ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен мәмлекетимиз басшысының парламентке жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисин кең түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде жоқары оқыў орынларының лекторлары, белсенди жаслары, депутатлар ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыў қатнасыўшыларына Мүрәжатта белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар бойынша ҳәр тәреплеме түсиниклер берилип, оның мазмун-мәнисин партияның барлық район (қала)лық Кеңеслеринде, депутатлар болса, өз сайлаўшылары менен партия электораты арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги