Ҳүрметли депутатлар ҳәм сенаторлар!
Әзиз ўатанласлар!
Ҳүрметли мийманлар!
Бүгин биз бәршемиз әзиз ўатанымыздың сиясий турмысындағы әҳмийетли ўақыяда қатнаспақтамыз.
Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен биринши мәрте елимиз парламенти-Олий Мажлиске Мүрәжаты усынылмақта.
Сизлерге жақсы белгили, дүньядағы көпшилик раўажланған еллерде мәмлекет басшысының миллий парламент ағзалары жанында ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли сиясий, социаллық-экономикалық мәселелер ҳәм жәмийетти демократиялық раўажландырыў бойынша Мүрәжат пенен шығыў тәжирийбеси бар.
Мәмлекетлик басқарыўдың бундай демократиялық усылы бүгин Өзбекистанда алып барылып атырған кең көлемли реформалар, бәринен бурын, халық пенен пикирлесиў принципине оғада үйлесимли және үнлес болып, бизиң жумысымыздың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди, деп ойлайман.
Бүгинги абыройлы әнжуманда Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы ағзалары менен бирге, видеоконференция байланыс системасы арқалы район, қала ҳәм ўәлаятлардағы жергиликли Кеңеслерге сайланған халық депутатлары ҳәм барлық буўындағы атқарыўшы ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының басшылары, мәмлекетлик емес шөлкемлер менен жәмийетшилик ўәкиллери қатнаспақта.
Раўажланыўымыздың жаңа басқышы болған 2017-жылда әмелге асырылған тийкарғы жумыслардың жуўмағы ҳәм Өзбекистан Республикасын 2018-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ең әҳмийетли бағдарларына бағышланған Мүрәжатты итибарыңызға усыныўға руқсат еткейсиз.
Бәринен бурын, жыл даўамында елимизди буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған мақсет ҳәм ўазыйпаларды орынлаў ушын мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң бар күши және имканиятлары жумсалғанын атап өтиў зәрүр.
Бул бағдарда «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген илажларды әмелге асырыў әҳмийетли қәдем болды, десек, әйне ҳақыйқат болады.
Елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар халқымыз тәрепинен қоллап-қуўатланбақта. Бул өзгерислердиң дәслепки нәтийжелери халқымыздың өмиринде ҳәм күнделикли турмысында өзиниң айқын көринисин таппақта, ел-журтымыздың жәмийетлик белсендилиги, ертеңги күнге исеними артып бармақта.
Биз елимиз турмысына байланыслы ҳәр бир қарарды халқымыз бенен мәсләҳәтлесип, тиккелей пикирлесиў тийкарында қабыл етпектемиз. «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген идея бул бағдардағы жумысымыздың өлшемине айланбақта.
Мәмлекетлик хызметкерлер, бәринен бурын, биринши басшылар тек кабинетте отырмай, орынларға барып, халықты тәшўишлендирип атырған ең әҳмийетли машқалалардың әмелий шешими менен шуғылланбақта.
Усы мәнисте 2017-жыл халық пенен жақыннан пикирлесиў, оның дәртин, тәшўишлерин, турмыслық машқалаларын нәтийжели шешиў бойынша жаңа система жаратылған жыл болды, деп айтыўға толық ҳақылымыз.
Бул системаның тийкары болған Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары ҳәм Виртуал қабыллаўханасы пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўдиң өзине тән демократиялық институты сыпатында әмелде өзин ақламақта.
Қысқа мүддетте, әне, усы қабыллаўханаларға бир ярым миллионнан аслам пуқара мүрәжат еткени ҳәм қаншадан-қанша адамның жыллар даўамында шешилмеген машқалалары унамлы шешилгени Өзбекистанда халық ҳәкимияты атына ғана емес, әмелде енгизилип атырғанын көрсетпекте. Орынларда басшылардың жол қойылған қәте-кемшиликлерди тезден сапластырыў бойынша жеке жуўапкершилиги күшейгени бул системаның әҳмийетли нәтийжеси болды.
Халқымыздың усындай мәплерин есапқа алып, социаллық әдилликти тәмийинлеў бойынша ең әҳмийетли институт болған суд-ҳуқық тараўында, прокуратура ҳәм ишки ислер уйымлары системасында да үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Бул туўралы Өзбекистан Республикасы Конституциясының 25 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде ҳәр тәреплеме сөз етилгени ушын, бүгин бул темаға артықша тоқтап өтиўге зәрүрлик жоқ, деп ойлайман.
Быйылғы жылы Өзбекистан жаслар аўқамын шөлкемлестириў, Ҳаял-қызлар комитети, «Мәҳәлле» ҳәм «Нураный» қорларының жумысын және де жетилистириў бойынша анық режелер әмелге асырылды.
Елимизде жасап киятырған, лекин пуқаралығы болмаған 1100 ден аслам шахсқа Өзбекистан пуқаралығы берилди. Ол инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин әмелде тәмийинлеўге қаратылған жумысларымызды және бир рет тастыйықлайды, деп ойлайман.
2017-жылда экономика тараўында заман талапларына жуўап беретуғын, жаңа мазмун-мәнистеги ҳәм нәтийжели реформаларды әмелге асырыў жолында биринши қәдемлерди тасладық.
Экономикамызды пүткиллей жаңа тийкарда шөлкемлестириў ҳәм буннан былай да еркинлестириў, оның ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, өндиристи модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў бойынша бир қатар нызамлар, пәрман ҳәм қарарлар, пуқта ойланған бағдарламалар қабыл етилип, олар избе-из әмелге асырылмақта.
Елимизде қысқа мүддетте 161 ири санаат объекти иске түсирилди. Бул биз ушын келеси жылда қосымша 1,5 триллион өним ислеп шығарыў имканиятын береди. Мәселен, Ташкент ыссылық электр станциясында пуў-газ қурылмасы қурылды. Бул болса қосымша түрде 2,5 миллиард киловатт электр энергиясын ислеп шығарыў мүмкиншилигин береди. Сондай-ақ, Наўайы ыссылық электр станциясында екинши пуў-газ қурылмасы, Қызылқум қойнындағы Авминзо-Амантай алтын кәнлери негизинде гидрометаллургия заводын қурыў бойынша жумыслар даўам етпекте.
Ҳәзирги ўақытта Алмалық кән-металлургия комбинаты тәрепинен «Ёшлик-1», «Ёшлик-2» кәнлерин өзлестириўге кирисилди. Сардоба, Орайлық Ферғана ҳәм Тўпалаң суў сақлағышларын қурыў бойынша жумыслар жедел алып барылмақта. Бул ири қурылмалар да, әлбетте, елимиздиң экономикалық турмысында әҳмийетли ўақыя болады.
Ферғана-Марғылан жөнелисиндеги темир жол тармағы ҳәзирги ўақытта электрлестирилмекте.
Және бир ири объект-Қандым газди қайта ислеў комплекси иске түсирилиўи есабынан 2018-жылы қосымша түрде 4 миллиард 100 миллион куб метр тәбийғый газди қайта ислеў, 67 мың тоннадан зыят конденсат, 106 мың тоннадан аслам күкирт кислотасын ислеп шығарыў имканияты жаратылады.
Өзбекистан экономикасының локомотивлеринен бири болған Мүбәрек газди қайта ислеў заводында келеси жылы қосымша түрде 6 миллиард куб метр тәбийғый газди күкирт кислотасынан тазалайтуғын блоклар толық жумыс баслайды. Солардың қатарында «Өзагротех-санаатхолдинг» акционерлик жәмийетинде жаңа жылда 5 мыңнан көбирек заманагөй тракторларды, мыңнан зыят пахта териў машинасын ҳәм 2 мыңнан аслам прицеплерди ислеп шығарыў жолға қойылады.
Бундай мысалларды және узақ даўам еттириў мүмкин.
Ең әҳмийетлиси, елимиздиң экономикалық сиясатында реал емес санлардың изинен қуўыў, әмелге аспайтуғын қам қыялларды ҳақыйқат сыпатында усыныўдай намақул жумыс усылы сын көз-қарастан қайта көрип шығылды. Әмелий нәтийжелилик, инсан мәпи ҳәм және бир рет инсан мәпи реформалардың бас мақсети етип белгиленди.
Әне, сол тийкарда әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде 2017-жылы турақлы экономикалық өсиў пәтлери 5,5 процентти қурады, экспорт көлеми дерлик 15 процентке көбейди. Сыртқы саўда айланысының унамлы сальдосы 854 миллион долларға жетти.
Миллий валютамызды еркин конвертациялаўға киристик. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар шет ел валютасын коммерциялық банклерден шеклеўсиз сатып алыў ҳәм еркин сатыў имканиятына ийе болды. Шет ел валютасының алды-сатты операцияларының көлеми либерализация дәўирине салыстырғанда 1,5 есеге артып, орташа 1,3 миллиард долларды қурады. Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң алтын-валюта резервлери жыл даўамында 1,1 миллиард долларға көбейди.
Быйылғы жылы елимизде 12 еркин экономикалық ҳәм 45 санаат зонасының жумысы жолға қойылды ҳәм бул шөлкемлестириўшилик илажлары аймақларды жедел раўажландырыў имканиятын бермекте. Жақын ўақыт ишинде және 50 жаңа санаат зонасын шөлкемлестириў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Жыл даўамында биз ушын оғада әҳмийетли болған жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў мәселеси турақлы дыққат-итибарымыз орайында болды. 2017-жылы жаңа санаат кәрханаларын қурыў, хызмет көрсетиў объектлерин иске түсириў, киши бизнести ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў есабынан 336 мыңнан зыят жаңа жумыс орынлары шөлкемлестирилди.
Өз-өзинен белгили, биз халықтың бәнтлигин тәмийинлеўди өз алдымызға тийкарғы ўазыйпа етип қойған екенбиз, бул мәселеге тек ғана сан емес, ал сапа жағынан да айрықша әҳмийет бериўимиз зәрүр.
Өзбекистанда алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың оғада әҳмийетли бағдары болған социаллық саланы реформалаў бойынша қабыл етилген бағдарламалардың орынланыўы да басқышпа-басқыш тәмийинленбекте.
Бизге белгили, халқымызды, әсиресе, бюджет тараўының хызметкерлерин, кем тәмийинленген шаңарақларды турақ жай машқаласы көптен берли қыйнап киятырған еди. Бул аўыр социаллық машқалаға биз дерлик итибар бермей келгенимиз де бар гәп.
Халқымыздың талап ҳәм тилеклерин инабатқа алып, биз быйылғы жылы жеңилликли ипотека кредитлери тийкарында арзан турақ жайлар қурыў жойбарын әмелге асырыўға киристик. Қала ҳәм аўылларымызда жәми 3,5 миллион квадрат метрден зыят үлги жайлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Бул санды дәслепки жылларға салыстыратуғын болсақ, 2007-жылға салыстырғанда 20 есеге, үлги турақ жайлар қурыў бағдарламасы басланған 2010-жылға салыстырғанда 3,5 есеге, 2014-жылға салыстырғанда болса 2 есеге көп жай қурылғанын көремиз.
Соны да айрықша атап өтиў орынлы, биз соңғы 25 жыл даўамында биринши мәрте халық ушын арзан, барлық қолайлылықларға ийе болған көп қабатлы турақ жайлар қурыўды басладық. 2017-жылдың өзинде 800 мың квадрат метрден зыят, әне, усындай турақ жайлар қурылып пайдаланыўға тапсырылды. Бир ғана Ташкент қаласының өзинде быйылғы жылы 420 мың квадрат метр көп қабатлы турақ жай фонды пайдаланыўға тапсырылды. Бул өткен жылға салыстырғанда дерлик 3 есеге көп.
Адамларымыздың турмыслық талаплары менен мәплерин тәмийинлеўде бул әҳмийетли мәселениң қаншелли үлкен ҳәм тийкарғы машқала болып турғанын есапқа алып, бул жумыслардың көлемин арттырған ҳалда, биз жаңа жылда да, әлбетте, даўам еттиремиз. Себеби, халқымыз ертең емес, узақ келешекте емес, әйне бүгин өз турмысында унамлы өзгерислерди көриўди қәлейди. Бизиң мийнеткеш, ҳақ кеўил, кеңпейил халқымыз оған толық ҳақылы.
Аралбойында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша анық илажлар көрилди. Қаржы министрлиги жанында Аралбойы регионын раўажландырыў қоры дүзилди ҳәм оған 200 миллиард сумнан аслам қаржы қаратылды. Әне, сол қаржылар есабынан Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты халқының суў тәмийнаты, турмыс шараяты жақсыланбақта. Соның менен бирге, бул аймақларда 3 мың километрден аслам ишки жоллар капитал оңланып, реконструкцияланды.
Быйылғы жылы жаңа билимлендириў мәкемелерин қурыўға, барларын оңлаўға айрықша итибар қаратылды. 12 улыўма билим бериў мектеби жаңадан қурылды, 320 сы реконструкцияланды, 152 мектеп капитал оңланды. Сондай-ақ, 107 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси реконструкцияланды ҳәм қурылды, 195 бақша капитал оңланды.
Перзентлеримизди тәрбиялаўда ең тийкарғы буўын есапланған мектепке шекемги билимлендириў системасының жәмийетлик турмысымыздағы үлкен орнын ҳәм әҳмийетин итибарға алып, Мектепке шекемги билимлендириў министрлигин шөлкемлестирдик. Биз бул тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеўимиз, соның ишинде, жақын 3-4 жылда барлық аймақларда мыңлаған жаңа бақшалар қурыўымыз, тәлим-тәрбияның сапасын ҳәм дәрежесин жаңа басқышқа көтериўимиз зәрүр.
Көплеген ата-аналар, оқытыўшылар менен оқыўшылар ҳәм кең жәмийетшилик тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында елимизде 11 жыллық билимлендириў қайта тикленди.
Орынлардағы оқытыўшыларға болған зәрүрликти қанаатландырыў ушын Ташкент ўәлаятында Шыршық мәмлекетлик педагогикалық институты шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, 15 жоқары билимлендириў мәкемесинде шөлкемлестирилген арнаўлы сыртқы бөлимлерде орта арнаўлы мағлыўматқа ийе болған 5 мыңнан аслам педагоглар ушын жоқары мағлыўмат алыў имканияты жаратылды.
Билимлендириў системасындағы инновациялық ҳәм креатив көз-қараслар тийкарында Муҳаммад Хорезмий ҳәм Мырза Улығбек исмлери менен аталатуғын анық пәнлер терең оқытылатуғын арнаўлы мектеплер шөлкемлестирилди.
Жоқары билимлендириў мәкемесин буннан былай да жетилистириў бойынша да көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде 2017- 2021 жылларда жоқары билимлендириў системасын комплексли раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди.
Жаңадан шөлкемлестирилген институт ҳәм филиаллардың есабынан елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 81 ге, аймақлардағы филиаллар 15 ке, шет елли университетлердиң филиаллары 7 ге жетти. Усылардың қатарында Алмалық қаласында Москва полат ҳәм араласпалар институтының, Ташкент қаласында болса АҚШтың Вебстер университетиниң филиалларын шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилгенин атап өтиў зәрүр. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде экономиканың реал секторындағы талап ҳәм зәрүрликтен келип шығып сыртқы ҳәм кешки бөлимлер ашылды.
Өзбекистан Илимлер академиясы системасы жетилистирилди, материаллық-техникалық базасы беккемленди, оның қурамында бир қатар илимий-изертлеў институтлары ҳәм орайлардың жумысы тикленди. Көп жыллық дем алыстан соң Илимлер академиясына сайлаў өткерилип, өзиниң илимий жумыслары менен елимизде ҳәм халықаралық көлемде абыройға ийе болған қәбилетли илимпазлар академик деген жоқары ҳүрметке сазаўар болды. Енди бәршемиз Илимлер академиясынан жаңа илимий қолланбалар, перспективалы изертлеўлер жаратыў бойынша әмелий нәтийжелер күтип қаламыз.
