Пайтахтымызда Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетиниӊ баслығы Иқболжон Эргашев ҳәм Вьетнам Пиллешилик ассоциациясы қурамындағы “ҲА БАО СИЛК” компаниясы, “МИНҲСАНГ” компаниясы ҳәм “ТРУОНГ ТҲАИ ТЕА” компанияларныӊ басшыларынан ибарат делегация ағзалары арасында ушырасыў болып өтти.

 Бул ушырасыўда еки тәреп ушын пайдалы болған меморандумға қол қойылды.

Меморандумда Өзбектандағы пиллешилик кәрханаларында ислеп шығарылып атырған шийки пиллениӊ сапасын жақсылаў бойынша қәнигелерди тартыў, пиллешилик кластерлери менен биргеликте жипекти есиў ҳәм материал ислеп шығарыў бойынша кәрханаларды шөлкемлестириў, шөлкемлестирилген биргеликтеги кәрханаларды маман қәнигелер менен тәмийинлеў, ислеп шығарылған материал ҳәм жипек өнимлериниӊ экспортын тәмийинлеў мәселелери орын алды.

Сондай-ақ, пилле жетистириўде Выетнам тәжирийбесин енгизиў, өрмелеўши тут атызларын шөлкемлестириў, маман қәнигелерди тартқан ҳалда сапалы жипек алыўға ерисиў бул бирге ислесиўдиӊ тийкары есапланады. Ушырасыўда усы тәреплерге итибар қаратылды.

Ушырасыўдан соӊ вьетнамлы мийманлар “Өзбекпиллесанаат” ассоциациясыныӊ жипек өнимлери шоурумы менен таныстырылды.

Гулноза Бобоева,

ӨзА