Жиззақ қаласында қылышласыў бойынша 23 жасқа шекемги  спортшылар арасында өткерилетуғын Өзбекстан чемпионатының сабля бойынша командалық жарысларында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын  ийелери анықланды.

Жарыстың қызлар арасындағы командалық жарысында Жиззақ командасы финалда Қарақалпақстан -1 командасын жеңип жарыс жеңимпазына айланды. Ярым финал жарысында жеңилиске ушыраған Ташкент-Миллий клуб ҳәм Қарақалпақстан-2 командалары  болса минбердиң үшинши текшесинен орын алды.

Ер баллар арасында Қарақалпақстан-1 ҳәм 2 командалары алтын ҳәм  гүмис медальларын қолға киргизген болса, Ташкент ўәлаяты гүмис, Ташкент-1 командасы бронза медалы менен сыйлықланды.

 

                                                                                           ӨзА