Булардың бәринен биз бирден-бир мақсетти нәзерде тутпақтамыз. Яғный Өзбекистан илим, интеллектуаллық потенциал тараўында, заманагөй кадрлар, жоқары технологиялар бағдарында дүнья жүзинде бәсекиги шыдамлы болыўы шәрт.
Әзиз дослар!
Быйыл мәдений-гуманитарлық тараўларды раўажландырыў бойынша исленген жумыслар туўралы айтқанда, бәринен бурын, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер, ғалаба хабар қураллары тараўына байланыслы 12 әҳмийетли ҳүжжет қабыл етилгенин атап өтиў лазым.
Елимиздеги дөретиўшилик аўқамлардың жәмийетлик турмысымыздағы орнын ҳәм абыройын арттырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик қоры, сондай-ақ, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери және ири компаниялар менен банклердиң шериклигинде «Дослар клублары» шөлкемлестирилди.
Және бир әҳмийетли жаңалық – Ташкент қаласындағы Миллий бағ аймағында саўлатлы Жазыўшылар қыябаны, Жазыўшылар аўқамының жаңа имараты, Қарақалпақстанда ҳәм бир қатар ўәлаятларымызда уллы дөретиўшилердиң исмлери менен аталған дөретиўшилик мектеплери қурылды. Сондай-ақ, Қоқанд қаласы, Хорезм ҳәм Жиззақ ўәлаятлық драма театрлары қайта реконструкцияланды, Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Ферғана регионаллық филиалы шөлкемлестирилди.
Руўхый турмысымызда әҳмийетли ўақыя болған әне усындай жойбарлар туўралы айтқанда, Өзбекистандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Ислам академиясы сыяқлы илимий-ағартыўшылық мәкемелердиң жумысын жолға қойыў жумыслары басланғанын айрықша атап өтиў зәрүр. Солардың қатарында уллы бабаларымыздың естелик комплекслери жанында ҳәдистаныў, ислам ҳуқықтаныў, суфизм, калом ҳәм догматизм илими сыяқлы диний-ағартыўшылық бағдарларды үйрениў бойынша арнаўлы мектеплер шөлкемлестирилди. Бизиң бул жумысларымыз терең илимий ҳәм әмелий тийкарларға ийе, әлбетте.
Бизге белгили, әййемги мәденият ҳәм цивилизациялардың кесилиспеси болған елимизден орта әсирлерде мыңлаған илимпазлар менен ойшыллар, уллы ағартыўшы ҳәм шайырлар, уламалар жетисип шыққан. Олардың анық пәнлер ҳәм диний илимлер тараўында қалдырған бийбаҳа мийрасы, пүткил адамзаттың руўхый мүлки есапланады.
Ҳәзирги күнде Өзбекистанымыздың китап қорларында 100 мыңнан аслам қолжазба шығармалар сақланбақта. Өкинишлиси, бул бийбаҳа китаплар еле толық үйренилмеген, олар илимпазлар менен оқытыўшыларды күтип тур. Бул бийбаҳа шығармаларда бүгинги дәўир ортаға таслап атырған оғада көп әҳмийетли машқалаларға жуўап табыў мүмкин. Атап айтқанда, ислам дининиң тийкарғы адамгершилик мазмунын терең ашып беретуғын, барлық адамларды жақсылық, мийрим-шәпәәт ҳәм татыўлық жолында бирлестириўге шақыратуғын терең мәнили пикирлер ҳәм идеялар бүгин де өз баҳасын және әҳмийетин жойытпаған. Бирақ, биз әне усындай бийбаҳа мийрастың мийрасқорлары, сондай байлық ийелери болып турып, оларды ҳәр тәреплеме оқыў-үйрениў, халқымызға, бәринен бурын, өнип-өсип киятырған жасларымызға, дүнья жәмийетшилигине жеткериў бойынша, жеткиликли жумыс ислемегенимизди де ашық тән алыў керек.
Биз диний жаўызлыққа, зыянлы ағымларға қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў зәрүрлиги ҳаққында көп айтамыз. Бул дурыс, әлбетте. Бирақ ағартыўшылық билимлер қай жерде – бәринен бурын, ата-бабаларымыз бизге қалдырып кеткен, мине, усындай бийбаҳа китапларда емес пе?
Бизиң бул бағдардағы барлық әмелий ҳәрекетлеримиз әйне мине усындай ийгиликли мақсетке қаратылған болып, тек ғана елимизде ҳәм мусылман дүньясында емес ал дүнья жүзинде де үлкен қызғыўшылық ҳәм итибар оятпақта. Әне усындай бийбаҳа байлыққа, мыңлаған билимли уламаларға, белсенди зыялыларға ийе болған, бул тараўда үлкен басламалар менен шығып атырған халық ҳәм мәмлекет сыпатында елимизден қандайда бир догматикалық, диний ағымларға берилген адамлардың шығыўы, әлбетте, бизге жараспайды.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
2017-жылы физикалық тәрбия ҳәм спорт тараўы бойынша да үлкен жумыслар исленди. Елимиз жасларының спорт тараўындағы жетискенликлери бәршемизди қуўандырмақта. Жәҳән ҳәм континент көлеминде жаңадан-жаңа чемпионлар, шахмат бойынша халықаралық гроссмейстерлер жетисип шықпақта.
Жуўмақланып атырған жылда өзбекистанлы спортшылар бокс, дзюдо, таэквандо, аўыр атлетика, еркин гүрес, самбо бойынша өткерилген түрли халықаралық жарысларда салмақлы жеңислерге еристи. 2017-жыл әсиресе өзбек миллий гүреси тарийхында жарқын бет болды. Сентябрь айында Түркменстанда болып өткен Азия олимпиада кеңеси Бас ассамблеясы мәжилисинде усы миллий спорт түрин Азия ойынлары бағдарламасына киргизиў ҳаққында қарар қабыл етилди. Яғный 2018-жылы Индонезияда болып өтетуғын 18-Азия ойынларында континентимиз спортшылары өзбек миллий гүреси бойынша да өз-ара беллеседи. Енди жәҳән спорт майданларында «ҳалол», «ғирром», «чала», «ёнбош» деген сөзлер жаңлап, өзбек исмин, Өзбекистанның атын дүньяға таратады.
Ҳәзирги ўақытта биз Өзбекистан Миллий Олимпиада комитетиниң жумысын жетилистириў үстинде жумыс алып бармақтамыз. Болажақ халықаралық олимпиада ойынларына ҳәм басқа да абыройлы жарысларға таярлық жумыслары енди пүткиллей жаңаша тийкарда жолға қойылады.
Бүгин, мине усы жоқары минберден турып, барлық спортшы жасларымызға, олардың устазлары менен тренерлерине миллий спортымызды раўажландырыў жолындағы хызметлери ушын үлкен миннетдаршылық билдирип, жаңа жеңислер тилеўге руқсат еткейсиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Өткен дәўир даўамында сыртқы сиясат тараўында шет мәмлекетлер, биринши гезекте, қоңсы еллер менен дослық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў бағдарында сезилерли нәтийжелерге еристик.
2017-жылы 21 жоқары дәрежедеги сапар етиўлер әмелге асырылды, 60 тан зыят мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары ҳәм ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилди. Нәтийжеде 400 ден аслам келисимлерге ерисилди, дерлик 60 миллиард АҚШ доллары көлеминдеги саўда ҳәм инвестициялық шәртнамаларға қол қойылды. Қабыл етилген ҳүжжетлер менен келисимлерди өз ўақтында толық орынлаў мақсетинде 40 «жол картасы» ислеп шығылды ҳәм шет елли шериклеримиз бенен биргеликте әмелге асырылмақта.
«Өзбекистанның сыртқы сиясатында Орайлық Азия – баслы бағдар» принципин әмелде қолланыўға киристик. Нәтийжеде регионымызда пүткиллей жаңа сиясий орталық жаратылды, өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылық тийкарындағы байланыслар беккемленбекте.
Түркменстан ҳәм Қырғызстан менен стратегиялық бирге ислесиў орнатылды. Қазақстан менен стратегиялық бирге ислесиўимизди буннан былай да тереңлестириў бағдарында бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды, 2 миллиард доллар муғдарында экономикалық келисимлер дүзилди. Тәжикстан менен бирге ислесиўимиз ҳәр тәреплеме беккемленбекте. Ташкент ҳәм Душанбе қалалары арасында авиарейс жолға қойылды.
Қырғызстан менен мәмлекетлик шегаралар ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған үлкен қәдем болды. Қоңсы Аўғанстан Ислам Республикасы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолында әҳмийетли келисиўлерге ерисилди, жаңа экономикалық жойбарлар бойынша әмелий жумыслар басланды. Сондай-ақ, Россия, Қытай, Қубла Корея, Түркия, АҚШ ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери, мусылман мәмлекетлери менен де нәтийжели келисимлерге ерисилди.
Өзбекистан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы сыяқлы халықаралық структуралар менен байланысларды жана басқышта даўам еттирмекте. Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен бирге ислесиўимиз тикленди, Европа инвестиция банки менен шериклик байланыслары орнатылды. Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Азия инфраструктура инвестициялар банки менен өз-ара бирге ислесиў нәтийжели түс алмақта.
Елимиздеги унамлы өзгерислер дүнья жәмийетшилигинде Өзбекистанға болған қызығыўшылықты арттырып, оның халықаралық майдандағы абыройын еле де беккемлеўге хызмет етпекте.
Әлбетте, жыл даўамында әмелге асырылған жумысларымыз ҳаққында және көп айтыў мүмкин. Лекин булардың барлығы биз таңлаған узақ ҳәм машақатлы, соның менен бирге, бирден-бир дурыс жолдағы дәслепки қәдемлер, десем, ҳақыйқатты айтқан боламан.
Пурсаттан пайдаланып, «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасын әмелге асырыўда мүнәсип қатнасқан мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерге, хожалық бирлеспелерине ҳәм компанияларға, усы ийгиликли жумысқа үлес қосқан барлық инсанларға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Елимизде қәлиплескен унамлы дәстүрге муўапық, енди сизлер менен бирге кирип киятырған жана – 2018-жылға қандай атама бериў ҳаққында келисип алыўымыз керек. Биз бул мәселе бойынша көп ойладық. Жыл даўамында пуқараларымыздан Президенттиң Халық қабыллаўханаларына ҳәм Виртуал қабыллаўханасына, мәмлекетлик ведомстволарға келген көплеген мүрәжатлар менен хатларда, орынларда болып өткен ушырасыўларда билдирилген пикир-усынысларды да есапқа алдық, жәмийетшилик пикирин үйрендик.
Билдирилген пикир-усыныслардың барлығын инабатқа алып, мен жаңа – 2018-жылға елимизде Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп атама бериўди усыныс етемен.
Усы жерде белсенди исбилерменлик деген түсиникке қысқаша тоқтап өтиў зәрүр. Белсенди исбилерменлик бизнес жумысын инновациялық, яғный заманагөй көз-қараслар, алдынғы технология ҳәм басқарыў усыллары тийкарында шөлкемлестиретуғын экономикалық бағдар болып табылады.
Белсенди исбилермен дегенде, биз бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығара алатуғын, ен тийкарғысы, жана жумыс орынларын жаратып, тек ғана өзин ҳәм шаңарағын бағып қоймастан, ал пүткил жәмийетке пайда келтиретуғын исбилермен инсанларды түсинемиз. Бундай исбилерменлердиң қатарын кеңейтиў, соның ишинде, жоқары технологиялар, илимниң ең соңғы жетискенликлерине тийкарланған техника ҳәм әсбап-үскенелерди елимизге алып келиў ҳәм енгизиў ушын оларға мүнәсип шараятлар жаратыў бизиң биринши гезектеги ўазыйпамыз болыўы шәрт. Керек болса, сырт елдеги жетекши компаниялар менен шөлкемлерде тәжирийбе арттырыўы, өз-ара пайдалы бирге ислесиўи ушын оларға ҳәр тәреплеме имканият туўдырып бериўимиз лазым.
Бүгин биз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын түп-тийкарынан жаңалаўға қаратылған инновациялық раўажланыў жолына өтпектемиз. Бул бийкарға емес, әлбетте. Себеби заман тез пәт пенен раўажланып баратырган ҳәзирги дәўирде ким утады! Жаңа пикир, жаңа идеяға, инновацияға сүйенген мәмлекет утады.
Инновация – бул келешек дегени. Биз уллы келешегимизди қурыўды бүгиннен баслайтуғын болсақ, оны сол инновациялық идеялар, инновациялық көз-қарас тийкарында баслаўымыз керек. Соның ушын биз Инновациялық раўажланыў министрлигин шөлкемлестирдик ҳәм оның алдына анық ўазыйпаларды қойдық. Бул министрлик тек ғана экономика тараўында ғана емес, ал пүткил жәмийетлик турмыста ең әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыўда өзине тән локомотив ролин атқарады, деп исенемиз.
Келеси жылда илимий изертлеў ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў, буның ушын зәрүр қаржылай ресурсларды бағдарлаў, бул процессте қәбилетли жаслардың қатнасыўын, дөретиўшилик идеялар менен қолланбаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы итибарымыз орайында болады.
I.Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириўдиң баслы бағдарлары
Ҳүрметли халық депутатлары!
Бүгинги күнде жәмийетлик турмыстағы бар машқалаларды нәтийжели шешиў, кең көлемли реформаларды избе-изликте даўам еттириў зәрүрлиги мәмлекетлик басқарыў тараўында пүткиллей жана система жаратыўды талап етпекте. Бул ушын «Мәмлекетлик хызмет ҳаққында»ғы нызамды ислеп шығыўҳәм қабыллаў ўақты келди, деп ойлайман.
Бул бағдарда басқа әҳмийетли мәселелер қатарында мәмлекетлик хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм олардың мүнәсип социаллық тәмийнат системасын жаратыў, соның менен бирге лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин арттырыўды да нәзерде тутыў мақсетке муўапық болып табылады.
Биз басқарыў тараўында биринши гезекте атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын жетилистириў, кадрларлардан, материаллық ресурслардан рационал пайдаланыў бойынша анық өшемлерди ҳәм тәртиплерди енгизиўимиз керек.
Екиншиден, атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жуўапкершилигиндеги ўазыйпаларды әмелге асырыў тәртибин, олардың жуўапкершилик шеңберин анық белгилеў лазым.
Үшиншиден, экономика тармақларына ҳәкимшилик тәсирлерди қысқартыў ҳәм базар механизмлеринен кең пайдаланыў керек. Яғный мәмлекет қатнасындағы бизнес структураларын шөлкемлестириўди шеклеў, бул бағдарда базарға тән механизмлерди ислеп шығыў, мәмлекеттиң айырым функцияларын жеке секторға өткериў дәркар.
Төртиншиден, ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары ҳәм атқарыўшы ҳәкимият ведомстволары арасында тығыз бирге ислесиўди тәмийинлейтуғын усылларды ҳәм методларды жетилистирип, оғада орайласқан басқарыўдан басқышпа-басқыш ўаз кешиў керек.
Мәмлекетлик хызметлерди тиккелей төменги буўынларда көрсетиў, жергиликли ҳәкимият ведомстволары ушын финанслық ҳәм басқа да имканиятларды кеңейтиў зәрүр. Бул бағдарда бар тәртип-қағыйдаларды оптималластырыў ҳәм әпиўайыластырыў, басқарыўдың инновациялық түрлерин енгизиў зәрүр.
Бесиншиден, мәмлекетлик хызмет институтын реформалаў, коррупцияғга қарсы тәсиршең гүрес механизмлерин енгизиў керек.
Бүгин турмыстың өзи бизден профессионал, оператив ҳәм нәтийжели мәмлекетлик хызмет системасын қәлиплестириў, жаңаша пикирлейтуғын, инталы, ел-журтқа садық кадрларға кең жол ашыў бойынша нәтийжели система ислеп шығыўды талап етпекте.
Жоқарыда келтирилген ўазыйпаларды орынлаў ушын Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын сөзсиз әмелге асырыўымыз дәркар.
Елимизде коррупцияға қарсы нәтийжели гүрес алып барыў мақсетинде усы бағдарда айрықша нызам қабыл етилди. Сол тийкарда анық мақсетлерге қаратылған ис-илажларды өз ишине алған мәмлекетлик бағдарлама избе-излик пенен әмелге асырылмақта. Әне усындай жумысларымыз нәтийжесинде усы жылдың 9 айында коррупцияға байланыслы жынаятлар өткен жылға салыстырғанда 33 процентке азайды. Биз бундай нәтийжелерди коррупцияға қарсы гүрес бағдарындағы узақ ҳәм даўамлы жумысларымыздың дәслепки нәтийжеси, деп қабыл етиўимиз, бул жолда буннан былай да қатаң жумыс алып барыўымыз шәрт.
Қәдирли дослар!
Реформаларымыздың нәтийжесин арттырыўда парламент, депутат ва сенаторлардың орны ҳәм ролине айрықша тоқтап өтиўди дурыс, деп есаплайман.
Усы жылы 12-июльде Олий Мажлис ағзалары менен болып өткен ушырасыўда парламентимиз ҳақыйқый демократия мектебине, реформалардың баслаўшысы ҳәм тийкарғы атқарыўшысына айланыўы зәрүрлигин айрықша атап өтип, әмелий илажлар бағдарламасын тастыйықлаған едик. Лекин бул бағдарламаның орынланыўынан халқымыз қандай мәп көрди, қайсы депутат яки сенатор адамларымыздың аўырын жеңил етиўге, денсаўлықты сақлаў, экология, коммунал хожалығы, билимлендириў яки басқа да тараўларда оларды қыйнап атырған машқалаларды шешиўге қандай үлес қосты!
Бул бағдардағы анық мысалларды халқымыз турмыста да, баспасөз ҳәм телевидениеде де көрип атырғаны жоқ. Бул – ҳақыйқат.
Өкишишлиси, депутатлар, сенаторларымыз ояныўы керек, бул – турмыс талабы, деген гәплер гәплигинше қалып кетти. Және бир мәрте айтаман, күтилген әмелий нәтийже жоқ.
Жыл даўамында билдирилген 136 нызамшылық басламасының тек ғана 27си депутатларға тийисли болып, олар да тийкарынан ҳәрекеттеги нызамларға Президенттиң пәрман ҳәм қарарларынан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар. Соның өзи парламентимиздиң жумысының жетерли емеслигин көрсетпей ме!
Не ушын, реформаларды әмелге асырыў ушын тек Президент пәрман ҳәм қарарлар қабыл етиўи керек пе!
Қашан парламент, мейли, көп емес, ҳеш болмаса бир тараўды түп-тийкарынан жақсылаўға қаратылған қарар яки нызам ислеп шығады! Қашан болады бул жумыс!
Ел-халқымыз сизлерден, ҳүрметли халық депутатлары бул бағдарда жуўап күтпекте. Депутат яки сенатор болып сайландық, енди өзимиз қәлегенше жүремиз, деген гәплер өтмиште қалып кетти. Және бир мәрте айтаман, ояныў керек.
Өкинишлиси, парламентимиздиң жумысы көп жағдайларда мәзи рәсмий мәжилислерден ибарат болып қалмақта.
Не ушын анықланған машқалалар яки сайлаўшылар көтерип атырған мәселелер тийисли нызамлар қабыл етиў жолы менен яки атқарыўшы ҳәкимият алдына мәселени қатаң қойыў арқалы шешилмей атыр! Нәтийжесиз қадағалаў, қуры мәжилислердиң, айтыңлар, кимге кереги бар!
Парламентимиз денсаўлықты сақлаў системасы, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың өз ўақтында алдын алыў ҳәм жергиликли Кеңеслерде исшеңлик, өзи-өзин сынға алыў руўхын жаратыўға бас-қас болыўы зәрүрлиги усынылған еди.
Бирақ бул тараўларда парламент ҳәм депутатлардың орны жетерлише сезилмей атыр.
Бүгинги күнде бирде-бир аймақта денсаўлықты сақлаў системасы халық ушын мүнәсип хызмет ететуғын дәрежеде шөлкемлестирилген, деп айта алмаймыз.
Нызамшылық палатасы (Н.Исмоилов) өз жумысында тийкарғы итибарды системадағы, әне, усы әҳмийетли машқалаларды,әсиресе, орынларда шешиўге қаратса, мақсетке муўапық болар еди. Керек болса, Нызамшылық палатасында денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша өз алдына комитет шөлкемлестирип,оның ағзалары тийкарынан аймақларда хызмет көрсетсе, нур үстине нур болар еди.
Есабатларға итибар берсек, жергиликли Кеңеслердиң турмысында мәзи унамлы өзгерислер жүз берип атырғандай түйиледи, лекин олар тек санларда сәўлеленбекте. Бизге санлар емес, анық нәтийже керек.
Аймақлардағы жағдай қашан унамлы тәрепке өзгерсе, бюджеттиң орынланыўы толық тәмийинленсе, жынаятшылық азайса, жаңа жумыс орынлары жаратылса, ең тийкарғысы, халқымыздың турмыс дәрежеси жақсыланса, жергиликли Кеңеслердиң жумысына унамлы баҳа берсе болады.
Өкинишлиси, бирде-бир районда халық депутатлары Кеңесиниң жумысы үлгили тийкарда шөлкемлестирилмеди.
Сенат басшылығы (Н.Йўлдошев) жоқары палатаның бул бағдардағы жумысын сын көз-қарастан көрип шығыўы, халықтың пикир-усынысларын есапқа ала отырып, ўәкиллик уйымларының жумысын түп-тийкарынан өзгертиў бойынша зәрүр илажларды көриў мақсетке муўапық. Сондай-ақ, аймақларда ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы жумысларды да босаңластырмаўымыз лазым.
Парламентимиздиң ең әҳмийетли жумысы – нызам дөретиўшилигин де кемшиликсиз, деп болмайды. Ашық тән алыў керек, көпшилик жағдайларда қандайда бир мәселени анық шешпейтуғын, бир-бирине дурыс келмейтуғын нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди қабыл етиў әмелде көплеген машқалаларды туўдырмақта.
Өзиңиз айтың, нәтийжесиз жумысшы топарлар шөлкемлестириў, ҳуқықты қолланыў әмелиятына тәсир етпейтуғын, атқарыў механизмлерине ийе болмаған, айтыў керек болса, «өли» нызамлар кимге керек? Әне усындай унамсыз жағдайларды сапластырыў мақсетинде Нызамшылық ҳәм нормативлик ҳүжжетлер шығарыўды жетилистириўге байланыслы концепция ислеп шығып, әмелге асырыўымыз лазым.
Буннан былай ҳәр түрли бағдарламалардың орынланыўы шеңберинде нызам қабыл етиў әмелиятын қайта көрип шығамыз.
Бәршемиз бир ҳақыйқатты умытпаўымыз керек: нызамның бирден-бир дәреги ҳәм авторы шын мәнисинде халық болыўы шәрт.
Ҳәр бир нызам жойбары бойынша пикир-усынысларды төменнен – пуқаралардан, орынлардағы халық депутатлары Кеңеслеринен алыў тәртибин кеңнен енгизиў зәрүр. Нызамларды қабыл етиў процесинде оларды халық арасында ҳәр тәреплеме додалаў системасынан нәтийжели пайдаланыўымыз керек.
Олий Мажлис басшылығы нызамларды додалаўға кең халықты тартыў, бул ушын заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, соның ишинде, Интернет тармағында арнаўлы «майдан»лар жаратыў лазым. Усы мүнәсибет пенен елимиз пуқаралары мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша өз пикирлерин билдириўи ушын Интернет тармағында «Мениң пикирим» деп аталған арнаўлы веб-сайт шөлкемлестириў мақсетке муўапық. Атап айтқанда, демократияның алдынғы механизми сыпатында жәмәәт болып электрон мүрәжат киргизиў тәртибин енгизиў зәрүр. Яғный бир топар пуқаралар тәрепинен алға қойылған басламаларды Олий Мажлис ямаса халық депутатлары Кеңеслери көрип шығыўы мәжбүрий екени нызамда белгилеп қойылыўы тийис.
Биз жақында Олий Мажлис жанында Нызамшылық машқалалары ҳәм парламент изертлеўлери институтын шөлкемлестирдик. Бул институт Олий Мажлиске келип атырған ҳәр қыйлы усынысларды терең талқылайтуғын, айтыў керек болса, електен өткеретуғын илимий орай болыўы лазым.
Және бир әҳмийетли мәселе – барлық тараўларда жағдайды ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм жүзеге келген машқалаларды шешиў ушын тәсиршең илажлар ислеп шығыўда Олий Мажлис палаталарының ҳәм сиясий партиялардың ролин буннан былай да күшейтиў керек. Бул процессте де санлардың изинен қуўыў әмелиятынан ўаз кешиў лазым. Қағазда жүзлеген мәселелерди шешкеннен көре, әмелде бир неше машқаланы шешип берсеңиз, адамлар сизлерден разы болады.
Ең әҳмийетлиси, турмыстағы өзгерислерди халқымыз билиўи, мәмлекетлик ҳәкимият системасында ҳақыйқатында да өз ўәкили бар екенин сезиўи керек. болмаса, барлық жумысларымыз, илажларымыз зая кетеди.
Партиялараралық бәсекини тәмийинлеў, барлық сиясий субъектлер ушын теңдей шараятлар жаратыў парламенттиң ролин күшейтиўдиң әҳмийетли шәрти есапланады.
2008-жылы шөлкемлестирилген Экологиялық ҳәрекет өткен дәўирде ҳақыйқый сиясий күшке айланғаны белгили. Бирақ тән алыў керек, Ҳәрекет ўәкиллери парламенттиң төменги палатасына квота тийкарында киргизилиўи оның белсенди ҳәм инталы болып ислеўин белгили дәрежеде төменлетпекте. Барлық сиясий күшелер ушын теңдей шараят жаратыў ҳәм парламенттиң төменги палатасынан экологиялық ҳәрекет ўәкиллери ушын арнаўлы орын ажыратыўдан ўаз кешиў ўақты келди, деп ойлайман. Бул өзгерис сиясий майданда жақсы бәсекини күшейтеди ҳәм Экологиялық ҳәрекеттиң өз алдына сиясий күш сыпатында беккемлениўине хызмет етеди.
Усы жерде сиясий турмысымызда үлкен әҳмийетке ийе болған сайлаў нызамшылығы туўралы да тоқтап өтпекшимен. Бул бағдарда қабыл етилген 6 нызам ҳәм бир қатар нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер, тилекке қарсы, елеге шекем бир пүтин бир ҳүжжет түрине келтирилмеген. Сол себепли халықаралық нормалар менен стандартларға жуўап беретуғын бирден-бир Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў лазым. Сондай-ақ, 2019-жылы ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларына болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыўға ҳәзирден кирисиў керек. Бағдарламада бул сиясий процесс және де жәриялылық руўхында өтиўин тәмийинлейтуғын жаңа, алдынғы әмелиятты енгизиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.
Ҳүрметли дослар!
Алдымызда турған гезектеги әҳмийетли мәселе – мәмлекетлик хызметлердиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, олардың көлемин кеңейтиў арқалы халық ушын қолайлы орталық жаратыўдан ибарат. Соның ушын барлық мәмлекетлик мәкемелер тәрепинен көрсетилетуғын хызметлерди муўапықластырып ҳәм қадағалап баратуғын жаңа структура – Әдиллик министрлиги жанында Мәмлекетлк хызметлер агентлигин шөлкемлестирдик. Енди усы Агентликтиң Халық қабыллаўханалары жанында жумыс алып баратуғын Мәмлекетлик хызметлер орайы тек ғана исбилерменлерге емес, ал пүткил халқымызға оператив ҳәм сапалы хызмет көрсететуғын мәкеме болады.
Мәмлекетлик уйымлардың жумысын режелестириў, нәтийжелилигин арттырыў елеге шекем әҳмийетли мәселе болып тур.
Бүгин бирде-бир мәкемениң өткен дәўирдеги жумысын қалыслық пенен баҳалаў имканиятын беретуғын анық өлшем жоқ. Мысалы, ҳәзирги күнге шекем мен Экономика министрлиги яки басқа қандай да бир министрликтиң жумысына қайсы өлшемлер бойынша баҳа берилетуғынын билмеймен. Сонлықтан министрликлер менен ведомстволар, барлық дәрежедеги ҳәкимликлер болжаў көрсеткишлерин белгилеўде өз жумысында күтилип атырған нәтийжелердиң анық муғдарын ҳәм сапа көрсеткишлерин белгилеп алыўы зәрүр.
Мәмлекетлик уйымлардың структурасы менен ўазыйпаларын қайта көрип шығыў талап етилмекте. Ең әҳмийетлиси, бул бағдарда қәтеге жол қоймаў, терең ойлап қарар қабыл етиў ушын Ҳәкимшилик реформалар концепциясын әмелге асырыў бойынша комиссиядан әлбетте унамлы шешим алыныўы тийис.
Елимизде қабыл етилип атырған илажларды нәтийжели әмелге асырыўда атқарыўшы ҳәкимият уйымларының үйлесикли жумыс алып барыўы оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Тилекке қарсы, бүгинги күнде жумыс бағдарындағы жуўапкершиликтиң дәрежеси, ўәкилликтиң механизмлери анық шекленип, белгилеп қойылмағаны жумысымызға кесент етпекте.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлыққа тийкарланған, нәтийжели қарарлар қабыл етиў системасын енгизиў зәрүр.
Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм Министрлер Кабинети арасында өз-ара биргеликте жумыс алып барыў бойынша принциплер менен механизмлерди қайта көрип шығыў мақсетке муўапық болып табылады.
Ҳәр бир министрлик өзине исенип тапсырған тараўда мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўды тәмийинлеўи ҳәм соңғы нәтийже ушын толық жуўапкер болыўы шәрт.
Министрликлер менен тең статуста жумыс ислеп атырған, ҳүкимет ҳәм парламент пенен тиккелей бирге ислесип атырған агентликлерди, комитетлерди, инспекциялар менен орайларды тийисли министрликлерге бойсындырыў талап етиледи. Соны нәзерде тутқан ҳалда, ҳүкиметтиң ўазыйпасы менен структурасын сын көз-қарастан қайта көрип шығыў ҳәм оптималластырыў зәрүр. Бундай өзгерислер мәмлекетлик ҳәм хожалық иси тараўында дерлик бир қыйлы ўазыйпаларды орынлап атырған жүзден аслам басқарыў уйымларының санын түп-тийкарынан қысқартыў имканиятын береди.
Биз ушын ең қыйын машқалалардан бири – мәмлекеттиң функциялары менен ўәкилликлери ҳәдден тысқары орайласып кеткени болып табылады. Мысалы, ҳәзирги ўақытта 64 лицензия түри бар болса, соннан 21 и Министрлер Кабинети ҳәм 40 ы орайлық ведомстволар тәрепинен бериледи. Бул лицензиялардың үшеўи ўәлаят ҳәкимликлери ҳәм тек ғана биреўи район ҳәкимликлери ўәкиллигине тийисли болып табылады. Бундай жағдайды руқсат бериўге байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў тараўында да бақлаў мүмкин.
