21-23-январьда республикамыз аймағына батыс Қазақстан арқалы Россия (Москва ўәлаяты)ның Европадағы бөлегиниң орайлық аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар бермекте.

21-январьда Қарақалпақстан Республикасында айрым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы күтиледи.

 

22-январьда Қарақалпақстанда жаўын-шашын күтилмейди.

 

21-22-январьда самалдың тезлиги 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте, айрым жерлерде 25-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

 

22-23-январьда Қарақалпақстанда ҳаўаның температурасы түнде 12-15 градус суўық, күндиз 5-8 градус суўыққа түседи.

 

22-23-январьда түнги ҳәм күндизги орташа ҳаўаның температурасы нормадан 8-10 градусқа төмен болады.

 

Жолларда музғалақ болыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.