Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 21-22-январь күнлери Бухара ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы 22-январь күни ерте таңда Баҳоуддин Нақшбанд мавзолейин зыярат етти.

Өткенлердиң естелигине Қуран оқылып, Алла-тааладан елимизге тынышлық-абаданшылық, халқымызға саламатлық ҳәм бахыт тилеп дуўа оқылды.

Бухара қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Мәжилисте Министрлер Кабинети, республика министрликлери ҳәм уйымлары, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық секторлардың басшылары, белсендилер қатнасты.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2020-жыл ноябрь айынан баслап Бухара ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын ўақытша атқарып киятырған Ботир Комилович Зариповтың кандидатурасын ўәлаят ҳәкими лаўазымына усыныс етти.

– Ўәлаятты басқарыў, адамларды талпындырыў аңсат жумыс емес. Оны Зариповтың  өзи де түсинип атыр. Мен оны түрли лаўазымларда сынағанман, ақырғы үш айда ҳәкимниң ўазыйпасын атқарыўшы сыпатында сизлер де сынадыңыз. Бухараның суўын ишип, шаңын жутып өскен жигит ўәлаяттың шараятын жақсы биледи. Ең әҳмийетлиси, бухаралыларды жақсы көреди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Б.Зарипов 1969-жылы Ғиждувон районында туўылған. Банк тараўында түрли лаўазымларда ислеген. 2016-2020-жылларда республикалық қурылыс материаллары санаатын басқарған.

Халық депутатлары, ақсақаллар шығып сөйлеп,  талабанды қоллап-қуўатлады. Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Ботир Зарипов Бухара ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

– Бухарадай уллы жерге, оның уллы халқына басшы болыў ҳәммеге де несип етпейди. Әне усы исеним бәрқулла қулағыңыз астында турсын. Күнлер, жыллар тез өтеди. Егер бухаралылар «ўәлаятымызға дурыс кадр келген екен», деп разы болса, мен де өзимди қуўанышлы сеземен, – деди Президент.

Сондай-ақ, ўәлаят ҳәкиминиң биринши орынбасары лаўазымына инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасары лаўазымында ислеп келген Нозимжон Холмуродов, Бухара ўәлаятының прокуроры ўазыйпасына Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары болған Маҳмуд Истамов және Вобкент районы ҳәкими лаўазымына Фарҳод Умаров тайынланғанлығы мәлим етилди.

Мәжилисте Өзбекстан Президенти Шавкат Мизиёев аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў ўазыйпалары бойынша баянат жасады.

– Бухараның бүгинги раўажланыўы мақулма, деген сораўға мениң жуўабым: яқ. Басқа ўәлаятлардағы раўажланыўдан 10 жыл изде қалып атыр. Коррупция, парахорлық сапластырылмай атыр. Жалпы аймақлық өнимде аўыл хожалығының үлеси 50 процент екенлиги ески заманнан белгили. Санаат, хызмет көрсетиў, исбилерменлик бойынша ўәлаяттың имканиятлары оғада кең. Район ҳәкимлери, сектор басшыларының дүньяқарасы өзгериўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Орынлардағы машқалалар менен имканиятларды мәҳәлле дәрежесинде үйрениў, халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматын тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша жаңа жумыс системасы енгизилетуғынлығы атап өтилди.

– Енди жәмийетимизде басқаша бағдар болады – мәҳәлле үлкен күшке айланады. Егер мәҳәлле баслығы билимли, пидайы болса, кейпият да, экономика да өзгереди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы мақсетте ўәлаятқа жумысшы топар  жиберилген, қала ҳәм районларға министрликлер, уйымлар ҳәм  коммерциялық банклердиң басшылары бириктирилди.

544 мәҳәллениң ҳәр бири үйренилип, 333 и «қанаатландырарлы», 182 си «орта» ҳәм 29 ы «төмен» раўажланыў категорияларына ажыратылды. Халыққа  дәрамат орайын жаратыў резервлери анықланған.