Руқсат бериўге байланыслы 220 ҳүжжеттен тек ғана 11 ин райоанларда ямаса қалаларда алыў мүмкин. Қалған 209 ы ушын республика ҳәм ўәлаят уйымларына мүрәжат етиўге туўра келеди. Өзиңиз айтың ,буны дурыс деп бола ма! Мысалы, Шават районында жеке меншик бақша ашыўға лицензия алыў ушын исбилермен мың километр аралықты басып, Ташкентке келип-кетиўге, 3-4 айлап күтиўге мәжбүр болмақта. Кадрларды таңлаў, орны-орнына қойыў, кредит ҳәм қаржы дәреклерин ажыратыў, жергиликли дәрежеде көплеген әҳмийетли қарарларды тастыйықлаў бағдарында да усындай жағдайлар бақланбақта.
Жергиликли ҳәкимлик уйымлары әпиўайы мәселелерди шешиўге де ўәкиликке ийе болмаса, оны қалай түсиниў мүмкин!
Булардың барлығы жергиликли структураға аймақлардағы әҳмийетли социаллық-экономикалық машқалаларды шешиў бойынша еркин жумыс алып барыўда унамсыз тәсир етпекте.
Мәмлекетлик басқарыўды ҳәдден тыс орайластырыўдан ўаз кешиў зәрүр. Бул ушын көплеген ўәкилликлерди орайлық мәмлекетлик уйымлардан аймақлық уйымларға өткериў керек. Сонлықтан орынларда – район, қала ҳәм ўәлаят ҳәкимликлеринде инвестцияларды жедел тартыў бойынша ҳәким орынбасарлары лаўазымы енгизилди.
Соның менен бирге, аймақлық басқарыў уйымларының бюджет қаржыларын жетилистириў, қосымша резервлерди жаратыў бойынша салық, қаржы ҳәм экономика тараўлары уйымларының жуўапкершилигин арттырыў бойынша қарар қабыл етилди.
Бюджет системасын реформалаў тараўында жергиликли ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери және де кеңейтилди. Енди ҳәр бир аймақ басшысы берилген имканиятлардан пайдаланып жуўапкершиликти толық өз мойнына алыўы, өз арбасын өзи тартыўы керек.
Жақын перспективадағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири – аймақларда социаллық-экономикалық мәселелерге жуўапкер болған басшыларды таңлап алыў ҳәм орны-орнына қойыў бойынша ўәкилликлерди район ҳәм қала ҳәкимлерине толық өткериўден ибарат. Буннан былай медициналық бирлеспе, халық билимлендириў, экономика, қаржы бөлимлери, салық инспекциясы ҳәм басқа да структуралардың басшыларын лаўазымға тайынлаў ҳәм азат етиў район ҳәкими тәрепинен әмелге асырылады. Ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бойынша кадрларды таңлаў, тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиўге байланыслы ўәкилликлер қайта көрип шығылады.
Сондай-ақ, жергиликли басшыларға бундай кең ўәкиллик ҳәм еркинлик бериў менен бирге соңғы нәтийже ушын олардың жуўапкершилигин түп-тийкарынан арттырыўымыз зәрүр. Және бир әҳмийетли ўазыйпа – ҳәкимлердиң атқарыўшы ҳәм ўәкилликли ҳәкимият басшысы сыпатындағы ўәкилликлерин өз алдына ажыратып қойыўға байланыслы.
Соңғы пайытта елимизде халық депутатлары Кеңеслериниң роли, халық депутатларының ўәкилликлери түп-тийкарынан арттырылды. Сиясий партиялардың жергиликли ҳәкимият мәкемелерин жетилистириў бағдарындағы ўәкилликлери басқышпа-басқыш кеңейтилди, депутатлық қадағалаў болса беккемленди. Бирақ, ашық тән алыўымыз зәрүр, ҳәкимлердиң ҳәм жергиликли Кеңеслерге, ҳәм атқарыўшы ҳәкимиятқа басшылық етиўи демократиялық принциплерге сәйкес келеди, деп болмайды.
Ҳәкимлер аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўының ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы мәселелери бойынша жергиликли Кеңеслерге есап беретуғыны ҳәммеге белгили. Кеңеслер болса өз орнында тийисли қарарлар қабыл етеди. Енди, айтың, есап-санағын өзи басшылық етип киятырған жергиликли Кеңеске усыныўы ҳәм тастыйықлатыўы, өзиниң жумысына өзи баҳа бериўи дурыс па!
Бул система ҳәкимлер менен жергиликли Кеңеслердиң ўазыйпаларын нәтийжели орынлаўға унамсыз тәсир етип атырғанын заманның өзи көрсетпекте. Биз келешекте усы мәселе бойынша нызамға тийкарланған дурыс шешим табамыз.
Ҳәкимлердиң аймақларды раўажландырыў, жергиликли бюджетти орынлаў, коммуналлық машқалаларды шешиў сыяқлы әҳмийетли жумысы үстинен халқымыз өз ўәкиллери арқалы тийисли қадағалаўды әмелге асырыўына имканият жаратып бериў бизиң ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалыўы зәрүр.
Бүгинги шараятта әйне ашық-айдынлық ҳәм есап бериў жуўапкершилиги мәмлекетлик аппаратты нәтийжели қәлиплестириўдиң әҳмийетли шәрти болып табылады.
Жақын келешекте барлық мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў ҳәм мәмлекетлик мүлкти сатыў ушын Интернет тармағында бирден-бир майдан шөлкемлестириў зәрүр. Ол бюджет қәрежетлерин қысқартыў, мәмлекетлик мүлкти нәтийжели басқарыў ҳәм үлкен қаржыларды үнемлеў имканиятын береди.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бағдарында әмелге асырып атырған реформаларымызда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң орны ҳәм роли шексиз екенин айрықша атап өтиў зәрүр.
Ҳәзирги күнде елимизде 9 мыңнан аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем бар, 29 халықаралық ҳәм шет елдеги ҳүкиметлик емес шөлкемлердиң филиаллары менен ўәкилханалары жумыс алып бармақта. 2017-жылы «Нураний» қоры, Жаслар аўқамы, Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Саўда-санаат палатасы, өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес сыяқлы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын жетилистириўге, оларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған айрықша пәрманлар менен қарарлар қабыл етилди. Бирақ, әне, усындай әҳмийетли ис-ҳәрекетлерге қарамастан, халықтың машқалаларын системалы үйрениў, оларды анық шешиў, әсиресе, социаллық шараяты аўыр ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлық пенен жынаятшылықтың алдын алыў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселелеринде усы шөлкемлердиң қатнасы толық дәрежеде сезилмей атыр. Олар тек атына ғана мәжилислер өткериў менен бәнт болып қалмақта.
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бүгинги айтылған сын пикирлерден жуўмақ шығарып, өз жумысында бурылыс жасайды, деп исенемиз. Усы социаллық структуралар менен әмелий пикирлесиўди жолға қойыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президенти жанында Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңесин дүзиў мақсетке муўапық, деп есаплайман.
Бул бағдардағы және бир әҳмийетли машқалаға тоқтап өтпекшимен. Бүгинги күнге шекем мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың анық ҳуқықый механизмлери жаратылмаған. Бул болса мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысын қалыслық пенен баҳалаўға кесент бермекте. Соннан келип шығып, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың тәсиршең және әмелий механизмлерин енгизиў мақсетинде «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамды қабыл етиў зәрүр. Усы мүнәсибет пенен барлық мәмлекетлик уйымлардың жанында жумыс алып баратуғын жәмийетлик кеңеслерди шөлкемлестириўди усыныс етемен. Бул жәмийетлик кеңеслер мәмлекетлик уйымларлардағы жумыстың ашық-айдынлығын тәмийинлейтуғын, оларды халық пенен тиккелей байланыстыратуғын көпир ўазыйпасын орынлаўы зәрүр.
Жәмийетлик турмысымызда демократиялық принциплерди беккемлеўде Ғалаба хабар қураллары әҳмийетли ҳәм тәсиршең фактор болып табылады. Бул бағдарда шын мәнисиндеги профессионал заманагөй журналистиканы жетилистириў, атап айтқанда, мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларын, мәлимлеме ҳәм талқылаў Интернет сайтларды қаржылай қоллап-қуўатлаўға итибар қаратыў, бул ушын айрықша мәмлекетлик қорды дүзиў мақсетке муўапық болады.
Бүгинги күнде елимизде 1 мың 500 ден аслам ғалаба хабар қураллары жумыс алып бармақта. Олар мүлк түрине, бағдарына, мәлимлеме жеткерип бериў қуралларына бола ҳәр түрли, өз-өзинен көринип турғанындай олардың барлығына жоқары маманлықтағы кадрлар керек.
Тилекке қарсы, бундай кең көлемли ўазыйпаны талап дәрежесинде шешетуғын таяныш жоқары оқыў орны елимизде жоқ. Усы мүнәсибет пенен Журналистика ҳәм ғалаба коммуникация қураллары университетин шөлкемлестириў зәрүр, деп есаплайман.
II.Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаўдың тийкарғы бағдарлары
Ҳүрметли депутатлар ҳәм сенаторлар!
Мен бир пикирди қайталаўдан шаршамайман: халқымыз ҳәмме нәрседен үстин қоятуғын әдалатты турмысымызда шын мәнисинде орнатыў ең тийкарғы ўазыйпамызға айланыўы шәрт.
Өткен бир жыл даўамында суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар басланды. Атап айтқанда, судлардың структурасын ҳәм судьялық лаўазымларына талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде ҳеш бир ҳәкимият буўынына бойсынбайтуғын уйым Судьялардың жоқарғы кеңеси шөлкемлестирилди. Кеңес тәрепинен судьялыққа талабанларды таңлаўда ҳәм тайынлаўда тәсиршең жәмийетлик қадағалаў орнатылды.
Усы тараўдағы реформаларды даўам еттириўимиз керек. Сол мақсетте Олий Мажлис жанында Суд ҳәкимияты еркинлигин тәмийинлеўге көмеклесиў комиссиясын шөлкемлестириў зәрүр деп есаплайман. Бул комиссия адамлардан келип түсип атырған мүрәжатларды, халық пенен тиккелей ушырасыў ҳәм пикирлесиў процесинде көтерилип атырған мәселелерди улыўмаластырыўы, парламентлик сораў арқалы ҳақыйқый жағдайды талқылаўы, Жоқарғы суд ҳәм Судьялардың жоқарғы кеңеси менен бирге машқалаларды шешиў илажларын көриўи лазым.
Суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеў ушын, биринши гезекте, судьяларды әдил судлаўға тәсир өткеретуғын факторлардан қорғаў керек. Тергеў ҳәм суд исине араласыў жағдайларын анықлаў, бул ушын жуўапкершиликти күшейтиў ҳәм жазаның сөзсиз екенин тәмийинлеў оғада әҳмийетли болып таыблады.
Биз «Хабэес корпус» институтын енгизиўде ҳәм тергеў алып барыўда суд қадағалаўын күшейтиў бағдарындағы жумысларды избе-из даўам еттиремиз. Соннан келип шыққан ҳалда, тинтиў өткериўге ҳәм жынаят ислеўде гүман етилген шахслардың телефондағы сөйлесиўлерин еситип турыўға санкция бериў ҳуқықын судларға өткериў зәрүр.
Биз айырым қылмысларды жынаятлар категориясынан шығарыў ҳәм либералластырыў, жынайый жазаларды инсаныйлық көз-қарасынан өзгертиўге айрықша итибар қаратамыз. Усы мақсетте 2018-2021-жылларда жынаят ҳәм жынаят-процессуал нызамшылықты раўажландырыў концепциясын қабыл етиўимиз ҳәм әмелге асырыўымыз зәрүр.
Халқымыздың кеширимли болыў ҳәм кеңпейиллик сыяқлы әзелий қәдириятларынан келип шығып, жынайый жуўапершиликке тартыў мүддетлерин қайта көрип шығыў лазым. Сондай-ақ, жоқары профессионаллық дәрежеде жумыс алып баратуғын маман судьяларды таярлаўға хызмет ететуғын Өзбекистан Республикасы Әдил судлаў академиясын шөлкемлестириўимиз керек.
Конституция байрамына бағышланған мәжилисте атап өтилгениндей, буннан былай Өзбекистанда қамаққа алынған ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартылған шахсларға қыйнаў, руўхый ҳәм физикалық басым өткериў, басқа да инсанға жат зорлыққа улыўма жол қойылмайды. Бундай ҳәрекетлерди ислеген хызметкер ямаса кимниңдур «буйыртпасы»н орынлаған ҳәр қандай шахс, ким болыўына қарамастан, сөзсиз нызамлы жазаға тартылады.
Судланған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлейтуғын қосымша механизмлер жаратыўды есапқа алған ҳалда, жынаят-атқарыў нызамшылығын буннан былай да жетилистириў үлкен әҳмийетке ийе.
Жазаны өтеў мәкемелериниң системасын сын көз-қарастан үйрениў ҳәм түп-тийкарынан жетилистириў шеңберинде 2018-2022-жылларда тийисли илажлар бағдарламасын қабыл етиў режелестирилмекте.
Инсан ҳуқықлары бузылыўының алдын алыў мақсетинде барлық ўақтынша сақлаў ҳәм тергеў қамақханалары, жазаны өтеў мәкемелери видеобақлаў қураллары менен тәмийинленеди. Келеси жылдан баслап ишки ислер уйымлары жол-патруль ҳәм пост-патруль хызметлерин өз ўазыйпасын орынлаў, әсиресе, пуқаралар менен пикирлесиў процесин сүўретке алыў имканиятын беретуғын видеокамералар менен тәмийинлеймиз. Бул система тараўындағы бар дәмегөйлик ҳәм лаўазымынан өз мәпине пайдаланыў жағдайларының алдын алыў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта ўәлаятлар арасында жол-патруль постларының ескише жайласыўы ҳәрекетлениў еркинлигин шеклеп, саўда-экономикалық қатнасықлар, ишки ҳәм сыртқы туризмниң раўажланыўына унамсыз тәсир етпекте.
Өзиңиз ойлаң, бүгинги күнде елимиздиң аймағында 60 тан аслам усындай постлар бар. Енди көз-алдыңызға келтириң, әпиўайы адам Хорезмнен Ташкентке машинада келмекши болса, жолда 17 посттан өтеди. Ферғана ойпатлығынан киятырған адам болса 8 әне, усындай постқа дус келеди. Усы мүнәсибет пенен ўәлаятлар шегарасындағы барлық жол-патруль постларын сапластырыў, патруль хызмети стационар постларының санын кескин азайтыў зәрүр.
Биз ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурып атырған екенбиз, ҳәр тәреплеме билимли, жоқары маманлықтағы, халықаралық стандартларға жуўап беретуғын, өз кәсибиниң ҳақыйқый пидайысы болған ҳуқықтаныўшы кадрлар таярлаў жумысларын жетилистириўимиз кереклигин айрықша атап өтиў орынлы.
Ҳәзирги ўақытта елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелерине юридикалық қәнигелик бойынша бир жылда 600 ге шамалас студент қабыл етиледи. Бул жәми жоқары оқыў орынларына қабыл етилетуғын студентлердиң тек ғана бир процентин қурайды. Өзиңиз айтың, буның менен мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң ҳуқықтаныўшы қәнигелерге болған, барған сайын артып атырған талабын қанаатландырыў мүмкин бе! Әлбетте, жоқ. Бул бағдарда Ташкент мәмлекетлик юридикалық унверситетиниң оқыў-методикалық базасын кеңейтиў менен бирге, елимизде усы бағдардағы ири ҳәм абыройлы шет ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиалларын шөлкемлестириў биз ушын әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Елимизде соңғы жылларда адвокатураны раўажландырыў бойынша итибарға ылайық жумыслардың әмелге асырылғаны бәршемизге белгили. Енди адвокатлардың консалтинг хызмети, яғный мәчләҳәт бериў ҳәм исбилерменлик субъектлерине ҳуқықый жәрдем көрсетиў бағдарындағы жумысын жетилистириў илажларын көриўимиз зәрүр. Адвокатлар тәрепинен юридикалық хызметлер көрсетиў бағдарындағы жумысты кеңейтиў дәркар. Соның ишинде, исбилерменлерге руқсат беретуғын ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде көмеклесиў, мәмлекетлик уйымларда ўәкиллик етиў, келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў, мийнет ҳуқықы бойынша юридикалық хызметлер көрсетиў, ҳуқықый саўатлылықты арттырыў сыяқлы бағдарларда бундай хызметлерди күшейтиў керек.
