы «Дослық» АПЖ аймағындағы «Ҳәким ата» (Сулайман Бақырғаний) жәмәәтлик мешити өткен жылдың ноябрь айында өз жумысын баслаған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.