Мәмлекетимиз басшысы жумыссызлық машқаласына  айрықша тоқтап өтти. Жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм өзин-өзи бәнт етиўшилерге шараят жаратыў бойынша көрсетпе берилди. Шаңарақлық исбилерменлик, жаслар бизнес жойбарларына шараят жаратыў бойынша көрсетпелер берилди. Шаңарақлық исбилерменлик, жаслар бизнес жойбарларына 390 миллиард сум жеңилликли кредитлер ажыратылатуғынлығы белгиленди. Ҳәр бир районда биреўден кәсип-өнер мектеби таңлап алынып, оның базасында моноорайлар шөлкемлестириледи, мәҳәлле кесиминде үйрениў нәтийжесине бола жумыссызлар, жаслар ҳәм ҳаяллар жоқары кәсиплерге үйретиледи.

Бухара ўәлаятында 2021-2022-жыллар ушын улыўма баҳасы дерлик 19 триллион сум болған 713 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген. соннан 555и быйылғы жылы әмелге асырылатуғынлығы, 14 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылатуғынлығы режелестирилген.

Хызмет көрсетиў тараўының потенциалын толық иске қосыў, зыярат туризмин және де раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, ески «Ғиждувон қорғанын» қайта тиклеп, ашық аспан астындағы музей қурыў, Вобкент районындағы «Ширин» аўылын этнотуризм орайына айландырыў, Пешку районының Афшона аўылында «Ибн Сина заманасы» комплексин шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди. Бухара нағыс ойыўшылығы ҳәм зергерлиги халықаралық фестивалын өткериў басламасы алға қойылды.

Социаллық тараўларды раўажландырыў, жаңа билимлендириў ҳәм медицина орайларын шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Усы жылы Бухарада Президент мектеби жумыс баслайды. Математика, мәлимлеме технологиялары, химия-биология ҳәм физикаға қәнигелестирилген 16 мектеп шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, 18 мектепти реконструкциялаў белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

– Жасларда оғада көп идея, умтылыс бар. Оларға шараят жаратып, ийинлес болсақ, олар оғада үлкен күш, қүдирет, имканият ҳәм келешектиң ийеси болады, – деп атап өттти Шавкат Мирзиеёв.

Сессияда инфраструктураны раўажландырыў, ишимлик суўы ҳәм ақаба тармағын жақсылаў, жоллар қурыў ҳәм оңлаў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

– Мен барлық ўәлаятларымызды жақсы көремен, хүрмет етемен. Бирақ Бухараның имканиятлары, потенциалы ҳеш бир ўәлаятта жоқ. Бул жерге қудай берген, оның ҳәр бир қарысы тарийх, илим. Бухаралылар оның қәдирине жетсе ҳеш қашан  кем болмайды, – деди соңында мәмлекет басшысы.

Президентимиз Бухара қаласының Низамий мәҳәллесинде қурылған заманагөй турақ жайларды барып көрди.

Бурын бул аймақта пәскелтек салынған, канализациясы жоқ жайлар болып, қаланың көркин бузып туратуғын еди. Өткен жылы   бул жерде 7 қабатлы заманагөй жайлар, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары қурылды.

Шавкат Мирзиёев мийнет ветераны Неъмат ата Ҳотамовтың үйине кирди. Дастурхан әтирапында шын жүректен сәўбетлести.

Бул шаңарақ алдын усы мәҳәлледеги ески үйде жасайтуғын еди. Енди ҳәмме усы заманагөй кварталда жасап атырғанынан разы.

Мәмлекетимиз басшысы халқымыз мине усындай заманагөй шараятларда жасаўға мүнәсип екенлигин атап өтти.

Усы жерде Бухара ўәлаятында автомобиль жолларын қурыў ҳәм оңлаў, Бухара қаласында суў объектлерин қурыў, ески  көп қабатлы жайлардың келбетин жаңалаў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди.

Соның менен Президентимиздиң Бухара ўәлаятына болған сапары жуўмақланды.

 

ӨзА