Усы ўақытқа шекем ҳуқық қорғаў уйымлары менен суд мәкемелериниң тийкарғы ўазыйпасы көпшилик жайдайларда адамларды жазалаўдан ибарат болып келгени бәршемизге белгили. Бул – ашшы ҳақыйқат. Усы мүнәсибет пенен бир пикирди айрықша атап өтпекшимен: ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери жақсы билип алсын – «тексер-тексер» ҳәм «деди-деди» түриндеги сөзлер тийкарында жуўапкершиликке тартыўдан халқымыз қатты шаршаған.
Ўәкиллик шеңберинен шығып, барлық тараўларға араласыў, ўатан ҳәм халық мәпи бир шетте қалып, өз мәпи жолында «мәкеме» атын сатыў дәўири өтти. Яғный енди бирде-бир пуқара қәлбеки дәлиллер, дөҳмет ҳәм жалалар тийкарында жуўапкершиликке тартылмаўы шәрт. Конституция ҳәм нызам нормалары сөзсиз ислеўи ушын исенимли кепилликлер жаратыўымыз зәрүр.
Биз ҳәр бир ҳуқық қорғаў уйымы тиккелей өз ўәкиллиги шеңберинен шықпайтуғын, бир-бириниң функциясын қайталамайтуғын системаны жетилистириўимиз шәрт. Қысқаша айтқанда, ишки ислер – жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў менен, миллий қәўипсизлик – мәмлекетти ишки ҳәм сыртқы қәўиплерден қорғаў менен шуғылланыўы зәрүр. Прокуратура болса нызамлардың орынланыўы үстинен қадағалаў алып барыўы зәрүр. Судлардың тийкарғы ўазыйпасы әдилликти жүзеге шығарыўдан ибарат. Бул ушын суд ҳәр бир ис бойынша нызамлы, тийкарлы ҳәм әдалатлы қарар шығарыўы лазым. Сол мақсетте өткен бир жыл даўамында суд, прокуратура, ишки ислер уйымларының жумысын түп-тийкарынан реформалаў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырдық. Усы мәкемелердиң ўазыйпалары анық белгиленип, олардың жумысы халық мәплерине хызмет етиўге бағдарланбақта. Бирақ, бул бағдарда қабыл етилген бир қатар нызамлар, пәрманлар менен қарарларымыз турмысқа толық енгизилди, деўге, әлбетте, еле ерте.
Көрилип атырған илажларға қарамастан, ишки ислер уйымлары еле шын мәнисиндеги «Халықсүйер ишки ислер уйымлары»на айланған жоқ.
Прокуратура уйымларының болса жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысы толық емес.
Суд мәкемелери елеге шекем ҳәр қандай жағдайда әдиллик қалқып шығатуғын орынға айланған жоқ.
Усы мәкемелердеги барлық хызметкерлердиң жумысы пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын қорғаўға толық жумсалмақта, деп айта алмаймыз. Сонлықтан бул тараўдағы реформаларды келешекте де сөзсиз ҳәм избе-из даўам еттиремиз.
Суд ҳәм ҳуқықты қорғаў мәкемелериниң жумысына тек ғана халқымыздың өзи баҳа береди. Олар ушын бирден-бир ҳәм ең үлден талап – бул пуқаралардың нызамлы мәплерине хызмет етиўден ҳәм олардың ҳуқықларын ҳәр қандай жағдайда да қорғаўдан ибарат. Ең тийкарғысы, биз бир мәкемениң қолында барлық ўәкилликлер менен ресурслардың жыйналып қалыўына, өз-ара тыйып турыў ҳәм мәплер тең салмақлылығы принципиниң бузылыўына жол қоймаўымыз зәрүр.
Усы жерде, Миллий қәўипсизлик хызмети мәкемелери бүгинги күнге шекем 26 жыл бурын Ҳүкимет тастыйықлаған Реже тийкарында жумыс ислеп киятырғанын атап өтиў орынлы. Бул Реже шерек әсир даўамында өзгертилмегени ҳәм ҳәр қандай әпиўайы мәселе де миллий қәўипсизликке қарсы деп баҳаланып келингени усы мәкеме ўәкилликлериниң тийкарсыз кеңейип кетиўине себеп болған.
Ҳәзирги ўақытта дүньяның айырым регионларында жүзеге келген тынышсызлық жағдайы халық миграциясының күшейиўине, бул болса, өз гезегинде, терроризм менен экстремизиниң тарқалаўына және олардың глобал машқалалардан бирине айланыўына алып келмекте. Бундай жағдайда миллий мәмлекетшилигимиз, ғәрезсизлигимиз, халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын ҳәм қәўипсизлигимизди сақлаў биз ушын ең тийкарғы ўазыйпаға айланып бармақта. Әне, усы көз-қарастан ҳәм глобалласыў дәўириниң барлық қәўиплерин инабатқа алған ҳалда, Миллий қәўипсизлик хызметиниң жумысын да реформалаў ўақты келди. Усы мүнәсибет пенен «Ҳуқық қорғаў уйымлары ҳаққында»ғы ҳәм «Миллий қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы нызамларды ислеп шығыўды және қабыл етиўди усыныс етемен. Бул нызамлардың қабыл етилиўи пуқаралардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин және абадан турмысының кепилликлерин буннан былай да беккемлеў ушын ҳуқықый тийкар жаратады , деп ойлайман.
III.Экономиканы раўажландырыўдың ҳәм либералластырыўдың тийкарғы бағдарлары
Қәдирли дослар!
Ҳәр қандай реформаны ҳәм өзгеристи турақлы экономикасыз әмелге асырып болмайтуғынын бәршемиз жақсы түсинемиз. Биз өткен жыл даўамында бул бағдарда кең көлемли жумысларды басладық. Лекин, миллий экономикамызды беккемлеў, елимизди раўажланған мәмлекетлердиң қатарына алып шығыў ушын алдымызда еле көплеген ўазыйпалар тур.
Бүгинги күнде дүньяда инновациялық раўажланыў модельлерин енгизиў, алдынғы идеялар, «нау-хау» ҳәм «ақыллы» технологияларды экспорт етиў есабынан тез пәт пенен раўажланып атырған мәмлекетлердиң саны барған сайын артып бармақта. Елимизде бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды, тилекке қарсы, қанаатландырарлы деп болмайды, десем, сизлер де бул пикирге қосыласыз, деп ойлайман.
Халықаралық валюта фондының мағлыўматларына бола, халықтың жан басына туўра келетуғын жалпы ишки өнимниң көлеми бойынша Өзбекистан дүнья рейтингинде 187 ел арасында 134-орында тур. Бул Өзбекистан оғада бай тәбийғый ресурсларға, үлкен экономикалық потенциалға ийе болған мәмлекет екенинен дәрек береди. Елимиз топырағында алтын, гүмис, мыс, уран, нефть, тәбийғый газ, көмир сыяқлы тәбийғый қазылма байлықлардың үлкен резервлери бар. Улыўма, Менделеевтиң химиялық элементлер кестесиндеги барлық элементлерди елимизден табыў мүмкин. Биздеги өнимдарлы топырақ, төрт мәўсимде де қуяш шығып туратуғын қолайлы ықлым менен бийтәкирар тәбиятты, өзиңиз айтың, және қай жерден табыў мүмкин!
Барлық гәп әне, сол бийбаҳа байлықты халқымыздың мәпи жолында ақылға уғрас ҳәм нәтийжели ислете алыўда. Бирақ, ашық тән алыўымыз керек, бул мәселеде биз артта қалмақтамыз. Мысалы, 2017-жылы елимизде газ ислеп шығарыў көлеми 56,5 миллиард куб метрди қурады. Лекин, усы тараў жыллар даўамында модернизацияланбағаны себепли жоғалтыў муғдары жүдә үлкен 20-23 процентти қурамақта. Бул байлықтың үлкен бөлеги бийкардан-бийкарға ысырап болып атырғаны, әлбетте, бәршемизди ойландырыўы, тәшўишке салыўы керек. Себеби, Қудай бундай байлықты ҳәммеге де бермеген. Оны қәдирлеў, ҳәр бир мысқалын абайлап ислетиў керек.
Экономика бул есап-санақ дегени. Ҳәр бир исимизде пуқта есап-санақбиринши орында турыўы лазым. Керисинше болса, барлық исимиз бурынғысынша қала береди. Мине, мәселен, 2018-жылы 66 миллиард куб метр тәбийғый газ ислеп шығарыўымыз керек. Соннан 17 миллиард куб метр газ «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине жеткерип бериледи. Соның есабынан 56 миллиард киловатт электр энергиясы ислеп шығарылады. Тилекке қарсы, бизде электр узатыў тармақлары гөнерип кеткен. Соның ақыбетинде 15-20 процент электр энергиясы тутыныўшыға жетип бармастан, тармақтың өзинде бийҳуўда жоқ етилмекте.
Ямаса және бир мысал. «Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийети қурамына киретуғын кәрханалар тәрепинен жылына 10 миллиард куб метр тәбийғый газ пайдаланылады. Сол тийкарда минерал төгинлер ислеп шығарылып, фермерлеримизге жеткерип бериледи. Фермер хожалықларынан бул ушын қаржылар өз ўақтында өндирилмегени себепли «Өзхимиясанаат» кәрханалары 2017-жыл 1-декабрьге шекем тәбийғый газден 890 миллиард сум қарыздар болып қалған.
Базар шараятында өним жеткерип бериўши де, тутыныўшы да өзиниң шәртнамалық миннетлемелерин толық орынлаўы керек. Керисинше болса, бир орында тепсинип, басымыз машқаладан шықпайды.
Экономикада басқарыў системасы гөнергени, инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў бойынша нәтийжели механизмлер өз ўақтында енгизилмегени де үлкен машқала болып қалмақта. Сондай-ақ, технологиялық қалақлық, ресурслар менен энергияны үнемлейтуғын технологиялар, альтернатив энергия дереклерин енгизиўдиң төменлиги де экономикалық раўажланыў жолында тосқынлық болып қалмақта.
Ең жаманы, перспективалы ири жойбарларды белгилеў ҳәм әмелге асырыўда үлкен қәтеликлерге жол қойылғаны, сырт ел кредитлериниң нәтийжесиз ислерге сарыпланғаны экономиканың раўажланыўына кесент етпекте. Мәселен, елимизде 25 жыл даўамында алынған кредитлердиң көпшилиги жетерлише экономикалық нәтийже бермегенин түрли экспертлер ҳәм қәнигелер ашық тән алмақта. Мысал ушын, Қарақалпақстанда қурылған Үстирт газ-химия комплекси күтилген экономикалық пайданы бермей атыр. Қаржы министрлигинде отырған айырым «ҳәмелпаразлар» ўақтында бул дүньядағы ең зор жойбар, деп пүткил дүньяға жар салған еди. Лекин, қәне нәтийже?
Бундай ашынарлы жағдайды халқымыздың ең үлкен зәрүрликлерине байланыслы социаллық бағдарламалар бойынша да көриў мүмкин. Мысал ушын, халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде соңғы 10 жылда 17 жойбар шеңберинде 618 миллион доллардан аслам сырт ел кредит қаржылары тартылды. Егер усыншама валюта халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў ушын нәтийжели ислетилип, анық нәтийжеге ерисилгенинде, әлбетте, бул исте инта көрсеткен экономика комплексиниң басшыларына бүгин мың мәрте рахметлер айтар едик. Лекин, тилекке қарсы, бундай болғаны жоқ. Басланған жойбарлардың көпшилиги ақырына жеткерилмеди. Ишимлик суўы қаншадан-қанша адамлар ушын еле де татлы әрманлығынша қалмақта. Олардың үмити, исеними ақланбағаны ушын ким жуўап береди?
Биз, бәринен бурын, шеттен кредит ҳәм инвестициялар алып келиў бойынша нәтийжели система жаратыўымыз, ҳәр бир кредитти анық ислетиўди үйрениўимиз лазым. Бул мәселеде жети өлшеп, бир мәрте кесетуғын, ақыбетин пуқта ойлап жумыс алып баратуғын дәўир келди.
Усы көз-қарастан, мәмлекеттиң инновациялық жаңаланыў бағдарламасын қәлиплестириў, инновация ҳәм инвестициялардан нәтийжели пайдаланатуғын жаңа әўлад кадрларын, жаңа инвесторлар класын таярлаў оғада айрықша әҳмийетке ийе. Бул ушын Өзбекистанды технологиялық раўажландырыў ҳәм ишки базарды модерниязациялаў бойынша күшли миллий идея, миллий бағдарлама керек. Бул бағдарлама Өзбекистанды дүньядағы раўажланған мәмлекетлер қатарына тезирек алып шығыўға имкан жаратыўы тийис.
Елимизде тийкарғы энергия ресурсларының нырқы төмен болып қалып атырғаны базар экономикасы шараятында өзин ақламаслығын, әлбетте, ҳәммемиз жақсы түсинемиз. Мәселен, Өзбекистанда халық ҳәм санаат кәрханалары ушын 1 мегаватт саат электр энергиясының баҳасы 25 АҚШ долларын қурайды. Германияда болса бул баҳа халық ушын 332 доллар, кәрханалар ушын 144 доллардан ибарат. Россияда тийислисинше 47 ҳәм 51 долларды, Ҳиндстанда 68 ҳәм 87 долларды қурайды. Сондай-ақ, 1000 куб метр тәбийғый газдиң баҳасы Өзбекистанда 32,9 доллар, Швецияда 1552, Португалияда 1132 доллардан зыят, Италияда 1045, Германияда 785 доллардан, Англияда болса 770 доллардан артықты қурайды. Бул сан Россияда 83 доллардан, Қазақстанда 45 доллардан зыят.
Көринип турғанындай, бизде энергия ҳәм тәбийғый газ ресурслары раўажланған еллерге салыстырғанда бир неше есе арзан. Лекин, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў жоқлығы нәтийжесинде өзине түсер баҳасының кемейиўине, өним көлеминиң өсиўине ерисиў қыйын болмақта.
Энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ушын мәмлекетимиздиң энергетика системасын реформалаўымыз, бул бағдарда анық стратегия ислеп шығыўымыз лазым. Бәринен бурын, нәтийжесиз ҳәм зыян менен ислейтуғын кәрханаларды меншиклестириў, монополияны сапластырыў керек. Сондай-ақ, электр энергиясын жеткерип бериўде бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм альтернатив энергия дереклеринен пайдаланыўды хошаметлеў зәрүр. Бул ушын жеке секторды кеңнен тартқан ҳалда, өндиристи қаржыландырыў бойынша базар механизмлерине өтиў талап етиледи.
Биз 2018-жылды Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы деп жәриялаған екенбиз, келеси жылы белсенди исбилерменликти раўажландырыў дыққат-итибарымыз орайында болады. Бул тараўды қоллап-қуўатлаў, бизнес субъектлерин жедел ҳәм турақлы раўажландырыў жолындағы тосқынлықлар менен иркинишлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар көриледи.
Тилекке қарсы, исбилерменлик ҳәрекетин шөлкемлестириўде еле де машқалалар жоқ емес.
Елимизде исбилерменлик не ушын күтилген дәрежеде раўажланбай атыр? Себеби, бул тараў ўәкиллерин тийкарсыз рәўиште тексериў жағдайлары көп. Ашығын айтқанда, исбилерменликтиң еркин раўажланыўына өзимиз мәмлекетлик уйымлар жол қоймай атырмыз. Ҳеш кимге керек болмаған тәртип-қағыйдалар еле сақланып қалмақта, орынларда көп ғана ҳәмелдарлар тек өзиниң жеке мәпин ойлап ис көрмекте.
Бул ҳаққында сөз еткенде, атақлы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Уинстон Черчилльдиң бир гәпи ериксиз еске түседи. Қараң, ол не деп жазған екен: «Айырымлар исбилермен дегенде саўын сыйырды, тек санаўлы адамлар ғана исбилермен дегенде аўыр арбаны тартып баратырған мийнеткеш атты түсинеди».
Бул гәплердиң қаншелли дурыс екенине түсиник бериўдиң қәжети жоқ, деп ойлайман.
Базар экономикасының талабы соннан ибарат, ресурс ҳәм имканиятлардан пайдаланыў имканы, яғный, жумыс майданы ҳәммеге тең болыўы керек. Жеке ҳүкимдарлық етиўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ. Усы көз-қарастан алып қарайтуғын болсақ, халықтың талабы ушын зәрүр болған өнимлерди мәмлекетимизге импорт етиў тек айырым топарлардың қолында топланып, олар ушын мол дәрамат дерегине айланып қалғанын әдалаттан деп болмайды.
Базы бир кәрханаларға жеңилликлер бериў арқалы өзимиз еркин бәсеки орталығын буўып, баҳалардың турақлы болыўына унамсыз тәсир көрсетпектемиз.
Енди биз бундай әмелияттан ўаз кешемиз. Бул мәселеде ҳәммеге тең шараят жаратылады. Жеңилликлер айырым кәрханаларға емес, ал, айрықша өндирис ҳәм хызмет түрлерин хошаметлеў мақсетинде бериледи. Жеңилликти көзгир етип, ең әҳмийетли хызмет түрлерин толық монополия етип алыўға пүткиллей жол қойылмайды.
Базар экономикасы шараятында тең ҳәм ҳадал бәсеки орталығын жаратыў мақсетинде «Мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин буннан былай да нәтийжели тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрман жойбары ислеп шығылып, кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Көпшиликке жақсы белгили: бажыхана тәртип-қағыйдаларының қурамалылығы исбилерменликке тосқынлық етип атырған тийкарғы факторлардан бири есапланады.
Жәҳән банкиниң есабына бола, экспорт-импорт ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша Өзбекистан 190 мәмлекет арасында 175-орында турғаны ашынарлы, әлбетте. Айтайық, бажыхана ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ушын Бельгияда 1 саат жеткиликли болса, бизде буған 1 айлап мүддет сарыпланады.
Импорт товарлар ҳәр бир бажыхана режиминде өз алдына тексериўден өткериледи. Бундай бажыхана режими бизде бир нешеў. Не ушын мәмлекетимиз аймағының өзинде бир жүк бир неше мәрте тексерилиўи керек! Буннан ким мәпдар! Ҳәр бир тексериў қәрежет талап етеди-ғо! Не, бизиң қаржы имканиятларымыз шексиз бе? Буннан тысқары, товардың түрине қарап муўапықлық, гигиеналық ямаса ветеринария бойынша сертификатларсыз товарларды бажыхана қоймасынан шығарыўға жол қойылмайды. Бизиң ҳәр бир бажыхана қоймамыз экспресс-лабораториялар менен үскенеленген емес пе? Бул процесслер қаншелли ашық-айдын ҳәм жәриялы, неге бул ҳаққында тийисли уйымлар жар салмайды?
Барлық раўажланған еллерде бажыхана тексериўи қәўип-қәтерден ескертиў системасы арқалы әмелге асырылады. Бул ҳәм мәмлекет ресурсларын, ҳәм исбилерменлердиң ўақтын үнемлейди. Лекин, бул система бизде елеге шекем енгизилмеген. Келеси жылдан баслап исбилерменлик субъектлери ушын бажыхана тексериўинде қәўип-қәтерден ескертиў системасы, яғный, исбилерменлердиң қаншелли ҳадал екенине қарап, оларды «жасыл» ҳәм «қызыл» өткеллер арқалы өткериўди енгиземиз.
Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кабинети (А.Арипов) 2 ай мүддетте тийисли қарар жойбарын таярлап, киргизиўи зәрүр.
Соның менен бирге, нызамсыз тексериўлер, жеке бизнес жумысларына тийкарсыз араласыўға қарсы гүрести күшейтиў керек. Усы мақсетте исбилерменлик субъектлериниң жумысларын тексериў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў зәрүр.
Қадағалаўшы уйымлардың жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңестиң жумысы дәўир талабына жуўап бермей атыр. Буны ашық тән алыў керек. Өзиңиз ойлаң, бул кеңестиң жумысшы уйымы да, ең көп тексериў өткеретуғын қадағалаў уйымы да салық мәкемесиниң өзи. Тексериў ушын ҳәм өзи руқсат берсе, ҳәм өзи тексерсе, буны қалай түсиниў мүмкин?
Усы мүнәсибет пенен тексериўлер өткериўге руқсат бериўдиң арнаўлы электрон мәлимлеме системасына өтиў ҳәм оны қадағалаўды Бас прокуратураға жүклеў мақсетке муўапық, деп ойлайман.
Биз 2018-жылға Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп атама бергенимиз мүнәсибети менен барлық исбилерменлик субъектлериниң финанслық-хожалық жумысларын тексериўди 2 жылға тоқтатсақ, не дейсиз?
Бас прокурордың басшылығында қадағалаўшы уйымлардың басшылары ҳәр айда үлгили, белсенди исбилерменлер менен ушырасыўлар шөлкемлестирип, оларды қыйнап атырған машқалаларды тыңлаў, нызамлы жумысларына тосқынлық етип атырған кемшиликлерди анықлаў ҳәм сапластырыў илажларын көрип барыўы талап етиледи.
Исбилерменлердиң ҳуқықларын исенимли қорғаўда Саўда-санаат палатасы тамашагөй болып отырмаўы тийис. Соның менен бирге, палата тек мәмлекетлик уйымлар яки лаўазымлы шахслар тәрепинен жол қойылып атырған кемшиликлерди додаламастан, исбилерменлер жол қойып атырған намақул ислерди, әсиресе, жынаятларды сын көз-қарастан додалаўы зәрүр.
Исбилерменлер жәмийетшилиги пәк емес исбилерменлерге аяўсыз болыўы лазым. Оларға биринши гезекте мәмлекет емес, ал, исбилерменлердиң өзлери мүнәсибет билдиретуғын ҳәм бул орталықтың тазалығын тәмийинлейтуғын система жаратыўымыз керек.
Және бир әҳмийетли мәселе елимизде фонд базарын, фонд биржасын буннан былай да раўажландырыў ушын Қымбат баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайының жумысын түп-тийкарынан қайта шөлкемлестириў зәрүр.
Биз бос турған мәмлекетлик мүлк объектлерин өз-ара шериклик тийкарында жеке секторға өткериў бойынша жумысларды даўам еттиремиз. Интернет тармағында электрон саўдалар ҳәм аукционлар арқалы жер участкаларын, атап айтқанда, исбилерменлер ушын ажыратыўдың бирден-бир тәртибин орнатыў зәрүр. Усы мақсетте 2018-жылдан баслап электрон саўда майданлары арқалы мәмлекетлик активлерди сатыў бойынша электрон система шөлкемлестириледи.
Экономиканы раўажландырыўда пуқта ҳәм турақлы банк-финанс системасы үлкен әҳмийетке ийе. Биз халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң банк системасына исенимин күшейтпей турып, «жасырын экономика»дан толық қутыла алмаймыз.
2018-жылы банк системасы хызметин раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда банклер менен исбилерменлик субъектлери арасында нәтийжели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын тәмийинлеў мәселелерине тийкарғы итибарды қаратыў зәрүр.
Валюта базарын реформалаўға қарсы болған айырым «экспертлер»диң екилениўине ҳәм «мәсләҳәт»лерине қарамастан, биз қысқа мүддетте халықаралық стандартлар тийкарында валютаны либералластырыў процесин басладық. Лекин, биз жақсы түсинемиз, бул ис усы тараўдағы реформалардың басланыўы ғана.
Валюта сиясаты бизнес ҳәм экономиканы раўажланыдырыў мәплерине толық хызмет етиўи, инвестициялық жумысларға унамлы түртки бериўи лазым.
2018-жылы салық сиясатын әмелге асырыўда кескин илажлардан ўаз кешемиз. Себеби, реформалар дәўиринде мәмлекетлик системаның үзликсиз хызмет көрсетиўи ушын бюджеттиң турақлылығы суў менен ҳаўадай зәрүр.
Өзбекистанда ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў нийетинде болған инвесторлар ушын мәмлекетимизди тартымлы етиў мақсетинде салық системасын жетилистириў бойынша еле көп жумыс ислеўимиз керек.
Барлық бизнес категориялары ушын салық жүгин азайтыў ҳәм қолайластырыў, сол тийкарда өндиристи ҳәм салыққа тартылатуғын базаны кеңейтиў зәрүр.
Өз зәрүрлиги ушын объектлер қурып атырған, жаңадан шөлкемлестирилген киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлерине бирден-бир салық төлемин белгили бир мүддетке кешиктириў ҳуқықын бериў дәркар. Сондай-ақ, киши кәрханалар ушын қосымша қун салығын төлеўге өтиўди хошаметлеў шәрт.
Соның менен бирге, тез раўажланып атырған, ириленип баратырған кәрханаларды хошаметлеў сиясатына өтиў лазым.
Салық жеңилликлерин бериўде индивидуал көз-қараслардан ўаз кешип, оларды тек экономиканың белгили бир тармақлары ушын қолланыў әмелиятына өтиўди усыныс етемен.
Ең әҳмийетлиси, инвесторлардың нәзери менен қарағанда, салық системасы узақ мүддет даўамында анық ҳәм түсиникли болыўы керек. Сол ушын салық системасында пуқта ойланған, узақ мүддетке мөлшерленген сиясатты әмелге асырыў лазым.
Биз мәмлекетимиздиң бюджет системасын қайта көрип шығыўымыз, бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлери халқымыз ушын ашық-айдын ҳәм жәриялы болыўын тәмийинлеўимиз зәрүр.
Усы жерде күни кеше болып өткен Сенат мәжилисинде Өзбекистан Республикасының 2018-жылғы мәмлекетлик бюджети ҳәм де салық системасын жетилистириўге байланыслы әҳмийетли нызамлар мақулланғанын атап өтиў керек. Бул нызамларға қол қойыўда мен оларда халқымыз мәплерин толық сәўлелендириў, исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын және де қолайлы шараят жаратыў, аймақларымызды раўажландырыў бойынша анық илажлар нәзерде тутылған ба, жоқ па соған айрықша итибар қаратаман. Керек болса, бул нызамларды әпиўайы адамларымыз ҳәм исбилерменлеримиздиң мәпи көз-қарасынан қайта көрип шығыўға да таярман.
Бизде ең үлкен машқала не, билесизлер ме?
Бизде инвестициялық бағдарламаларды қәлиплестириўде пуқта режелестирилген, узақ мүддетке мөлшерленген бирден-бир концепция жоқ.
Ҳәр бир мәмлекетлик сапар етиўде биз сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша бир неше миллиард долларлық келисимлерге ериспектемиз. Бирақ, бул келисимлерди әмелге асырыў жүдә әсте-ақырынлық пенен бармақта. Неге дегенде, бул бағдарда анық ислейтуғын система жоқ.
Әмелдеги инвестициялық бағдарламаларда анық бир жойбарға тийисли мағлыўматлар жоқ. Бағдарламаларды қәлиплестириўде Экономика министрлиги, жергиликли ҳәкимликлер тек санлардың изинен қуўыў менен бәнт. Олар усы мақсетте экономикалық пайда бермейтуғын, келешеги жоқ, қаржыландырыў дереклери анық болмаған жойбарларды да бағдарламаға қосып жибериў, жойбар баҳасын тийкарсыз арттырып көрсетиў, бир сөз бенен айтқанда, көз бояўшылық пенен шуғылланбақта.
Бундай унамсыз әмелиятқа шек қойыў ўақты келди. Биз бул жағдайларды сапластырыў ҳәм инвестицияларды экономиканың реал секторына тартыў, жойбарларды қәлиплестириўдиң пүткиллей жаңа механизмин енгизиў бойынша қарар қабыл еттик. Асығыслық пенен ислеп шығылатуғын жасалма инвестициялық бағдарламаларды қабыл етиў әмелиятынан пүткиллей ўаз кешилди.
Буннан былай раўажланыўдың узақ мүддетке мөлшерленген концепциялары ислеп шығылады. Бул бағдарда биринши қәдем сыпатында Өзбекистан Республикасының раўажланыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалары қабыл етилип, бул бағдарламаларды қаржыландырыў фонды шөлкемлестирилди.
Экономиканы раўажландырыўда халықтың қолында топланған қаржыларды инвестиция түринде ҳәрекетке келтириў, адамларда исбилерменлик сезимин күшейтиў әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири. Усы мақсетте Интернет тармағында жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларын статистикалық мәмлимлемелер менен тәмийинлейтуғын, бизнес жүргизиў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўмат беретуғын «Инвестиция порталы»н ашыўды усыныс етемен.
Сырт ел тәжирийбелери тийкарында барлық инвесторлар ушын күни-түни ислейтуғын бийпул мобиль телефонлар байланысын шөлкемлестириў зәрүр. Сырт елли инвесторлар ушын өз капиталын тезирек алып шығып кетпестен, оны қайта инвестиция етиўге ийтермелейтуғын хошаметлеў системасын жаратыў ҳаққында да ойлап көриў лазым.
Ҳәкимлер, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларының инвестицияларды тартыў, сырт елли инвесторлар менен бирге ислесиў, жаңа өндирис түрлерин шөлкемлестириў, жумыс орынларын жаратыў бойынша белсендилигин арттырыў зәрүр. Кейинги жылдан баслап орынларда инвесторлар ушын жаратылған шараятларды анықлаў бойынша рейтинг нәтийжелери жәрияланып барылады, керек болса, аймақ басшыларының жумысларына әне усы критерия тийкарында баҳа бериледи.
Бизге белгили болғанындай, бүгинги күнде дүньяның 33 елинде елшиханаларымыз бар. Лекин, елимиздиң инвестиция тараўындағы тартымлылығын арттырыў, сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыўға көмеклесиў бойынша Сыртқы ислер министрлиги өз имкниятларынан толық пайдаланып атыр ма? Елшиханалардағы саўда-экономикалық мәселелер бойынша мәсләҳәтшилердиң жумысы қанаатландырарлы ма?
Елшилеримиз ушын экономика, инвестиция мәселелери, тилекке қарсы, екинши дәрежели болып қалған. Олар тек ғана «сиясат» пенен бәнт. Елшиханаларда экономика, қаржы, инвестиция мәселелери бойынша қәнигелер жетиспейди. Буннан былай, керек болса, ҳәр бир елшихана хызметкерин лаўазымға тайынлаўда олардың экономикалық билим ҳәм көнликпелерин өз алдына үйрениў системасын енгизиў зәрүр.
Ҳүрметли дослар!
Сыртқы экономикалық тараўда еле иске қосылмаған үлкен имканиятлар ҳәм резервлер барлығын атап өтиў лазым. Бул бағдарда биз Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм ири шериклеримиз Қытай, Россия, Қубла Корея, АҚШ, Түркия, Европа Аўқамы еллери менен саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиўди даўам еттиремиз.
Келеси жылы Өзбекистан Республикасының сыртқы саўда жүклерин дүньядағы ҳәм региондағы тийкарғы базарларға алып шығатуғын исенимли транспорт ҳәм транзит коридорларын избе-из қәлиплестириўге айрықша итибар қаратыў лазым.
