Нөкис қаласындағы «Жийдели байсын» ҳәм «Әмиўдәрья» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында  жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Г.Аннақличева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында нәзерде тутылған мәмлекетимизди раўажландырыўдың стратегиялық бағдарлары ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында кең түрде түсиник берилди.

«Жийдели байсын» ҳәм «Әмиўдәрья» МПЖда  жасаўшы пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, оларға зәрүр мәсләҳәтлер, ҳуқықый түсиниклер берилди.

Олардың машқалалары тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте  үйренилип, әмелий илажлар алып барылатуғынлығы атап өтилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға сенатордан жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги