Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан либерал-демократиялық партиясынан Беруний районлық Кеӊесиниӊ депутаты Илҳамжан Атабаевға өзи сайланған аймақ Мақтумқулы аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралардан мүрәжат келип түсти.

Ҳәр бир сиясий партияныӊ бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда, электораттыӊ мәплерин қорғаўда жергиликли Кеӊеслердеги депутатлардыӊ жумысы айрықша әҳмийетке ийе. Себеби олар сайлаўшылары менен турақлы байланыста болып, аймақлардағы жағдай, жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерден  жақсы хабардар болады. Дерлик ҳәр күни халық ўәкиллери менен ушырасып, олар менен пикирлесип турады.

Мүрәжатта аўыл турғынларыныӊ қыйтақ жерлерин суўғарыў машқала болып, жап-салмаларды қазып бериў бойынша әмелий жәрдем сораған. Депутаттыӊ жәрдеми менен “Ийшан жап” каналында 1 километр узынлықта салма қаздырып берилди. Нәтийжеде аймақтағы 200 ге шамалас шаӊарақтыӊ қыйтақ жери, онлаған дийқан хожалығы ҳәм еки фермер хожалығыныӊ жерлерине суў жеткерип бериў жумыслары әмелге асырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги