Көпшиликтиң хабары бар, мектеплердеги көплеген жаслар жетекшилери тәрепинен олардың 0,25 ставкасы қысқарыўы менен байланыслы мүрәжатлар көбейген еди.

 

Президент тәрепинен өткен ҳәптеде руўхыйлық-ағартыўшылық жумыслары системасын түпкиликли жетилистириў бойынша өткерилген жыйналыста жаңадан киргизилип атырған дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятлаўшы лаўазымларына жаслар жетекшилеринен 0,25 ставка қысқартыў есабынан емес, ал қосымша қаржы ажыратыў бойынша анық тапсырма берилген. Бул ҳаққында ӨзР Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов хабар берди.

 

«Сонлықтан, қәўетерге орын жоқ! Жаслар жетекгилери енди дыққатын бундай қәўетерлерге емес, ал орынларда өз жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға қатарыўы керек!» – деп жазды Шерматов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.