Бүгинги күнде бизиң тийкарғы жүклеримиз Қазақстан транзит коридорлары арқалы, әсиресе, ең көп жүклер «Сарыағаш» станциясынан өтеди ҳәм бул маршрут имканиятлары бизиң талапларымызды толық қанаатландырмақта, деп айта алмаймыз. Бул станциядан товарларды Өзбекистан аймағына алып кириўде электровозлар, заманагөй терминаллардың жетиспеўи, темир жол тармақларындағы бәнтлик өнимлердиң узақ мүддет қалып кетиўине себеп болмақта. Бул болса, елимиз экономикасына унамсыз тәсир етпекте. Сол себепли логистикалық маршрутларды диверсификациялаў, бул бағдарда қоңсыларымыз бенен әмелий сөйлесиўлер өткериў зәрүр.
Қытай мәмлекетиниң басламасы менен әмелге асырылып атырған «Бир мәкан, бир жол» жойбары шеңберинде елимиздиң транспорт-коммуникация инфраструктуралары тараўындағы имканиятларын арттырыў лазым. Транзит мәмлекетлер, атап айтқанда, Түркменстан, Иран, Қазақстан, Россия, Әзербайжан ҳәм Грузия аймақларынан тийкарғы экспорт жүклерин транзит түринде тасыўда преференцияларға ийе болыў ҳаққында терең ойлаўымыз керек. Сол себепли сырт елли ҳәм жергиликли инвесторлардың логистика тараўында анық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди хошаметлеўимиз дәркар.
Сондай-ақ, миллий жүк тасыўшыларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменлерге қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде «Миллий логистика порталы»н шөлкемлестириў лазым.
Келеси жылы Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша сөйлесиўлерди қайта баслаймыз. Экспортты және де хошаметлеў мақсетинде техникалық жақтан тәртипке салыў системасын халықаралық стандартларға үйлестириў лазым. Тийкарғы мақсетлеримизден бири сыртқы базарға сапалы ҳәм сертификатланған өнимлерди «өзбек бренди» атамасы менен алып шығыўдан ибарат.
Ҳәзирги күнде миллий экономикаға жоқары дәрамат келтиретуғын перспективалы тармақлардан бири бул туризм. Өзбекистан туризм тараўында үлкен потенциалға ийе болған мәмлекет есапланады. Елимизде 7 мың 300 ден аслам мәдений мийрас объектлери бар ҳәм олардың көпшилиги ЮНЕСКО дизимине киргизилген.
Соның менен бирге, елимиздиң бийтәкирар тәбияты, гөззал дем алыў зоналарының имканиятларынан пайдаланып, жаңа туристлик жөнелислер ашыў мүмкин. Бул тараўға дүнья брендлерин белсенди тартқан ҳалда, биз зыярат туризми, экологиялық, ағартыўшылық, этнографиялық, гастрономиялық туризм ҳәм бул тараўдың басқа да тармақларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр. Бул бағдарда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықларын қолланыў тараўды раўажландырыўда кең имканиятлар ашатуғынын есапқа алыўымыз зәрүр.
Самарқанд, Бухара, Ташкент қалаларындағы муқаддес зыярат етиў орынларын ҳәм естеликлерди зыярат етиўден ибарат болған «киши ҳаж» бағдарламасын раўажландырыў ҳәм жеделлестириў зәрүр. Ишки туризм тараўындағы үлкен имканиятларды да толық иске қосыў лазым.
Бас министрдиң орынбасары С.Халмурадов ҳәм Туризмди раўажаландырыў бойынша мәмлекетлик комитеттиң баслығы А.Абдуҳакимов мине усы мәселелерди шешиў бойынша ҳүжжетлерди бир ай мүддетте ислеп шығып, усыныс етсин.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Руқсатыңыз бенен, экономикамыздағы жетекши тармақ аўыл хожалығы тараўындағы ең әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтпекшимен.
Усы жыл 9-декабрьде болып өткен Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланған мәжилисте биз бул ҳаққында толық сөйлесип алдық. Айтылған пикирлерди тәкирарламастан, төмендеги әҳмийетли мәселелерге итибар қаратыў зәрүр, деп есаплайман.
Бизге белгили болғанындай, ҳәзирги күнде елимизде 51 проценттен аслам халық аўыллық жерлерде жасайды. Бирақ, аўыл хожалығы өнимлериниң мәмлекеттиң жалпы ишки өниминдеги үлеси 17 проценттен аспайды. Аграр тараў өнимлерин қайта ислеў көлеми болса 10 процентке де жетпейди. Соның менен бир ўақытта, раўажланған мәмлекетлерде бул көрсеткиш 50 проценттен артықты қурайды. Усы мүнәсибет пенен аўыл хожалығын буннан былай да реформалаў бойынша комплексли бағдарлама ислеп шығыў лазым.
Әсиресе, азық-аўқат қәўипсизлиги машқаласын шешиў, генетикалық модификацияланған өнимлер жетистирмеў бойынша қатаң бақлаў орнатыўға айрықша итибар қаратыў талап етиледи. Соңғы жылларда елимиз базарларында импорт мийўе-овощ өнимлериниң көбейип баратырғаны бизди әлбетте, сергекликке шақырыўы керек. Бундай жағдайдың алдын алыў ушын, бәринен бурын, жоғалып баратырған әййемги сортларды тиклеў, селекция жумысларын ақылға уғрас ҳәм нәтийжели жолға қойыў, тараўға илим жетискенликлерин, инновациялық қолланбаларды кең енгизиўимиз зәрүр.
Бизге белгили, елимиздиң тоқымашылық санааты 1 миллион 400 мың тоннаға шекем пахта талшығын қайта ислеў имканиятына ийе. Бул республикамыздағы таяр өним ислеп шығарыўшылардың талабын толық қаплай алады. Лекин, пахта талшығын қайта ислеў санаатын басқарыўда көп ғана машқалалар бар. Бул болса пахта шийки затын ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеўде рентабельликтиң төменлеўине алып келмекте. Усы мүнәсибет пенен тараўдағы машқалаларды шешиў, жергиликли өндирисшилерди буннан былай да хошаметлеўге байланыслы өз алдына пәрман қабыл етилди. Бүгинги күнге шекем өзимиздиң тоқымашылық кәрханаларымызға пахта шийки затын тек «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийети арқалы сатар едик. Пәрманға муўапық, тоқымашылық кәрханалары пахта шийки затын енди тиккелей дүзилген шәртнама тийкарында тиккелей фермерлерден сатып алыў имканиятына ийе болды.
Наўайы, Бухара ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында пахта-тоқымашылық кластерлерин жаратыў шеңберинде пахта шийки затын базар талаплары тийкарында жетистириў, баҳаны қәлиплестириў ҳәм сатыўды шөлкемлетириў бойынша тәжирийбе басланды. Келешекте бундай унамлы тәжирийбели пүткил елимиз көлеминде енгизиўди бүгин турмыстың өзи талап етпекте.
Шарўашылық тараўына тоқталатуғын болсақ. қарамал ҳәм таўық санын көбейтиў, бул бағдарда сапа ҳәм өнимдарлыққа ерисиў ушын жетерли шараят жаратыўымыз зәрүр. Жақын келешекте ҳәр бир районда қәнигелестирилген мал семиртиў комплекслери, жоқары технологиялы қусшылық фабрикалары, сондай-ақ, ыссыхана хожалықлары шөлкемлестирилиўи лазым.
Биз ҳәзирги ўақытта 1,5-2 миллиард доллар муғдарында мийўе-овощ өнимлерин экспорт етпектемиз. Лекин, бул тараўда жылына 10-15 миллиард долларлық өним экспорт етиў имканияты бар. Өним таярлаў ҳәм экспорт етиўде «Өзагроэкспорт» акционерлик жәмийети, биржалар, агрофирмалар ҳәм көтере саўда компаниялары үлкен роль атқарыўы тийис.
Аўыл хожалығы өнимлерин нәтийжели реализациялаў оғада әҳмийетли мәселе. Усы мақсетте фермер хожалықларында жетистирилген өнимлердиң көлеми ҳәм муғдары ҳаққындағы мағлыўматлардың бирден-бир базасын жаратыў зәрүр.
Қәдирли халық депутатлары!
Усы жерде аймақларды жедел экономикалық раўажландырыў ҳаққында да қысқаша тоқтап өтпекшимен. Бул бағдарда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерин, имканиятларын ҳәм жуўапкершилигин кеңейтиў мақсетке муўапық, деп есаплайман.
Бүгинги күнде елимиздиң 9 районында сырт ел инвестициясының қатнасыўында бир де кәрхана шөлкемлестирилмеген. Тиккелей инвестициялар тийкарынан Ташкент қаласы, Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятлары ҳәм де Ферғана ойпатлығына туўра келмекте.
Аймақларда заманагөй өндирис ҳәм инженерлик-коммуникация тармақлары бойынша жойбарларды мәмлекетлик-социаллық шериклик қатнасықларын күшейтиў арқалы толық әмелге асырыўымыз зәрүр. Бирақ, бул бағдарда жетерли жумыс алып барылмай атырғанын атап өтиў керек. Соның ушын Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықларын енгизиў концепциясын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў керек.
Экономикамыздың толық иске қосылмаған, үлкен потенциалға ийе бағдарларынан бири бул қурылыс тараўы. Келеси жылы қурылыс тараўын реформалаў ҳәм жедел раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири болады.
Биз қурылыс-жумысты бөлип алыў шөлкемлерин ҳәм қурылысшылардың заманагөй әўладын жаратыў үстинде айрықша бас қатырыўымыз зәрүр. Сол мақсетте қурылыс тараўын 2030-жылға шекем инновациялық раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылады. Бул бағдарда сырт еллерден тәжирийбели қәнигелерди тартыў ҳәм жергиликли қәнигелердиң шет еллерде тәжирийбе арттырыўы ушын барлық зәрүр шараятты жаратамыз.
Келеси жылы қала ҳәм аўылларымыздың архитектуралық көринисин буннан былай да жақсылаў бағдарындағы жумысларды избе-из даўам еттиремиз.
Биз бир нәрсени умытпаўымыз керек: ҳәр бир имарат, ол бақша бола ма, емлеўхана бола ма, өзиниң тийкарғы ўазыйпасын орынлаўдан тысқары, көриниси менен адамлардың кейпиятына да тиккелей тәсир етеди. Сол себепли аймақларда қурылысы режелестирилип атырған социаллық объектлерди жойбарластырыўда ески қәлиплерден ўаз кешип, инновациялық көз-қарасларды енгизиў зәрүр.
Халық, әсиресе, жас шаңарақлар, ески жайларда жасап атырған ҳәм басқа категориядағы пуқаралардың талабын есапқа алып, биз арзан ҳәм сапалы турақ жай қурыў бойынша жумысларды избе-из даўам еттиремиз. Сол мақсетте 2018-жылы үлгили ҳәм арзан турақ жайлар қурыў көлемин быйылғы жылға салыстырғанда 1,5 есе көбейтиў бойынша анық режелер ислеп шығылған.
Және бир әҳмийетли мәселе жеке турақ жай мүлк ийелери ширкетлериниң жумысын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў зәрүр. Бул бағдарда жаңадан дүзилген министрлик Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги инта көрсетип ислеўи керек.
Жаңа жылда көп ғана елатлы пунктлерде, ең дәслеп, Қарақалпақстан Республикасында, Хорезм, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында халықты таза ишимлик суўы ҳәм канализация хызметлери менен тәмийнлеў жойбарлары әмелге асырылады. Сол тәризде аймақларда жасап атырған 580 мыңға шамалас халық таза ишимлик суўы менен тәмийнленеди.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
2018-жылы жаңа жоллар қурыў, транспорт-логистика инфраcтруктурасын буннан былай да раўажландырыў, көрсетилип атырған хызметлер сапасын арттырыў бойынша төмендеги жумысларды режелестиргенбиз:
бириншиден, 180 километр узынлықтағы темир жолларды қайта тиклеў ҳәм 200 километрден аслам темир жолларды электрлестириў;
екиншиден, Ташкент – Үргениш – Хийўа тез жүрер поезды ҳәм Ташкент – Самарқанд – Бухара – Үргениш – Хийўа туристлик поездының ҳәрекетин жолға қойыў, Ташкент Қубла вокзалын ҳәм де Хийўа жаңа вокзалын пайдаланыўға тапсырыў;
үшиншиден, Бухара – Мискин ҳәм Қаршы – Китоб темир жол жөнелислерин электрлестириў ҳәм Шахрисабз бенен бирлестиретуғын жаңа темир жол тармағын қурыў;
төртиншиден, Ташкент қаласында Сергели ҳәм Юнусабад метро жөнелислери, пайтахтымыз әтирапындағы үлкен айланба жол бойлап ҳәрекет ететуғын жер үсти метросын қурыў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў;
бесиншиден, сапалы хызмет көрсетиў имканиятын беретуғын заманагөй инфраструктуралар қурыў арқалы автомобиль жоллары ҳәм темир жол жөнелислеринде ири транзит хабларды шөлкемлестириў.
Соңғы жылларда әҳмийетли стратегиялық тармақ – аэрокосмослық технологияларды жасалма жолдас арқалы экономикамыздың жетекши тараўларына ҳәм тармақларына енгизиўге, өкинишке бола, биз жеткиликли итибар бермедик. Заманагөй раўажланыўдың әҳмийетли шәрти ҳәм факторы болған бул тараўды раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы жойбарларды әмелге асырыўға сырт ел инвесторларын тарта отырып, миллий космослық инфраструктураларымызды жаратыўымыз керек. Бул бағдарға байланыслы болған илимий-изертлеў институтларын жетилистириў ҳәм олардың потенциалын беккемлеў зәрүр.
Биз аэрокосмослық жумыс бойынша өз алдына мәмлекетлик уйым шөлкемлестирип, бул тараўды раўажландырыўға байланыслы ўазыйпаларды комплексли түрде шешиўимиз керек.
IV. Социаллық тараўды раўажландырыў бойынша тийкарғы бағдарлар
Ҳүрметли парламент ағзалары?
Ҳүрметли ўәлаятлық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары!
Биз алдынғы шет ел тәжирийбеси тийкарында халықтың мүнәсип турмыс дәрежеси ушын зәрүр болған дәраматларды анықлаў бойынша «тутыныў себетшеси» түсинигин нызамшылықта беккемлеў ҳәм оны әмелде тәмийинлеў механизмлерин жаратыўымыз лазым.
Ҳәзирги ўақытта халықтың реал дәраматларын, мийнет ҳақыны, стипендия, пенсия ҳәм социаллық напақаларды басқышпа-басқыш көбейтиў бойынша да әмелий илажлар көриледи.
Инсан саламатлығын қорғаў бойынша кейинги ўақытта алып барылып атырған жумысларымызға қарамастан, тилекке қарсы, орынларда көплеген машқалалар елеге шекем сақланып қалмақта. Әне усыларды есапқа алып, аймақлардың халқы ушын қолайлы болған, сапалы ҳәм заманагөй медициналық жәрдем көрсетиў, кеселликлерди ерте анықлаў бойынша баслаған жумысларымызды избе-из даўам еттиремиз. Бул бойынша аралықтан турып профилактика етиўди тәмийинлейтуғын «Ақыллы медицина» ҳәм «Бирден-бир медициналық мәлимлеме орайы» концепцияларын өзимиздиң шараятымызға сәйкеслендирип енгизиўимиз керек.
Соның менен бирге, жеке меншик медицинаны жедел раўажландырыў ушын шет елли инвесторларды тартыў ҳәм шет елли қәнигелердиң елимизде турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеўге қаратылған жумысларды және де күшейтемиз.
Ҳеш кимге сыр емес, халықты дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў адамларды қыйнап атырған әҳмийетли машқалалардан бири болып табылады. Бул мәселени шешиў мақсетинде жақын ўақыт ишинде халықты арзан ҳәм сапалы дәри қураллары менен тәмийинлейтуғын 2 мың жәмийетлик дәрихана қурылып, иске түсириледи.
Ана ҳәм бала саламатлығын сақлаўда әҳмийетли фактор болған скрининг орайларының жумысын түп-тийкарынан қайта көрип шығыўды бүгин турмыстың өзи талап етпекте. 2018-жылы 46 районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспеси тийкарында районлараралық перинатал орайлар шөлкемлестириледи. Олар заманагөй медицина үскенелери, жоқары маманлықтағы кадрлар менен тәмийинленеди. Медицина илиминиң жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланған ҳалда, аўыллық шыпакерлик пунктлеринде кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша заманагөй диагностика лабораторияларын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Халықты телекоммуникация хызметлери менен толық қамтып алыў мақсетинде алыс районларда 2 мың километр оптикалық талшықлы байланыс системаларын қурыў, Интернет өткериўшеңлигин 2,5 есеге арттырыў ҳәм 4 мыңнан аслам таяныш мобиль байланыс станциясын иске түсириў нәзерде тутылмақта. Бул илажлардың нәтийжесинде 600 ден аслам елатлы пункт Интернет ҳәм мобиль байланыс пенен тәмийинленеди.
Халықтың мәдений дем алыўына ҳәм бос ўақтын мазмунлы өткериўине қаратылған илажлар ислеп шығылады ҳәм әмелге асырылады.
Мәдений мийрас объектлерин исенимли қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў системасын жетилистириў мақсетинде Археологиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм археологиялық табылмаларды сақлаў бағдарламасын да қабыл етиў лазым.
Соның менен бирге, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларында шын жүректен хызмет етип атырған жерлеслеримизди материаллық ҳәм моральлық жақатан қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, олардың турақ жай, социаллық ҳәм медициналық шараятларын жақсылаў, гонорарлардың муғдарын арттырыў, жас талант ийелериниң потенциалын жүзеге шығарыў бойынша қабыл етилген барлық қарарларымыздың орынланыўы әлбетте тәмийинленеди.
Неге дегенде, ҳақыйқый илимпазлық, ҳақықый дөретиўшилик – бул ийне менен қудық қазғандай машақатлы ис. Буны билген адам биледи, билмеген билип алыўы зәрүр.
Физикалық тәрбия ҳәм спорт тараўының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша келеси жылы кең көлемдеги жумыслар нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, Нөкис қаласында Олимпияда ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген жоқары спорт шеберлик мектеби, Үргениште «Ёшлик» спорт комплекси, Ташкент, Әндижан, Самарқанд, Бухара қалаларында универсал спорт комплекслери, Қаршы қаласында спорт-саўалландырыў комплекси, көп тармақлы жабық жүзиў бассейни қурылады.
Әзиз дослар!
Биз жас әўладты ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў бағдарындағы жумысларымызды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамды жаңа редакцияда қабыл еттик. Сол тийкарда жаңа көз-қараслар турмысқа жедел енгизилмекте.
Жаслар ҳаққында гәп болғанда, мен бәрқулла бир нәрсени ойлайман. Мине, бүгинги күнде қаншадан-қанша жасларымыз шет еллерде билим алмақта, мийнет етпекте. Әлбетте, олардың арасында өз жолын таўып, жат журтта ҳеш кимнен кем болмай жасап атырғанлары да көп. Бирақ Ўатан сағынышы ҳәр қандай адамды да қыйнайды. Соның ушын олар менен турақлы байланыс орнатыў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, елимизге қайтыў тилегинде болғанларды қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларды күшейтиўимиз зәрүр.
Сол мақсетте Өзбекистан жаслары халықаралық ассоциациясын дүзиў ҳәм оның нәтийжели жумыс ислеўи ушын тийисли шараят жаратып бериўимиз керек. Жасларымыз шет елдеги қатарлары менен илим, мәденият, исбилерменлик, спорт ҳәм басқа да тараўларда белсене қатнасыўы мақсетке муўапық. Бул олардың өз потенциалын дүнья жүзинде көрсетиўи ушын үлкен имканият жаратады. Соның ушын келеси жыл Самарқанд қаласында Орайлық Азия жаслар форумын өткериў нәзерде тутылмақта.
Быйыл алып барған реформаларымыздың ең әҳмийетли нәтийжелеринен бири – елимизде балалар мийнетине ҳәм мәжбүрий мийнетке пүткиллей шек қойылғаны болды. Бундай унамлы өзгерислер Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм басқа да структуралар тәрепинен тән алынғаны итибарға ылайық, әлбетте.
Биз буннан кейин де инглис тили ҳәм басқа да шет тиллерди терең оқытыў мәселесине үлкен әҳмийет қаратамыз. Соның менен бирге, биз ушын зәрүр болған қәнигеликлер бойынша билим алыў ҳәм кадрлардың маманлығын арттырыў жумысларын кең көлемде жолға қоямыз.
Бул туўралы сөз болғанда, биз уллы бабаларымыздың мүнәсип даўамшылары болатуғын жетик инсанларды тәрбиялаў мақсетинде, тилекке қарсы, жетерли итибар бермегенимизди айтыўымыз керек. Өйткени, интеллектуаллық ҳәм мәдений потенциалдың қандай бийбаҳа байлық екенин, бийтәкирар талант ийелерин тәрбиялап камалға келтириў шешиўши әҳмийетке ийе екенин умытыўға ҳақымыз жоқ. Раўажланған еллер бүгинги жоқары раўажланыў дәрежесине әне, соның есабынан жеткени – бул да ҳақыйқат.
Тилекке қарсы, елимизде үлкен илимий потенциалға ийе болған айырым илимпазлар, талантлы жаслар арасында шет еллерге кетип қалыў жағдайлары да жоқ емес. Қаншадан-қанша өзбек жигитлери, өзбек қызлары бүгин шет еллердеги айырым компаниялар менен банклерде, абыройлы университетлерде, халықаралық шөлкемлерде үлкен-үлкен лаўазымларда мийнет етпекте. Мен жеке өзим шет еллерге сапарларым ўақтында онлаған, әне, усындай жерлеслеримиз бенен ушырасып, сәўбетлестим.
Шет еллердеги жерлеслеримизге консуллық хызметлер ҳәм басқа да хызметлер көрсетиў, олардың елимизге биймәлел келип-кетиўи, елимизди раўажландырыўға қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта. Биз бул жумысларды келешекте және кеңейтемиз.
Усы мүнәсибет пенен шет еллерде жасап атырған ҳәм ислеп атырған жерлеслеримиз бенен өз-ара бирге ислесиў тараўында мәмлекетлик сиясаттың концепциясын ислеп шығыўды усыныс етемен.
V. Қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў және сыртқы сиясат тараўындағы әҳмийетли бағдарлар
Ҳүрметли депутатлар ҳәм сенаторлар!
Бәршемизге белгили, дүньяда кескин экономикалық бәсеки, мәлимлеме қәўиплери, терроршылық қәўиплер барған сайын күшеймекте. Дүньяның түрли жерлеринде, әсиресе, Жақын Шығыс регионында қанлы соқлығысыўлар ҳәм келиспеўшиликлер даўам етпекте. Тилекке қарсы, бундай тынышсыз кескинлик ошақлары азайыўдың орнына көбейип бармақта.
Әне, усындай қәўипли жағдайды есапқа алған ҳалда, биз елимизде тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў, түрли қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша жумысымызды ҳәр тәреплеме күшейтиўимиз шәрт. Бул – заман талабы.
Бәринен бурын, бул бағдарда қәлиплескен системаның нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўымыз, әсиресе, диний мәселелер менен тиккелей шуғылланатуғын ҳәким орынбасарларының, жуўапкер шөлкемлердиң жуўапкершилигин буннан былай да күшейтиўимиз зәрүр. Атап айтқанда, мәҳәлле баслықлары, профилактика инспекторлары, имам-кәтиблер, диний-әдеп-икрамлылық мәселелери бойынша мәсләҳәтшилер, жаслар, ҳаял-қызлар шөлкемлериниң белсендилери – бәрше-бәршемиз биргеликте жумыс алып барыўымыз керек.
Жумысты, әне, усындай етип шөлкемлестирсек, ҳәр биримиз бул мәселеде бийпәрўа болмастан, өз баламызды, өз үйимизди, өз мәҳәллемизди өзимиз сақлайтуғын болсақ, мен бундай бәле-қәделер турмысымыздан, әлбетте, жырақ болатуғынына исенемен.
Биз диний экстремизм идеяларының тәсирине адасып түсип қалған пуқараларды социаллық реабилитациялаў, оларды саламат турмысқа қайтарыў бойынша жумысларды буннан былай да жетилистиремиз.
Мәлимлеме ресурслары арқалы тарқатылып атырған бузғыншы идеялардың алдын алыў мақсетинде ҳуқық қорғаў уйымларының қурамында өз алдына бөлимшелер шөлкемлестириў лазым.
Жәмийетимизде диний конфессиялар арасында аўызбиршиликти ҳәм пуқаралардың татыўлығын беккемлеўди биз буннан кейин де ең әҳмийетли ҳәм ийгиликли ўазыйпмыз деп билемиз. Сол мақсетте елимиздеги диний шөлкемлердиң жумысын жетилистириў бойынша зәрүр илажлар көриледи.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Усы жерде және бир әҳмийетли мәселе – елимиздиң қорғаныў системасының шөлкемлестириўшилик структурасы, оның әскерий-жаўынгерлик жағдайы, әскерлер менен офицерлердиң моральлық ҳәм психологиялық таярлық дәрежеси бүгинги жедел өзгерип атырған дәўир талапларынан артта қалып атырғанын атап өтиў зәрүр.
Өткен қысқа дәўирде миллий армиямызды реформалаў бойынша анық илажлар қабыл етилип, Қураллы Күшлеримиздиң көринисин түп-тийкарынан өзгертиў процеси басланды.
Әскерий тараўдағы реформаларымыздың нәтийжесин арттырыў мақсетинде жаңадан қабыл етилген Қорғаныў доктринасы әҳмийетли рол атқарады. Бул доктрина Өзбекистанның сыртқы сиясатының ашық-айдынлық принципин, жақын қоңсылар менен досларша ҳәм әмелий қатнасықларды раўажландырыўды сәўлелендиреди. Онда мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин беккемлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында анық белгилеп қойылған.
Елимиз геостратегиялық орналасыўының өзине тәнлиги, сондай-ақ, регионда жүзеге келип атырған әскерий-сиясий жағдайды есапқа алған ҳалда, Қураллы Күшлер бирлеспелериниң ўазыйпалары менен структуралары қайта көрип шығылды. Миллий гвардия жаратылды, армияны жаңа қурал-жарақ ҳәм заманагөй әскерий техника менен тәмийинлеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Қорғаныў өнери бойынша мәмлекетлик комитет дүзилди. Әскерий кадрлар таярлаў тараўында алып баралып атырған системалы өзгерислер тийкарында Қураллы Күшлер академиясының жумысы түп-тийкарынан қайта шөлкемлестирилди.
Әскерий хызметкерлерди, олардың шаңарақларын ҳәм ветеранларды социаллық қорғаў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта. Бул туўралы сөз еткенде, 2017-жылы әскерий хызметкерлер ушын 56 көп қабатлы жай салынғанын ҳәм бул жумыслар келеси жыл және де үлкен көлемде даўам еттирилетуғынын атап өтиў лазым.
Соның менен бирге, қорғаныў тараўында алдымызда жаңа ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар турғанын бәршемиз жақсы түсинемиз. Бәринен бурын, Миллий қәўипсизлик концепциясының және Қорғаныў доктринасының нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша еле көп жумыс ислеўимиз керек.
Мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин буннан былай да беккемлеў, армиямыздың жаўынгерлик қүдиретин ҳәм потенициалын арттырыў да ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болып табылады. Қураллы Күшлерди заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар менен тәмийинлеў ушын Қорғаныў-санаат комплексин раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасын қабыл етиўимиз зәрүр.
Елимизде қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық, биз сыртқы сиясат тараўында барлық узақ ҳәм жақын мәмлекетлер, бәринен бурын, қоңсылас еллер, халықаралық шөлкемлер менен досларша ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў сиясатын избе-из даўам еттиремиз.
Биз Өзбекистан Республикасының шет еллер, халықаралық шөлкемлер ҳәм халықаралық қаржы инстиутлары менен сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитралық тараўларда дүзилген шәртнамалар менен келисимлерди өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынлаў бойынша барлық зәрүр илажларды көремиз.
Пурсаттан пайдаланып, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлап, бизге тилеклес болып киятырған халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине, шет еллердиң ҳүрметли елшилерине шын жүректен миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.
Ҳүрметли дослар!
Бүгин сизлердиң итибарыңызға усынылған бул Мүрәжатымда айтылған режелер менен жойбарлар елимиздиң раўажланыўын, халқымыздың абаданлығын жаңа, еле де жоқары басқышқа көтериўге хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Ҳәзирги ўақытта бәршемиз жақсы түсинемиз, бул әҳмийетли бағдарларды толық ҳәм нәтийжели әмелге асырыў ушын тийисли ҳуқықый тийкарлар менен механизмлерди жаратыў зәрүр.
Усы мүнәсибет пенен Бас министр А.Ариповқа, Мәмлекетлик кеңесгөйлер У.Исмоилов, О.Муродовқа, Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Маҳмудовқа барлық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар және қалалардың ҳәкимлери менен биргеликте, усы Мүрәжатымнан келип шығатуғын тийкарғы ўазыйпалрды сөзсиз әмелге асырыўға байланыслы комплексли илажларды 2018-жыл 10-январьға шекем ислеп шығыўды ҳәм тастыйықлаўды тәмийинлеў ўазыйпасы тапсырылады.
Әзиз ҳәм қәдирдан ўатанласлар!
Мүрәжатымда айтылған мақсет-ўазыйпаларды әмелге асырыўда шешиўши басқыш болатуғын 2018-жыл биз ушын аңсат болмайды. Буны ашық айтыў керек. Бирақ, халқымыздың сөзи менен айтқанда, суў келсе симирип, тас келсе кемирип болса да, таңлаған жолымыздан қайтпаўымыз шәрт. Себеби, бул өмирде ҳеш нәрсе өз-өзинен болмайды. Өзимиз ҳәрекет етпесек, ҳеш ким бизге бийғәрез жәрдем бермейди.
Бәршемиз бир ҳақыйқатты терең түсинип, аңлап алыўымыз керек: бүгин сөз халқымыздың, Ўатанымыздың тәғдири ҳәм келешеги, жаннан әзиз балаларымыздың ығбалы-бахты ҳәм камалы ҳаққында бармақта. Усындай уллы мақсетлер жолында бәршемиз белимизди беккем буўып ислеўимиз, бар ақыл-ойымыз, билим-тәжирийбемизди, әзиз Ўатанымызға перзентлик мийримимиз бенен садықлығымызды жумсаўымыз керек.
Өзимиздиң үйимизге қыянет етпесек, өзимиз өзимизди алдамасақ, ҳадал-пәк болып мийнет етсек, гөзлеген барлық шеклеримизге, әлбетте, ерисетуғынымызға беккем исенемен. Бул бағдарда мен бәринен бурын көп сынақлардан жарқын жүз бенен өткен уллы халқымыздың беккем сабырына ҳәм дөретиўшилик потенциалына исенемен.
Ийгиликли мақсетлеримизге ерисиў жолында бәршеңизге күш ғайрат, саў-саламатлық, шаңарағыңызда бахыт ҳәм абаданлық тилеймен.
Сизлерге үлкен рақмет, аман-есен болыңлар!