Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ҳәр айда турақлы түрде өткерилетуғын «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы дослық фестивалы мәмлекетимиздеги бир жүз отыздан аслам миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей татыўлықта, аўызбиршиликте жасап, түрли тараўларда нәтийжели мийнет етип атырғанын айқын сәўлелендирди.

Дослық фестивалында республикамыздағы миллий-мәдений орайлар, белгили өнерментлер, сондай-ақ, институтта оқып, билим алып атырған түрли миллет ўәкиллери, шебер студентлер тәрепинен исленген миллий кийимлер, қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелери шөлкемлестирилди.

Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Тәжибай Романов, институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қувондиқ Қодиров, «Нураный» қоры Нөкис қалалық кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, соның менен бирге, республикамызда жумыс алып барып атырған миллий-мәдений орайлардың ўәкиллери шығып сөйлеп, елимизде барлық миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылғанлығы, мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр қыйлы миллетлер арасында өз-ара мийрим-шәпәәтти буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири – жәмийетте миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, дослық орталығын және көп миллетли үлкен шаңарақ идеясын беккемлеў, жасларды ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет пенен қараў руўхында тәрбиялаўға бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 18 мыңға шамалас студентлер билим алып атырған болса, қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс, қырғыз, әзербайжан, башқурт, уйғыр ҳәм татар сыяқлы улыўма 11 миллетке тийисли студентлер бир шаңарақтың перзентлериндей, аўызбиршиликте оқып атыр. Олар тек ғана институтта емес, соның менен бирге, республикамыз көлеминде өткерилип киятырған улыўма халықлық илажларда да татыўлық пенен биргеликте қатнасып, үлкен нәтийжелерди қолға киргизип келмекте.

Фестиваль шеңберинде институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлериниң атқарыўындағы түрли миллет ўәкиллериниң қосықлары, аяқ-ойынларынан ибарат концерт бағдарламасы жыйналғанлар дыққатына усынылды.

Илаж соңында дослық фестивалына келген мийманлар дәстүрге айланған бул илаждың әҳмийетин атап өтип, жоқары шөлкемлескенлик пенен миллетлер арасындағы аўызбиршилик ҳәм дослық кейпиятын жарата алған институт жәмәәтине миннетдаршылық билдирди.

Дослық фестивалы шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

И.Матековтың түсирген сүўретлери